Быйылғы жылы орта билим бериў мәкемелеринде болып өтетуғын имтиханлар қандай тәризде болып өтиўи ҳаққында Ташкент қалалық ХБББ мағлыўмат берди. Оған бола оқыўшылар төмендеги пәнлерден имтихан тапсырады:

5-класста 2 пәннен: «Математика», «Шет тили»;

6-класста 2 пәннен: «Тарийх», «Биология» (ботаника);

7-класста 2 пәннен: «Ана тили ҳәм әдебияты» ҳәм 1 таңлаў пәни (Таңлаў пәни сыпатында «Өзбек тили/рус тили», «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары», «Математика», «Шет тили» пәнлеринен биреўи сайланады);

8-класста 2 пәннен: «Шет тили» ҳәм 1 таңлаў пәни (Таңлаў пәни сыпатында «Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары», «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары», «Математика» пәнлеринен биреўи сайланады);

9-класста 7 пәннен: «Ана тили ҳәм әдебияты», «Өзбек тили/рус тили» (билим бериў өзбек тилиндеги мектеплер ушын «Рус тили», билим бериў рус ҳәм туўысқан тиллердеги мектеплер ушын «Өзбек тили»), «Математика», «Биология», «Тарийх», «Денетәрбия» ҳәм 1 таңлаў пәни (Таңлаў пәни сыпатында «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары», «Шет тили» пәнлеринен биреўи сайланады);

10-класста 3 пәннен: «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары», «Тарийх» ҳәм 1 таңлаў пәни (Таңлаў пәни сыпатында «Химия» «Биология», «Математика», «География» пәнлеринен биреўи сайланады. Онда, вариатив оқыў реже тийкарында билим алған оқыўшылар да усы таңлаў пәнлеринен биреўин сайлайды);

11-класста 5 пәннен: «Ана тили ҳәм әдебияты», «Математика», «Шет тили», «Өзбек тили/рус тили» (билимлендириў өзбек тилиндеги мектеплер ушын «Рус тили», билимлендириў рус ҳәм туўысқан тиллердеги мектеплер ушын «Өзбек тили») ҳәм 1 таңлаў пәни (Таңлаў пәни сыпатында «Химия», «Биология», информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары», «Физика» пәнлеринени биреўи сайланады. Онда вариантив оқыў реже тийкарында билим алған оқыўшылар да усы таңлаў пәнлеринен биреўин сайлайды).

Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги