Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам ­ Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарларымызда турып Ўатанымыздың абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған нуранийларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде:

  1. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықбелгиленсин.
  2. Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
  3. Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қаржы министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы тапсырылыўын тәмийинлесин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликтекарантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалдаЎатанымыздың азатлығы ҳәм даңқын қорғаўшыларға бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық кешелерди өткерсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 20 апрель.