Шымбай районыныӊ еки аймағы мысалында журналист үйрениўи:
Бүгинги күни ҳаял-қызлар ҳәм жаслардыӊ жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге оқытыў мәмлекетимизде жүргизилип атырған сиясаттыӊ баслы бағдарларыныӊ бири деп толық айта аламыз.
Соӊғы ўақытлары елимиздиӊ барлық аймақларында Президентимиздиӊ басламасы менен халықтыӊ социаллық жағдайын үйме-үй жүрип үйрениў, жумыссыз, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алып, оларға жәрдем көрсетиў жумыслары қызғын алып бармақта. Бизлер жақында усы жумыслардыӊ барысы менен танысыў мақсетинде, Шымбай районындағы «Тағжап» ҳәм «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйынында хызмет сапарында болып, жыйын хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстық.
-Жыйынымызда жасаўшы 1100 хожалықтан 64 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар», 115 жас «Жаслар», 3 хожалық «Темир» дәптерлерге киргизилген,-дейди бизге «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Сулайман Сатуллаев.-Сектор баслығы ҳәм жыйынымыз тәрепинен усы дәптерлерде дизимде турған пуқаралардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға материаллық, руўхый ҳәм ҳуқықый жақтан жәрдемлер көрсетип келинбекте. Атап айтатуғын болсам, бес перзенти менен бағыўшысын жоғалтқан Роза Қәллепесова атлы турғынымыздыӊ бәнтлиги тәмийинлеп, жайы сыбалып берилди. Сондай-ақ, сектор баслығы тәрепинен бир бас қарамал алып берилип, балалары аймақтағы 29-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине бийпул орналастырылыўына жәрдем көрсетилди.Соныӊ менен бирге, үш ҳаял-қыз кәсип өнерге оқытылған болса, 98 жасқа 1 гектардан егислик жер ажыратып берилди. 17 кредит сорап мүрәжат еткен ҳаял-қыздыӊ төртеўине банклерден 30 млн сумнан жеӊиллетилген кредит алып берилди. Ҳәзир усы кредит алған пуқараларымздан Алтынгүл Абдиқәдирова нанбайшылық, Гүлнар Хабиева миллий кийим тигиў ҳәм қараүйге безеўлер салыў менен, Зүльфия Аметова қурақ көрпеше тигиў, Дилбар Төлегенова хызмет көрсетиў бағдарлары бойынша исбилерменлик пенен шуғылланып келмекте.
Ал, «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйынында болса, 56 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар», 183 жас «Жаслар» дәптерине дизимге алынған.Соннан бүгинги күнге шекем 173 жасқа 1 гектардан жер ажыратылып берилген болса, 13 ҳаял-қыз жәмийетлик жумысларға орналастырылды. Сондай-ақ, 5 ҳаял-қыздыӊ турақлы бәнтлиги тәмийинленип, 4ўине 5 млн сумнан жеӊиллетилген кредит, 2 ине ақшалай материаллық жәрдемлер көрсетилди.
-Жыйын тәрепинен ҳаял-қызлар дәптерине киргизилген едим,-дейди аймақ турғыны Ҳәмре Тилеўмуратова.-Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен үй алды қыйтақ жеримиздиӊ 1 сотыхына ыссыхана қурып берилди. Ҳәзир усы ыссыханаға помидор, қыяр, укроп ҳәм баклажан егип, олардыӊ нәллерин 24 сотыхлық қыйтақ жеримизге көширип тигип атырмыз.
Сондай-ақ, «Темир дәптер»де дизимде турған 4 пуқараға да «Сақаўат» қоры есабынан материаллық жәрдемлер көрсетилген.
-Алдағы ўақытлары да пуқараларымызды социаллық, руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлай беремиз,-дейди бизге жыйын ақсақалы Ислам Қайыпназаров.-Буныӊ ушын жыйын хызметкерлери ҳәрекетлерин және де күшейтеди. Себеби, халқымыз бай болса, мәмлекетимиз турмысы да абадан болады деп ойлайман.
Ҳақыйқатында да, шетки аймақларда жүргизилип атырған бундай унамлы жумыслар халқымыздыӊ айдын келешеги ушын хызмет етеди.Буны бизлер олардыӊ бүгинги турмысы мысалында айқын көргендей болдық.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги