Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен мүбарек Рамазан айы алдынан қайырқомлық илажы өткерилди.
Атап айтқанда, филиал тәрепинен Нөкис қаласындағы 40, ҳәр бир районнан 10, жәми 200 кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңараққа күнделикли зәрүрлик ушын 36 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
-Бундай қайырқомлық илаж мубарек Рамазан айы қарсаңында өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли, -дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Себеби бул қайыр-сақаўат ҳәм мүриўбет айы болып табылады.
Усы күни Нөкис қаласы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Әбдижамил Шүкириллаев ҳәм Аймурат Халмуратовлардың шаңарағынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери