Қырғыз Республикасы Бас министри Улуғбек Мариповтың басшылығындағы делегация 25-март күни Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Қырғызстан ҳүкимети басшысы мәмлекетимизге сапары шеңберинде дәслеп Ташкент қаласындағы «Технопарк» комплексиниң жумысы менен танысты. Бул жерде улыўма қуны 635 миллион долларлық 17 жойбар әмелге асырылмақта.

Улуғбек Мариповқа «Технопарк»теги кәрханаларда ислеп шығарылып атырған өнимлер-турмыслық техника, электрон газ есаплағышлар, лифтлер, суў насослары, санаат кондиционерлери ҳәм суўытқыш тармақлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан соң Қырғызстан Бас министри А.Арипов пенен биргеликте пайтахтымыздағы «IT Park» комплексине барды.

Бул программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары парки перспективалы стартап-жойбарларды иске түсириў және ишки ҳәм сыртқы базарға шығарыўға қәнигелескен.

Парктиң тийкарғы ўазыйпасы экспортқа бағдарланған бәсекиге шыдамлы стартап-экосистемалар жаратыўдан ибарат.

Комплекс қырғызстанлы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Қырғыз Республикасы ҳүкимети делегациясы ағзалары сапар етиў шеңберинде Ташкент қаласындағы «Crafers» қоспа кәрханасында да болды.

Бул кондитерлик кәрханасының иске түсирилгенине көп болмағанына қарамастан, тек ишки базарда емес, ал сырт елде де өз қарыйдарын таўып үлгергенин атап өтиў зәрүр. Заманагөй үскенелер менен тәмийинленген фабрикада бүгинги күнде 150 түрден зыят кондитер өнимлери таярланады.

Кәрхананың мазалы өнимлери Аўғанстан, Россия, Корея Республикасы, Армения, Балтықбойы мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

Усы күни Қырғыз Республикасы Бас министри Улуғбек Марипов пайтахтымыздағы заманагөй, халықаралық талаплар дәрежесинде қурылған санаат кәрханаларын көзден өткерип «ARDENT FOODS» (NMEDOV) ЖШЖ, «Cold Moon Tashkent», «Real Teks Tashkent», кәрханалары ҳәм «Orient Ceramic» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де танысты.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда иске түсирилген санаат кәрханалары-заманагөй мәлимлеме ҳәм коммуникация технологиялары, азық-аўқат, тоқымашылық санааты, қурылыс материаллары, зергерлик буйымлары ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен завод-фабрикалар Қырғызстан делегациясында қызығыўшылық оятты.

Қырғыз Республикасы делегациясы 26-март күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилисине қатнасады.

 

Ғайрат Хонназаров,

ӨзАның хабаршысы