Нөкис қаласындағы Президент мектебинде “Беккем шаңарақ-жәмийет көрки” темасында ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан халық шайыры Хумаюн Акбаров, Өзбекстан халық артисти Толиб Муминов ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты. Дәслеп мийманлар Президент мектебинде оқыўшыларға жаратылған ишки имканиятлар менен танысты.
Кешени Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Өмирбай Қосымбетов басқарып барды. Оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды ҳәм илаж соңында қарақалпақ эстрада жулдызларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги