Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Яхшыбека Абдуллаеваның басламасы менен Нөкис қалалық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм жергиликли исбилерменлер менен биргеликте қайырқомлық илажы өткерилди.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 4 баланың сүннет тойы өткерилип берилди.
Илажда Нөкис қаласының ҳәкими У.Панаев қатнасып, балаларды қуўанышлы тойлары менен қутлықлады ҳәм келешекте белгили азаматлар болып ер жетиўине тилеклеслик билдирди. Балаларға қала ҳәкимлиги атынан саўғалар тапсырылды.
Әлбетте, усындай сынаўлы күнлерде жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәр биримиздиң инсаныйлық ўазыйпамыз болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги