Қараөзек районындағы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны быйылғы жылы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген болып, бүгинги күни  аймақта усы бағдарлама тийкарында қурылыс-оӊлаў жумыслары қызғын алып барылмақта.

-Быйылғы жылы бағдарлама тийкарында 7,5 км аралықтағы ишки жолларды оӊлаў, 2,5 км электр линиялары ҳәм 1 трансформаторды жаӊасына алмастырыў, 4,5 км газ тармақларын қурыў, 5 дана газ бөлистириў пунктин оӊлаў, 3,8 км узынлықтағы ишимлик суў қубырларын қайта оӊлаў, 1,5 км пиядалар жолларын салыў, 40 дана түнги жақтыландырыў үскенелерин қурыў, аўыл пуқаралар жыйыныныӊ кеӊсе имаратын жаӊадан қурыў жобаластырылған болса, соныӊ бүгинги күнге шекем 3,8 км ишки жоллары оӊланып, 2,3 км аралықтағы электр линиялары жаӊадан тартылды,-дейди жыйын баслығы Қыяс Қулмуратов.-Сондай-ақ, 2020-жылы пандемия себепли, аймақта ислениўи тийис қурылыс-оӊлаў жумыслары исленбей қалған еди. Соныӊ есабынан быйылғы жылы 3 трансформатор жаӊадан қурылып, 6,4 км электр линиялары бетон бағаналар арқалы тартып берилди.

Алдағы ўақытлары усындай оӊлаў жумыслары әмелге асырылса, аўылымыз халқыныӊ жасаў жағдайы жақсыланып, турмысы абаданласады деп ойлаймыз.

Шынында да,  ҳәзирги күнлери бул аймақта аўыр турмыс шараятында жасаўшы халықтыӊ турмысын жақсылаў, оларға барлық қолайлылықларды жаратып бериў бойынша кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул болса аўыл халқын шексиз қуўанышқа бөлеп, олардыӊ ертеӊги күнге деген исенимин арттырмақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги