Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов бүгин, 24-май күни Қарақалпақстан Республикасына келди.
Беруний районы ҳәкимлиги мәжилислер залында райондағы мектеплердиң питкериўши оқыўшылары ҳәм педагог-хызметкерлери менен өткерилген ашық сәўбетлесиўде соңғы жылларда жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелилиги ҳаққында сөз болды.
Министр А.Тошқулов 2016-жылы Өзбекстанда жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў көрсеткишлери 9% ти қурағанлығы, соңғы жылларда әмелге асырылған түпкиликли реформалар нәтийжесинде бул көрсеткиш 25% ке жеткенлиги ҳәм 2030-жылға шекем 50% ке жеткериў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға тоқталды. Әсиресе, бул бағдарда елимизде жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынларының санын және оларда билимлендириў сапасын арттырыўға айрықша әҳмийет қаратылып, соңғы жылларда олардың саны 77 ден 137 ге, соның ишинде, сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары филиалларының саны 25 ке жеткенлигин атап өтти.
Ушырасыўда питкериўши оқыўшылар жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларындағы жаңалықлар, миллий сертификатлардың енгизилиўиниң әҳмийети, сырт еллердеги жоқары оқыў орынларынан оқыўын көшириў мәселелери ҳаққындағы сораўларына министр ҳәм жоқары оқыў орынлары басшыларынан жуўаплар алды. Сондай-ақ, педагог-хызметкерлер де сөзге шығып, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўындағы машқалалар ҳәм олардың шешимлери бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Өткерилген ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов қатнасты.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.