Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде пенсионерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў, үлкен ҳәм кексе жастағыларға ҳәр тәреплеме ғамқорлық етиў, пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын жетилистириў ҳәм тараўдағы машқалаларды сапластырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде мәмлекетлик пенсияларды тайынлаўда 30 түрдеги ҳүжжет талап етиледи ҳәм оларды усыныўға жуўапкер 14 тен аслам министрликлер ҳәм шөлкемлерде уйымлық мәлимлеме системалары, электрон ресурс ҳәм мағлыўматлар базалары жоқ екенлиги қағаз тәризинде жумыс алып барыўдан ўаз кешиў және ҳүжжетлерди жыйнаў процесин санластырыўға тосқынлық етип келмекте.

Мәмлекетлик пенсияларды есаплаў ушын зәрүр мағлыўматлар электрон базасын қәлиплестириў, бул процессти әпиўайыластырыў, пуқаралардың сергизданлықларын сапластырыў, пенсия ҳәм напақаларды жеткерип бериў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, усы бағдарда саламат бәсеки орталығын ҳәм заманагөй стандартларды енгизиў мақсетинде:

  1. Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) 2022-жыл 1-январьдан баслап:

Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры (кейинги орынларда – Пенсия қоры) тәрепинен қаржыландырылатуғын пенсиялар, социаллық напақалар, компенсациялар ҳәм басқа да төлемлер (кейинги орынларда – пенсия ҳәм напақалар)ди төлеў ҳәр үш жылда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша өз алдына өткерилетуғын тендер тийкарында сайланған коммерциялық банк ҳәм басқа да қәнигелескен шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады. Онда тендер тийкарында сайланған коммерциялық банк ямаса басқа да қәнигелескен шөлкем менен дүзилген шәртнамаға муўапық пенсия ҳәм напақаларды нақ пулда мәкан пуқаралар жыйынларына, пуқаралардың жасаў мәнзиллерине жеткерип бериў миннетлемеси жүкленеди;

таңлаўда қатнасатуғын коммерциялық банклер ҳәм басқа да қәнигелескен шөлкемлер тәрепинен пенсия менен напақаларды мәкан пуқаралар жыйынының имараты ямаса пуқараның жасаў мәнзилине жеткерип бериў шәртлеринен келип шығып, хызмет ҳақы дифференциалласқан тәртипте пенсия ҳәм напақалар төленетуғын (жеткерип берилген) сумманың 1 процентке шекемги муғдарда болыўы мүмкин. Онда пенсия ҳәм напақаларды жеткерип бериўге байланыслы қәрежетлер Пенсия қоры ҳәм республикалық бюджет тәрепинен төлеп бериледи;

б) 2022-жыл 1-июльден баслап:

мәмлекетлик пенсияларды тайынлаўда пуқаралардан мийнет стажы, мийнет ҳақы, жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў ҳәм әскерий хызмет дәўири ҳаққындағы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи. Онда, пенсияға шығыў ҳуқықы пайда болған ўақтында жумыс ислемейтуғын пуқараларға өзлериниң мийнет дәптершелериндеги мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматларды Бәнтликке көмеклесиў орайларына мүрәжат етиў арқалы «Бирден-бир мийнет миллий системасы» уйымлараралық дәстүрий-аппарат комплекси (кейинги орынларда – БММС УДАК)не кириў хызмети енгизиледи;

мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў БММС УДАКге киргизилген электрон мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады. Онда мийнет стажы, мийнет ҳақы, жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў ҳәм әскерий хызмет дәўири ҳаққындағы ҳүжжетлер Пенсия қоры тәрепинен БММС УДАКтан пайдаланған ҳалда электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында алынады;

мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ушын пуқаралардан тек ғана паспорт ямаса идентификация ID-картасы талап етиледи.

  1. Пуқараларға мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеўдиң автоматластырылған системасын енгизиў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты бағдарында көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын заман талапларына муўапықластырыў, пуқараларға пенсия ҳәм напақаларды тайынлаўда жүзеге келетуғын артықша төлемлердиң алдын алыў ҳәм бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў мақсетинде Пенсия қорының атқарыўшы аппаратының структурасы, аймақлық басқармалары ҳәм район (қала)лық бөлимлериниң үлги структуралары 2, 3 ҳәм 4-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Пенсия қорына ўақтынша бос қаржыларды коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматтың жигирма процентин Пенсия қоры хызметкерлерин социаллық жақтан раўажландырыў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў қорына бағдарлаў ҳуқықы берилсин.

  1. Қаржы министрлиги, Қурылыс министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Пенсия қорының район (қала)лық бөлимлериниң имаратлары ушын минимал талапларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте:

еки ай мүддетте Пенсия қорының аймақлық басқармалары ҳәм район (қала)лық бөлимлерин пуқаралар ушын қолайлы шараятларға ийе болған имарат ҳәм объеклерге көшириў;

2022-жыл 1-июльге шекем үлкен ҳәм кексе жастағылар, имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға хызмет көрсетиўге сәйкеслендирилген Пенсия қорының имаратлары бойынша минимал талапларға тийкарланып жергиликли бюджет қаржылары есабынан ҳәр бир аймақта биреўден Пенсия қорының имаратлары негизинде «Улги Пенсия қорының бөлими»н шөлкемлестирсин;

2024-жылға шекем басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларында Пенсия қорының район (қала)лық бөлимлериниң имаратларын минимал талапларға сәйкеслендирсин.

  1. Пенсия қорының аймақлық басқармалары, район (қала)лық бөлимлериниң жумысын сақлаў ҳәм қаржыландырыў Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бюджетлери есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Қаржы министрлиги:

еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2021-жыл даўамында Орайлық банк, тийисли жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-2024-жылларда аймақларда пенсиялар ҳәм напақаларды төлеў бойынша коммерциялық банклер ҳәм басқа да қәнигелескен шөлкемлер арасында тендер өткериў илажларын көрсин;

2022-жыл 1-январьдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде усы қарарда нәзерде тутылған қәрежетлерди әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында және Интернет тармағында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлеў усыныс етилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Ж.А.Кучкаров, қаржы министри Т.А.Ишметов және бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 4-май