Усы жылы 5-май күни Өзбекстан «Адолат» социал–демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң V пленумы болып өтти.
Видеоконференбайланыс тәризинде өткерилген илаждың күн тәртибинде партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 2020-жылдағы әмелге асырған жумысы ҳәм 2021-жылғы ўазыйпалары, партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракция тәрепинен алып барылған жумыслар ҳәм быйылғы жылдағы ўазыйпалары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов, партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясы баслығы Д.Қурбаниязовлар баянат жасады.
Баянатшылардың атап өткениндей, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери, депутатлық корпуслары коронавирус пандемиясы дәўиринде өзлериниң пидайылығын көрсетип, халқымыз бенен бирге қыйыншылықлардан шығысыўдың барлық илажларын көрди. Усындай сынаўлы күнлерде жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға, майыплығы болған ҳәм жалғыз баслы пуқараларға турақлы түрде қайырқомлық жәрдеми көрсетилип турылды. Атап айтқанда, партиядан сайланған депутатлар 800 ден зыят шаңарақты өзлериниң қәўендерлигине алды.
Өткен жылы партия электораты ҳәм халықтың арасында пикирлесиўлер алып барыў, машқалаларды орнында шешиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыўға қаратылған «Жол картасы» тийкарында жумыс алып барылды. Идеологиялық ҳәм дәстүрий ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған 10 нан зыят жойбар турмысқа нәтийжели енгизилди. Атап айтқанда, халықтың сиясий-ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыўға қаратылған «сиясий-ҳуқықый билимлерди беккемлеў-демократиялық жәмийет тийкары» атамасындағы жойбар шеңберинде ҳәр ҳәптениң шийшемби күни қала ҳәм районлардағы пуқаралар жыйынларында сиясий оқыўлар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, «Машқала менен жүзбе-жүз» жойбары тийкарында республикамыз бойынша 323 пуқаралар жыйыны аймағындағы 3945 шаңарақ ҳәм 326 хожалық жүргизиўши субъект үйренилди. Ушырасыўлар даўамында пуқаралар тәрепинен 511 мүрәжат келип түскен болса, соның 130 ине жуўапкер шөлкемге депутатлық сораў жиберилди. Нәтийжеде 289 мәселе унамлы шешимин тапты, 100 ге шамалас мүрәжат тийисли жуўапкер уйымларды тартқан ҳалда унамлы шешимин тапты, 138 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди. «Билимлендириўдиң сапасы партия нәзеринде» жойбары көлеминде улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшылардың сабақлықлар менен тәмийинлениўи, сабақлықлардағы қәте-кемшиликлер, логикалық байланыслардың жағдайы жәмийетлик қадағалаўда үйренилип, аналитикалық мағлыўмат ҳәм усныслар таярланды.
«Тазалық жолында бирлесейик» жойбары көлеминде «Ең таза пуқаралар жыйыны», «Ең таза көше» ҳәм «Ең таза шаңарақ» номинациялары бойынша жеңимпазлар сыйлықланды. Республикалық қан қуйыў станциясында партияның «Бар меҳримиз саған балажан» бийғәрез донорлық акциясы өткерилди. Партияның республикалық Кеңесиниң басламасы менен пуқаралар жыйынларында 8, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен 34 мәрте халықты медициналық тексериўден өткериў илажы шөлкемлестирилди. «Бир айда бир жумыс орны» жойбары шеңберинде улыўма 72, соннан 40 ҳаял-қыз, 32 жас жумысқа орналастырылды.
Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 6 депутаттан ибарат партия фракциясының ағзалары партия Кеңеси ҳәм сайлаўшылар менен тығыз байланыста жумыс алып барды. Талқылаўлар соны көрсетеди, фракция ағзалары партияның сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда сайлаўшылардың исенимине ийе болыў менен бирге, электорат мәплерин қорғаў ҳәм халықтың кең қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға избе-из ҳәрекет етпекте.
2020-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракция ағзалары тәрепинен сайлаўшылар менен 12 мәрте ушырасыў шөлкемлестирилип, сайлаўшылардың мүрәжатлары тийкарында ҳәкимликлер ҳәм бир қатар кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына 24 депутатлық сораў жиберилип, унамлы шешимин тапты. Ең тийкарғысы фракция ағзалары тәрепинен жазылып атырған ҳәр бир депутатлық сораўы артында инсан мәпи ҳәм оны нызамлы қорғаў тийкарғы мәселе есапланады. Мәселен, фракция ағзасы Орынгүл Аллабергенованың депутатлық сораўлары тийкарында Төрткүл районындағы «Тазабағжап» ҳәм «Ата журт» аўыл пуқаралар жыйынларында жаңадан трансформатор орнатылып берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракция ўәкиллери тәрепинен қала ҳәм районларда социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы, нызамлар ҳәм Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар турақлы түрде үйренилип, депутатлық қадағалаўға алынды. Өткен жыл даўамында фракция ағзалары тәрепинен Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртибине бир, комитетлердиң мәжилисине үш мәселе киргизилип, қарарлар қабыл етилиўине ерисилди.
Фракция быйылғы жылғы ис-режесинде жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигине көмеклесиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында реформалардың нәтийжелилигин арттырыўда белсене қатнасыў, электорат ҳәм сайлаўшылардың исенимине ерисиў бойынша бир қатар бағдарлар бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Пленумда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери