2021-жыл 12-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси болып өтти.
Жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс түринде өткерилди. Онда Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «Uzreport» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Сенат ағзалары тәрепинен 19 мәселе, соның ишинде, 6 нызам додаланды.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабы тыңланды.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова есабат берди.
Атап өтилиўинше, Ўәкил ҳәм оның орынлардағы ўәкили тәрепинен 7 тийкарғы тараў бойынша жумыслар исленген. Атап айтқанда, инсан ҳуқықлары ҳаққындағы миллий нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, оған әмел етилиўин мониторинг етиў, пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў, халық ҳәм мәмлекетлик уйымлар ўәкиллериниң ҳуқықый түсинигин және хабардарлығын арттырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиў, сондай-ақ, жазаны орынлаў мәкемелерине турақлы кирип турыў арқалы қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши қатнас және жаза түрлерин қолланыўдың алдын алыў тараўында бир қатар ҳәрекетлер әмелге асырылған.
Соның менен бирге, Ўәкилдиң халық мүрәжатлары менен ислесиўде өткен жылдағы жумысына салыстырмалы унамлы өзгерислерге ерисилген болса-да, есап бериў дәўиринде 176 мүрәжат нызам талапларына муўапық белгиленген тәртипте аноним, деп табылған. Бирақ бул мүрәжатларда көтерилген мәселелерди Ўәкилдиң басламасы менен көрип шығыў әмелияты жолға қойылмаған.
Сондай-ақ, қыйнаўға салыў ҳәм аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши машқала және жаза түрлери қолланылыўының алдын алыў мақсетинде өткерилген мониторинглер нәтийжесинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсиятлаўдың нәтийжели шөлкемлестирилмегенлиги ақыбетинде қамақта сақлаў орынларында бир қатар кемшиликлер және өз шешимин күтип атырған машқалалар анықланды. Жазаны орынлаў мәкемесиниң хызметкерлери «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында»ғы нызамнан толық хабардар емес екенлиги, өндиристе мийнетке тартылған жынаятшылар арнаўлы кийим-кеншек, аяқ кийим басқа да жеке қорғаныў ҳәм гигиена қураллары менен толық тәмийинленбегени усылардың қатарына киреди.
Жалпы мәжилисте Ўәкилдиң регионаллық ўәкиллери өз жумысын үгит-нәсиятлаў жумысларын нәтийжели жолға қоймағанлығы атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында»ғы ҳәм «Балалар Омбудсманы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарларын ислеп шығыў, жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте тергеў изоляторы ҳәм жазаны өтеў мәкемелерине «мониторинг сапарлары»н системалы жолға қойыў, мүрәжатлар менен ислесиўде таллаўларға тийкарланған ҳалда пуқаралардың ҳуқықлары бузылыўы ҳаққында мәлимлемени қәлиплестириўдиң бирден-бир өлшемин ислеп шығыў, сондай-ақ, аноним мүрәжатларды да итибарға алыў, Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды көрип шығыўы ушын нызамға муўапық мәселелер киргизиў ўәкиллигинен белсене пайдаланыў усыныс етилди.
Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилге бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын және де жетилистириў, бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм усы тараўдағы халықаралық миннетлемелерди орынлаўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде Бала ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасының миллий стратегиясын жылдың ақырына шекем ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын Олий Мажлис палаталарына киргизиў, ўәкилликли уйым тәрепинен балалардың мәмлекетлик ҳәм лаўазымлы пуқараларға еткен мүрәжатларының толық көрип шығылыўын тәмийинлеў және қанаатландырылғанлығы үстинен турақлы мониторинг жүргизиў системасын енгизиў, ҳәрекетлеринде бала ҳуқықлары менен еркинликлериниң бузылғанлығы анықланған пуқараларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы тийисли уйымларға өтиниш хатын жибериў бойынша жумысын күшейтиў, «Меҳрибанлық үйи» питкериўшилерин жасайтуғын жайлар және турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлениўи бойынша турақлы мониторинг орнатыў бағдарында усыныслар берилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ҳуқық бузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққындағы 2020-жылдың жуўмағы бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, тараўда әмелге асырылған системалы жумыслардың нәтийжесинде улыўма жынаятлардың 95,2 проценти ашылған, тергеў уйымларының излеўинде болған 2446 пуқара усланған ҳәм 436 бийдәрек жоғалғанлар табылған. Ишки ислер уйымларының басламасы менен 20 994 жынаятлар анықланған.
Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлер ишки ислер уйымларының жумысында белгили кемшиликлер, шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм толық пайдаланылмаған имканиятлар бар екенлигин көрсетпекте.
Атап айтқанда, өткен 2020-жылы республика көлеминде 62 081 жынаят дизимге алынған болып, 100 мың халыққа салыстырғанда орташа 182,4 тен туўра келген.
Атап өтилгениндей, шаңарақлардағы саламат емес орталық, келиспеўшиликлердиң өз ўақтында шешилмеўи мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетишиликтиң итибарынан шетте қалғаны ақыбетинде оғада аўыр жынаятлар жүз бермекте.
Соның ишинде, 2020-жылы дизимге алынған адам өлтириўшилик жынаятларының ҳәр үшиншиси (143 и, 35,2%), аўыр дене жарақатын жеткериў жынаятларының 192 си (20,5%) шаңарақ-турмыс мүнәсибетлери шеңберинде жүз берген.
Соның менен бирге, шаңарақлық келиспеўшиликлердиң өз ўақтында сапластырылмағанлығы ақыбетинде 14 379 шаңарақ-турмыс мүнәсибетлери шеңбериндеги ҳуқықбузарлықлар жүз берип, олардың айырымы, яғный 50,5 проценти (7 264 и) Ташкент, Бухара, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларының үлесине туўра келеди. Ең аянышлысы, өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының ҳәр алтыншысы мине усы өз ўақтында шешилмей қалған шаңарақлық келиспеўшиликлер себебинен жүз берген.
Аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаяллардың машқалалары толық шешилмей киятырғаны ақыбетинде 2020-жылы 5 774 ҳаял-қыз тәрепинен 5 520 жынаят исленген.
Атап айтқанда, шаңарақ-турмыс шеңберинде күш көрсетиўге ушыраған ҳаял-қызлардың 14 774 ине «қорғаныў ордери» берилген болса, соннан 317 жағдайда ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылған.
Жаслар менен ислесиўде елеге шекем көплеген машқалалар сақланып қалып атырғанлығы, оларды сапластырыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанлығы ақыбетинде 2020-жылы республикамызда дизимге алынған ҳәр бир төртинши жынаят (14 378 ямаса 23,2%) жаслар, соннан 4052 си жумыс пенен бәнт болмаған жаслар тәрепинен исленген.
Буннан тысқары, 9 мыңнан аслам жумыссызлар тәрепинен жынаятлар исленгени орынларда халықты жумыс пенен тәмийинлеў мәселелериниң нәтийжели шешилмей атырғанын көрсетеди.
Республика бойынша улыўма жол-транспорт ҳәдийселериниң саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырмалы түрде азайған болса-да, жолларда ҳәрекетлениў ушын қәўипсиз шараяттың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени ақыбетинде 1962 пуқара қайтыс болған.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен халықтың арасында жынаятшылыққа маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, жынаятлардың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери және нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды.
Атап айтқанда, буннан былай жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте ҳаял-қызлар, жас өспиримлер, әсиресе, бәнтлиги тәмийинленбеген жаслар арасында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлардың турақлы таллаўын жүргизиў арқалы бундай жағдайлардың келип шығыў себеплери ҳәм факторларын анықлаў және сапластырыў илажлары көриледи.
Жүз берген жынаятларды мәмлекетлик уйымлардың өзинде, сондай-ақ, «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «тараў кесиминде» додалаў механизми енгизиледи.
Шырақшы районы ҳәм Әндижан қаласында хызметкерлер тәрепинен жүз берген қыйнаўға байланыслы жағдайларға жол қоймаў, ишки ислер уйымларының хызметкерлери тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин аяқ асты етпеў мақсетинде 485 өз алдына арнаўлы сораў ханасы шөлкемлестирилген. Буннан былай алып келинген пуқаралар менен қатаң түрде бул ханаларда сөйлесиўдиң өткерилиўи жолға қойылады.
Сондай-ақ, мәҳәллелердеги криминоген жағдайдан келип шығып, олар «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылады.
Халықтың тынышлығын тәмийинлеў ҳәм мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принцпине тийкарланған система енгизиледи.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен елимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыў, сырт еллер менен қатнасықларда, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерде Өзбекстанның мәмлекетлик мәплери ҳәм мәмлекет пуқараларының ҳуқықларын қорғаў бойынша белгили жумыс әмелге асырылды. Онда халықаралық байланысларды раўажландырыў бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм мәкемелердиң жумысын тәртипке салыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Есабат дәўиринде Түркия ҳәм Россия Федерациясына жоқары дәрежедеги рәсмий сапарлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң атынан сырт ел мийманларын қабыллаўлар, жоқары дәрежедеги 80 нен аслам онлайн сөйлесиўлер шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар ҳәм пәрманларын, жоқары дәрежедеги сапарлардың жуўмақлары бойынша қабыл етилген «жол карталары»н, Сыртқы ислер министрлигиниң дипломатиялық бағдарлар арқалы ҳәр қыйлы халықаралық илажлар шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўин раўажландырыў режелерин орынлаў мақсетинде 32 еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы тәмийинленди.
БМШ, ЕҚБШ, ШБШ, ҒМДА, ЕАЭА сыяқлы жетекши халықаралық шөлкемлер ҳәм интеграциялық бирлеспелер менен бирге ислесиўди раўажландырыў процесинде министрликтиң қосқан үлеси салмақлы болды. Соның ишинде, Өзбекстанның басшылығында ҒМДА менен бирге ислесиўди раўажландырыў шеңберинде 60 тан аслам илаж өткерилди.
Сыртқы ислер министрлигиниң жәрдеминде глобал коронавирус пандемиясының ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде дерлик 350 миллион доллар муғдарында грант қаржылары ҳәм материаллық-техникалық жәрдем қаржыларын тартыўға ерисилди.
Соның менен бирге, Сенат тәрепинен өткерилген үйрениў процесинде, сондай-ақ, оның халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги додалаўда Сыртқы ислер министрлигиниң жумысында бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, Өзбекстанда дипломатиялық хызметтиң жумыс ислеўин ҳәм және де раўажланыўын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый базаны және де жетилистириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Дипломатиялық ўәкилханалардың басламасы менен инвестициялық жойбарлардың сапалы ҳәм кейин ала өз ўақтында әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша жергиликли ҳәкимият уйымлары менен системалы жумыслар алып барылмайды.
Стратегиялық көзқарас жоқ, республикамыздың шегара аймақларында саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўдиң әҳмийетли элементи болған шегаралық бирге ислесиў раўажландырылмаған.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының халықаралық келисимлерин есапқа алыў ҳәм орынлаўдың бирден-бир электрон системасы (мағлыўматлар базасы) еле де ислемей атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери, Сыртқы ислер министрлиги, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да тийисли уйымларға анық көрсетпелер және усыныслар берилди.
Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2020-жылы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Әдиллик уйымлары тәрепинен 2020-жыл даўамында әҳмийетли нызамшылық ҳүжжетлери бойынша комплексли үгит-нәсиятлаў материаллары түринде, яғный аннотация, слайд, флаер, инфографика, видеороликтен ибарат 200 ден аслам үгит-нәсиятлаў «пакети» таярланып тийислилиги бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге жиберилген.
«Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» сүрени астында ҳуқықый мәсләҳәт бериў системасы жолға қойылды. Жойбар шеңберинде 5857 мәҳәлледеги 78 292 шаңарақта сөйлесиў өткерилип, оларға бийпул ҳуқықый мәсләҳәт, соның ишинде, «Ҳаял-қызлар дәптери», «Темир дәптер» ҳәм социаллық қорғаўға байланыслы басқа да жойбарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қалаберди, «Коррупция – раўажланыў душпаны» атлы шығармалар таңлаўы шеңберинде мектеп, орта арнаўлы және жоқары оқыў орынларының 17 мыңнан аслам оқыўшы жаслары қамтып алынды. Журналист ҳәм блогерлер ушын «Пандемия-2020: шақырықлар, жуўмақлар, ақыбетлер» таңлаўы өткерилди.
Буннан тысқары, «Ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўда инновациялық технологияларды қолланыў» таңлаўы биринши мәрте шөлкемлестирилди. Пандемия дәўиринде болса пуқаралардың 8 мыңнан аслам сораўларына ҳуқықый түсиниклер берилди.
Соның менен бирге, Транспорт министрлиги жанындағы «Өзавиация» агентлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлигиниң жәмийеттеги ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бағдарындағы жумыслары қанаатландырарсыз, деп табылды.
Сондай-ақ, Энергетика министрлиги тәрепинен әмелге асырылған үгит-нәсиятлаў илажлары ҳаққындағы мағлыўматлар мониторинг етиў ушын Әдиллик министрлигине берилмеген. Қаржы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен мағлыўматлар мониторинг тамам болғаннан соң кешигип берилген.
Атап өтилгениндей, пуқараларымызды қызықтырып атырған мәселелер бойынша Халық билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик тест орайы, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен өз ўақтында ҳәм жетерли түрде мүнәсибет билдирилмей атыр.
Ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша алып барылған жумыслар талланғанда тараўда бир қатар машқалалардың бар екенлигин де көрсетпекте. Бар машқалаларды сапластырыў ҳәм ҳуқықый мәдениятты және де жоқарылатыў мақсетинде тийкарғы бағдарлар да белгиленди.
Атап айтқанда, мәмлекет хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлылығы дәрежесин баҳалаў тәртиби енгизиледи. Оған бола, мәмлекетлик шөлкемлердеги хызметкерлери ҳуқықый билимлерин арттырыў бойынша оқытылады және ҳәр үш жылда автоматластырылған система арқалы ҳуқықый саўатлылық дәрежеси баҳалап барылады.
«Адолат» миллий ҳуқықый мәлимлеме орайының қурамында Инновациялық орай шөлкемлестириледи. Бул орай, нызам ҳүжжетлериниң мазмунын әпиўайы, халық түсинетуғын тилде жеткеретуғын заманагөй мәлимлеме-таллаў медиаматериалларын таярлайды ҳәм тарқатады.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳаққындағы есабаты да тыңланды.
Онда Олий Мажлис Сенатының жумысшы топары тәрепинен ўәлаятты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды комплексли түрде үйрениў жуўмақлары ҳәр тәреплеме додаланды.
Есабатта атап өтилгениндей, аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў бағдарында турақлы жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, ўәлаятта 2020-жылы ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 24 триллион сумды, өсиў пәти 2019-жылға салыстырғанда 104,4 процентти қураған. Соның ишинде, 5,5 триллион сумнан аслам санаат өнимлери ислеп шығарылған, 7,9 триллион сумнан артық хызметлер көрсетилген, усақлап сатыў саўда айланысы 12 триллион 352,6 миллиард сумнан ибарат болған.
Ўәлаятта пандемия шараятында 63,3 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңараққа социаллық жәрдем көрсетилген. Исбилерменлик субъектлериниң 5 мыңнан аслам кредит шәртнамалары төлемлериниң мүддети создырылыўы нәтийжесинде 21,5 мыңнан артық кәрханалар жумысының қайта тиклениўине ерисилген.
Инвестициялық бағдарлама шеңберинде улыўма баҳасы 2,5 триллион сумға тең болған 752 жойбар пайдаланыўға тапсырылып, 6,4 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилген. Сырт ел инвестициясының қатнасыўындағы 252 жойбар бойынша 221,2 миллион доллар муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм сырт ел кредит қаржылары өзлестирилген. Ўәлаятта 245,2 миллион долларға тең өнимлер 26 мәмлекетке экспорт етилген.
Қалаберди, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде коммерциялық банклер тәрепинен дерлик 17,7 мың физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге, соның ишинде, «Темир дәптер»ге киргизилген 1 мың 260 шаңараққа кредит қаржылары ажыратылған.
Аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде 3 мың 820 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў (3 мың 797 гектар тамшылатып, 23 гектар жаўынлатып суўғарыў) бойынша жумыслар әмелге асырылған.
Ўәлаятта балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке мешик шериклик тийкарында 43 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредит ажыратылған.
Аймақта бүгинги күнге шекем 29 мыңға шамалас ҳаял-қызлар 9 категорияға ажыратылған ҳалда, «Ҳаял-қызлар дәптери» электрон базасына киргизилип, олардың машқалаларын шешиў бойынша «жол карталары» ислеп шығылған.
Ўәлаятта 37 мыңнан аслам жасларға 16 мың 320 гектар жер майданының ажыратып берилиўи нәзерде тутылған болып, бүгинги күнге шекем 870 тен аслам жасларға жәми 507 гектар жер майданы ажыратып берилген.
Және бир тәрепи. Бүгинги күнде ўәлаятта 560 тан аслам мәдений мийрас естеликлери бар болып, туризм тараўын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар нтийжесинде 2019-жылы келген сырт ел туристлериниң саны 2018-жылға салыстырғанда 4 есеге артқан.
Келешекте Байсын ҳәм Сариосиё районларында киши туризм зоналарын қурыў арқалы аймақты «Киши Швейцария»ға, Термиз районындағы «ал-Ҳәким ат-Термизий» комплексиниң әтирапын «Орта әсирлер қалашасы»на айландырыў, Термиз қаласындағы «Бахыт» бағының аймағында «Япон бағы» ҳәм «Като Кюдзо» мемориаллық музейин қурыў нәзерде тутылған.
Соның менен бирге мәжилисте, ўәлаятты раўажландырыў бағдарында өз шешимин күтип турған айырым машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги де атап өтилди.
Соның ишинде, 2020-жылдың жуўмағына бола, аймақлардың соиаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың дәслепки рейтинг көрсеткишлери бойынша Қызырық ҳәм Узун районлары «сары аймақ»тан «қызыл аймақ»қа өткен. Музробод районы «Обиҳаёт» мәҳәллесиндеги 27 көп квартиралы турақ жайды оңлаў ушын жергиликли бюджеттен зәрүр қаржы ажыратылмағаны ушын бул турақ жайлар оғада оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалған.
Денов және Сариосиё районларындағы «Мүриўбет үйлери»нде жасап атырған майыплығы болған пуқараларға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде бул мәкемелерди физиотерапия аппаратлары менен тәмийинлеў зәрүр. Халықаралық әҳмийеттеги М-41 «Бишкек-Душанбе-Термиз» автомобиль жолының 1444-1622 км. бөлеклерин реконструкциялаў бойынша тийисли илажлардың орынланыўы тәмийинленбеген.
Буннан тысқары, ўәлаятта 2020-жыл даўамында жәми 3,1 мыңнан аслам жынаят жүз берген болып, бул көрсеткиш 2019-жылға салыстырғанда 40 процентке артқан. Атап айтқанда, оғада аўыр ҳәм аўыр түрдеги жынаятлардың саны 72-77 процентке көбейген.
Мәжилисте ўәлаятты үйрениў жуўмақлары халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң 2021-жыл 20-февральдағы сессиясында сын көзқарастан додаланғанлығы, онда жуўапкер басшылардың мәлимлемелери тыңланып, кемшиликлерге жол қойған ўәлаят ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары және ўәлаяттағы 6 шөлкемниң басшыларына тийисли илажлардың көрилгенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, ўәлаят дәрежесиндеги машқалаларды шешиў бойынша 45 бәнттен ибарат «Жол картасы» тастыйықланып, онда белгиленген ҳәр бир илаждың орынланыўы үстинен депутатлық қадағалаўдың жолға қойылғанлығы, ўәлаятлық Кеңестиң сессиясында жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлер басшыларының ҳәр шеректе есап берип барыўы белгиленгенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен бар машқалаларды шешиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Үйрениў даўамында анықланған республика дәрежесиндеги машқалалы мәселелер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.
Мәжилисте ўәлаятта өз шешимин күтип турған республика дәрежесиндеги машқалаларды сапластырыў бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди ҳәм орынланыўы үстинен сенаторлық қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.
Буннан соң Әндижан, Бухара, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында 2020-жыл жуўмағы бойынша ўәлаятлар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қәлиплестирилген қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын үйрениў нәтийжелери додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының жумысшы топары тәрепинен Әндижан, Бухара, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында 2020-жылдың жуўмағы бойынша ўәлаят бюджетлериниң, сондай-ақ, районлар ҳәм қалалар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қәлиплестирилген қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үйренилди. Үйрениў ҳәм таллаўлар усы аймақларда жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң орынланыўы бағдарындағы белгили жумыслардың әмелге асырылғанлығын көрсетти.
Атап айтқанда, жергиликли бюджеттиң дәраматлар базасын кеңейтиў мақсетинде алып барылған жумыслардың нәтийжесинде 128,6 миллиард сум қосымша резерв анықланып, бюджетке 125,6 миллиард сум өндирилген.
Жергиликли бюджетлерде жәми 1 триллион 193,4 миллиард сум бюджетке қосымша дәреклер қәлиплестирилген. Олардың есабынан 1 триллион 151,9 миллиард сумлық қәрежетлер әмелге асырылған.
Соның менен бирге, мәжилисте үйрениў даўамында жергиликли бюджеттиң орынланыўын тәмийинлеўде қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы анықланғаны атап өтилди.
Бюджет кодексиниң 126-статьясының талапларына әмел етилмеген ҳалда, ўәлаят, район ҳәм қалалар бюджетлериниң қосымша дәреклер есабынан тийисли халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қарарлары қабыл етилмей Бухара ўәлаятында 3,5 миллиард сум, Ферғана ўәлаятында 38,5 миллиард сум қаржы жумсалған.
Әндижан ўәлаятында 18,5 миллиард сумлық, Ферғана ўәлаятында 225,7 миллиард сумлық қаржылар ҳәр қыйлы илажларға қаратылғаннан соң тийисли халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қарарлары қабыл етилген.
Әндижан ўәлаятында 1,3 миллиард сум, Бухара ўәлаятында 3,2 миллиард сум, Самарқанд ўәлаятында 2,5 миллиард сум, Ферғана ўәлаятында 5,2 миллиард сум қаржы тийисли бюджет есабынан қаржыландырылыўы нәзерде тутылмаған шөлкемлерди сақлап турыўға бағдарланған.
Булунғур ҳәм Нарпай районларында қаржылар биринши гезекте социаллық тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге емес, район ҳәкимликлери ушын қымбат баҳалы автотранспорт қуралларын сатып алыўға ажыратылған.
Мине усы районларда 8 улыўма билимлендириў мектеби, 9 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 5 денсаўлықты сақлаў мәкемеси айрықша оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалған.
Буннан тысқары, аймақларда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў мақсетинде дүзилген қорларға Бухара ўәлаятында 3,5 миллиард сум ажыратылған болса, Әндижан, Ферғана ҳәм Самарқанд ўәлаятларында усы қорға улыўма қаржы қаратылмаған.
2020-жылы да бул ўәлаятлардағы жумыссызлық республиканың орташа дәрежесинен жоқарылығынша сақланып қалған.
Қалаберди, «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң талапларынан әмел етпестен Әндижан ўәлаятында 1,4 миллиард сумлық, Бухара ўәлаятында 399,0 миллион сумлық, Самарқанд ўәлаятында 2,1 миллиард сумлық, Ферғана ўәлаятында 7,1 миллиард сумлық сатып алыўлар тийисли түрде мәлимлеме порталына дағазалар жайластырылмастан, тендер, таңлаў ҳәм аукционсыз тиккелей дүзилген шәртнамалар арқалы әмелге асырылған.
Сондай-ақ, районлар ҳәм қалалардың бюджетлериндеги қосымша дәреклердиң кеминде 10 процентин жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў мақсетинде «Ашық бюджет» порталында халықты хабардар етиў ҳәм олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша жетерли жумыслар алып барылмаған.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң айырым қарарларын бийкарлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, жақында әмелдеги нызам ҳүжжетлерине киргизилген жаңалықларға муўапық, Сенатқа жергиликли Кеңеслердиң Конституция ҳәм нызамларға, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлерине қайшы келетуғын қарарларын бийкарлаўў ўәкиллиги берилди.
Өз орнында Бизнес омбудсман, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық және Ғузор, Миришкор, Қаршы районлық ҳәм Қаршы қалалық Кеңеслериниң айырым қарарларын бийкарлаў бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Сенаттың жуўапкер комитетлери тәрепинен бул мүрәжатлар ҳәр тәреплеме үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжелери жоқарыда көрсетилген жергиликли Кеңеслердиң қарарлары ҳақыйқатында да нызам талапларына қарсы екенлигин көрсеткен.
Атап айтқанда, Қаршы қаласы, «Қарлуқбоғот» мәҳәллесинде жасайтуғын пуқара Г.Ҳайдарова 2011-жылы турақ жайды меншиклестирген. Бул ҳаққында қала ҳәкиминиң қарары қабыл етилген. Бирақ арадан 6 жыл өтип, 2017-жылы халық депутатлары Қаршы қалалық Кеңеси қала ҳәкиминиң бул қарарын бийкарлаған. Әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық халық депутатлары жергиликли Кеңеслери меншиклестириў нәтийжелерин қайта көрип шығыў және бийкарлаў ўәкиллигине ийе емес.
Бул жағдай ҳәр тәреплеме үйренип шығылғанда жеке меншик мүлкке байланыслы барлық нормалар ҳәм белгиленген тәртип қағыйдаларға әмел етилмегенлиги мәлим болды. Ақыбетинде пуқара жыллар даўамында сергиздан болған.
Халық депутатлары Ғузор, Миришкор, Қаршы районлық Кеңеслериниң фермер хожалығы менен дүзилген жер ижарасы шәртнамасын бийкарлаўға байланыслы қарарларында да бул жағдай бақланған. Жергиликли Кеңеслердиң фермер хожалықлары ҳәм район ҳәкимлиги арасындағы шәртнамалық ҳуқықый мүнәсибетлерге араласыў ўәкиллиги жоқ.
Бандихон районындағы «Бектепа» киши санаат зонасы аймағында жол қурылысы мәселесин де атап өтиў орынлы. Исбилермен тендерде жеңимпаз болған, бирақ оның менен шәртнама дүзбестен объект улыўма басқа шөлкемге берип жиберилген. Халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық Кеңеси болса өз қарары менен ҳәкимликтиң бул ҳәрекетин нызамластырып берген. Бул исбилерменниң наразылығына себеп болыўы тәбийғый.
Бул жергиликли Кеңеслердиң қарары тийкарынан 2020-жыл ҳәм оған шекемги қабыл етилген ҳүжжетлер болып есапланады.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.
Буннан кейин «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам додаланды.
Бул нызамның мақсети мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған ашық-айдын, нәтийжели ҳәм бир пүткин системаны жаратыўдан ибарат.
Додалаў процесинде әмелдеги нызамның орынланыўы бағдарындағы бослық ҳәм машқалаларға да итибар қаратылды.
Соның ишинде, сатып алыўлардың айырым бөлегиниң ашық-айдынлықты тәмийинлейтуғын мәлимлеме-коммуникация системасынан пайдаланбаған ҳалда әмелге асырылыўы, сатып алыў тәртибин қадағалаў системасының бүгинги талапқа жуўап бермеўи және мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы ҳүжжетлерге әмел етпеў жағдайларына жол қойыўдың көбейиўи сыяқлы кемшиликлердиң ушырасып атырғанлығы атап өтилди.
Нәтийжеде тек ғана 2019-жылы 729 жағдайда 2 908,1 миллиард сумлық шәртнамалардың буйыртпашылар тәрепинен берилген буйыртпалар бойынша тендер саўдалары өткерилмей келисимлер дүзилиўине жол қойылған.
Бундай кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде көрип шығылған нызам мәмлекетлик сатып алыўларға қаратылатуғын бюджетлердиң қаржылары ҳәм басқа да орайласқан дәреклердиң мақсетли ислетилиўи, ҳүкиметтиң кепилликленген кредит ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, мәмлекетлик секторды зәрүр товар, жумыс ҳәм хызметлер менен тәмийинлеўде қысқа мүддетлерде «баҳа-сапа» көрсеткишлерин үйлестириў, коррупцияға қарсы гүресиўде пайдалы нәтийжелерге ерисиў сыяқлы әҳмийетли мәселелердиң шешилиўинде үлкен орын ийелейди.
Нызамның турмысқа енгизилиўи әмелде бир-бирине қарсы болған нызамшылық талапларын сапластырып ғана қалмай, сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў менен бирге исбилерменлик субъектлери ҳәм халық ушын да қолайлылық жаратады.
Қызғын додалаўлардан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Кейинги жыллары елимизде қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, аймақлардың санитариялық ҳәм экологиялық жағдайын жақсылаў тараўында избе-из сиясат әмелге асырылмақта. Соның ишинде, санитариялық жақтан тазалаў тараўында баҳалардың қәлиплесиўин жетилистириў ҳәм тарифлерди оптималластырыў бағдарында белгили жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығын көриўимиз мүмкин.
Бирақ экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын жетилистириў бойынша айырым илажлар және нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилиўин талап етпекте.
Бул нызам менен экологиялық аудит субъектиниң әмелге асыратуғын хожалық жумысын ҳәм басқа да жумысты техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер және қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына әмел етиў бойынша экологиялық аудиторлық шөлкеми тәрепинен системалы, ҳүжжетлестирилген ҳәм еркин баҳалаўлар өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Буннан гөзленген мақсет-экологиялық аудит тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат. Соның менен бирге экологиялық аудиттиң тийкарғы принциплери еркинлик, қалыслық, қупыялылық ҳәм исенимлиликтен ибарат.
Қалаберди, Экологиялық аудит стандартлары экологиялық аудитти өткериў, уқсас хызметлер көрсетиў ҳәм экологиялық аудиторлар жумысының сапасын қадағалаў системасын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
Өз гезегинде Миллий экологиялық аудит стандартлары экологиялық аудиторлық жумысын әмелге асырыўға байланыслы бирден-бир талапларды белгилейди.
Экологиялық аудиторлық шөлкемлери экологиялық аудитти өткериў ўақтында шәртнамаға муўапық халықаралық экологиялық аудит стандартларын қолланыўы да мүмкин.
Соның менен бирге, нызамда экологиялық аудиторлық шөлкеминиң, экологиялық аудитордың, экологиялық аудит буйыртпашысының, экологиялық аудит субъектиниң ҳуқықлары менен миннетлемелери, экологиялық аудиторлық шөлкеминиң жуўапкершилиги, экологиялық аудит өткериў ўақтындағы шеклеўлер, экологиялық аудиторға қойылатуғын талаплар нәзерде тутылмақта.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талаплары бузылыўының алдын алыў және сапластырыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, тәбиятты қорғаўға байланыслы илажлар нәтийжелилигиниң артыўы тәмийинленеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң сенаторлар «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын да додалады.
Атап өтилгениндей, дийқан хожалығы тараўындағы қатнасықлар 1998-жыл 30-апрель күни қабыл етилген әмелдеги «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы менен тәртипке салып келинбекте.
Бирақ бул нызам ҳәзирги заман талабына ҳәм норма дөретиўшилиги әмелиятына сәйкес келмейди.
Атап айтқанда, әмелдеги нызамшылыққа муўапық дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкалары пуқараларға мийрас етип қалдырылатуғын бир өмир ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилиўи нәзерде тутылған болып, дийқан хожалықларының жерлеринде халық тәрепинен өз басымшалық пенен турақ жайлар ҳәм басқа да имаратлар қурылып, турақ жай сыпатында пайдаланып келинбекте. Бунда жерлерди сақлаў, өнимдарлығын арттырыў ҳәм агротехника талапларына әмел етиў сыяқлы миннетлемелерди орынлаўға зәрүр дәрежеде итибар берилмей атыр.
Бул нызам дийқан хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетлерине хызмет етеди.
Нызамда дийқан хожалықларына тиккелей жер участкасын мийрас етип қалдырылатуғын бир өмир ийелик етиў ҳуқықы менен бериў әмелиятының орнына буннан кейин жер участкасын ижара тийкарында бериў системасын енгизиў;
бағшылық ҳәм жүзимгершилик ушын елиў жыл мүддетке, овощ жетистириў, палыз жетистириў ушын ямаса басқа да аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын отыз жыл мүддетке ижараға бериў;
дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкасында объектлер ҳәм имаратларды, соның ишинде, жер асты имаратларын қурыўды қадаған етиў, буған жеңил конструкциялы ыссыханаларды ҳәм басқа да имаратларды, сондай-ақ, суўғарыў объектлерин кирмейди.
Дийқан хожалығына буннан кейин ижараға берилетуғын жерлердиң минимал майданын белгилген ҳалда максимал майданын көбейтиў (0,06 гектардан 1 гектарға шекем);
фермер хожалықлары ямаса басқа да аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен дийқан хожалығын жүргизиў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң тийкарғы егиннен боасаған бөлими арқалы аўыл хожалығы егинлерин егиў ушын 0,06 гектардан 10 гектарға шекем;
дийқан хожалығы тәрепинен өзиниң аўыл хожалығы өнимин реализациялаўдан алынған дәраматларға салық салынбаўы;
келиспеўшилик болған жағдайда дийқан хожалығы жерлерин алып қойыў суд тәртибинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекет дийқан хожалықларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиўин кепиллейди.
Дийқан хожалықларының қарамағында болған жер участкаларының майданларын оптималластырыўға жол қойылмайды.
Мәмлекетлик уйымлар дийқан хожалықларын раўажландырыўға ҳәм олардың жумысын беккемлеўге жәрдемлеседи.
Дийқан хожалығы өзиниң қәнигелесиўин, соның ишинде, аўыл хожалығы егинлериниң түрлери ҳәм көлемлерин, оларды жетистириў және агротехникалық илажларды өткериў усылларын еркин түрде белгилейди.
Дийқан хожалығы аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ушын зәрүр болған туқым, минерал төгинлер және жанылғы-майлаў материалларын сатып алыўда, сондай-ақ, басқа да материаллық ресурслар және хызметлерден пайдаланыўда басқа аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары менен теңдей ҳуқықларға ийе. Усы мақсетте дийқан хожалығының баслығы тийисли шөлкемлер менен белгиленген тәртипте тиккелей шәртнамалар дүзиўи ямаса биржа саўдаларына қатнасыўы мүмкин.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде жер участкалары дийқан хожалықларына ижара ҳуқықы тийкарында берилиўи, бул жерлерде нызамсыз түрде қурылыслар әмелге асырылыўы ҳәм дийқан хожалықларына ажыратылған жер участкаларының нызамсыз ямаса ҳәр қыйлы бәнелер менен алып қойылыўының алдын алыўға жерге болған ҳуқық кепилилклерин және де күшейтиўге ерисиледи.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Конституциялық нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген суд-ҳуқық тараўын реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин кеңейтиўге байланыслы ўазыйпалар, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият системасын избе-излик пенен жетилистириў ҳәм бул ҳәкимиятты турақлы өзгерип атырған социаллық қатнасықлар менен үйлесип барыўы сырт еллердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда Конституциялық суд жумысын ҳәм нызамшылығын және де жетилистириўдиң ҳуқықый тийкары жаратылмақта.
Соның ишинде, ҳәзирги күнде Конституциялық судта жумыс ислеўдиң процессуаллық қағыйдалары Конституциялық судтың өзи тәрепинен тастыйықланған Регламент пенен белгилеп берилген.
Сырт еллердиң Конституциялық судлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде бундай қағыйдаларды Конституциялық суд тәрепинен емес, ал нызам менен белгилениўи нәзерде тутылған. Себеби жумыс ислеўдиң процессуаллық қағыйдалары тиккелей инсан ҳуқықларын әмелге асырыў менен байланыслы.
Жаңа редакциядағы нызам халқымыздың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерине бирден-бир ашық-айдын ҳәм нәтийжели көзқарасларды нәзерде тутқан ҳалда ислеп шығылған.
Өз гезегинде, Конституциялық судқа мәселелер киргизиў ҳуқықына ийе болған субъектлерге Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықы берилип, Конституциялық судқа мүрәжат етиўши субъектлер топары кеңейтилмекте.
Және бир әҳмийетли тәрепи. Усы нызам менен пуқаралардың ҳуқықлары кеңейтилмекте. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 44-статьясына муўапық, ҳәр бир шахсқа өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлар, мәпдар шахслар, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамшылық ҳәрекетлери үстинен улыўма юрисдикция судларына арыз етиў ҳуқықы кепилленгенлигин итибарға алған ҳалда тек белгили бир исте қолланылған нызам менен олардың конституциялық ҳуқықлары бузылғанлығы бойынша даўа менен пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықы берилмекте.
Нызамның қабыл етилиўи Конституциялық судтың жумысын жетилистириў, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң конституциялық ҳуқықларын қорғаў, конституциялық нызамшылықты беккемлеў, Констиутция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса, мәмлекетимиздиң социаллық-сиясий турмысында үлкен әҳмийетке ийе ҳәм ашық-айдынлық, ҳақыйқатлық, ҳадаллық сыяқлы демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендиреди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ҳәм қыйтақ жер участкаларынан пайдаланыў бағдарында бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Бирақ айырым жерлерде олардың орынланыўы әмелде күтилген нәтийжелерди бермей атыр.
Атап айтқанда, турақ жай қурыў ҳуқықысыз берилген қосымша атыздағы қыйтақ жеринде 4500 ге шамалас ҳуқықый ҳүжжетсиз, 500 ден аслам қосымша атыздағы қыйтақ жеринде нызамсыз пайдаланылып атырған және 151 гектар қосымша атыз қыйтақ жери пайланылмастан таслап қойылған жер майданлары анықланған. Қалаберди, ҳәкимшилик ҳәм пуқаралық ислери бойынша судқа 650 даўа арзалары жиберилген. Соннан 55 и нызам бузылыў жағдайы орнында сапластырылған.
Бул нызам болса жеке қыйтақ жер участкаларында қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетлерине хызмет етеди.
Нызамда жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслардың ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбекте. Атап айтқанда, жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслар:
қыйтақ жер хожалықларын еркин түрде басқарыў, соның ишинде, жетистирилген және еркин түрде қайта исленген аўыл хожалығы өнимин еркин реализациялаў, еркин түрде баҳа белгилеў ҳәм алынған дәраматларды сақлап қалыў;
өзи жетистирген ямаса қайта исленген аўыл хожалығы өнимин базарларда, саўда ноқатларында еркин түрде ямаса өз ўәкиллери арқалы қарама-қарсылықсыз ҳәм еркин реализациялаў;
мийўе-овощ жетистириў кластерлери менен бирге ислесиў, сондай-ақ, мийўе-овощ жетистириў кооперативлерине өз қәлеўи менен ағза болыў;
нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлерден, соның ишинде, жеңилликли кредитлерден, субсидиялардан ҳәм басқа да преференциялардан пайдаланыў;
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине өз қәлеўи менен ағза болыў;
жерге байланыслы шөлкемлердиң және хызмет көрсетиўши басқа да шөлкемлердиң аўыл хожалығы өнимин жетистириў ҳәм реализациялаўға байланыслы хызметлеринен пайдаланыў;
жеке қыйтақ жер участкаларында мәмлекетлик уйымлардың, соның ишинде, архитектура-қурылыс, экология, санитария-гигиеналық уйымлардың және өрт қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын уйымлардың руқсатнамасын алыў зәрүрлигисиз жеңил конструкциялардан ыссыханалар жаратыў;
суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм басқа да усы сыяқлы ҳуқықларға ийе.
Буннан тысқары, нызамда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жеке қыйтақ жер участкаларында қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў тараўындағы ўәкилликлери, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының тараўда қатнасыўына байланыслы мәселелер көрсетилмекте.
Нызам менен қыйтақ жер хожалығындағы қыйтақ жер хожалығы ийесиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының жеке мийнетине тийкарланыўы нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, қыйтақ жер хожалықларының есабы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен жүргизилетуғыны белгиленбекте.
Нызамның турмысқа енгизилиўи пуқаралар тәрепинен қыйтақ жер хожалығы жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилеўге, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, қыйтақ жер хожалықлары жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлериниң жаратылыўына хызмет етеди.
Сенат ағзалары бул нызамды мақуллады.
Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын додалады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламалары менен соңғы төрт жылда Өзбекстанда сөз еркинлигин, пикирлердиң ҳәр түрлилигин, адамлар өз көз қарасларын ашық-айдын көрсетиўин әмелде тәмийинлеў ушын барлық шараятлар жаратылып келинбекте. Бүгинги күнде мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллары жумысының кепилликлерин тәмийинлеў мақсетинде Конституция менен бир қатарда басқа нызамлар қабыл етилген.
Бизге белгили, сөз және пикирлеў еркинлигин нызамшылық тийкарда кепиллеў ҳуқықый демократиялық мәмлекеттиң ажыралмас бөлеги есапланады.
Бирақ соңғы ўақытларда айырым веб-сайт ямаса веб-сайт ийелери, соның ишинде, блогерлик жумысы менен шуғылланыўшы шахслардың мәлимлеме алыў ҳәм оны тарқатыў мәденияты толық қәлиплеспегенлиги себепли, бул шахслар өз ҳуқықларын әмелге асырыўында басқа да шахслардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқықлары менен мәплерине зыян жеткериў жағдайлары бақланбақта.
Қалаберди, бундай шахслардың мәлимлеме тарқатыў тараўындағы ҳуқықый мәденияты қәлиплеспегенлиги келешекте олар тәрепинен нызам талапларын бузып, өз веб-сайтынан ҳәм (ямаса) веб-сайт бетинен мәмлекеттиң бар конституциялық структурасын, аймақлық пүтинлигин зорлық пенен өзгертиўге шақырыў, урыс, диний экстремизм идеяларын үгит-нәсиятлаў, мәмлекет ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды жәриялаў, пуқаралардың ар-намысына ямаса исшеңлик абырайына зыян жеткериўши, олардың жеке турмысына араласыўға жол қойыўшы және ғалаба тәртипизликке шақырыўшы контентти тарқатыў итималын арттырмақта.
Сол себепли ҳәмме сыяқлы мәлимлеме ийелериниң де сөз жуўапкершилиги ҳәм оның ақыбетлери бойынша жуўапкершиликти сезиниўи, басқа шахслардың ҳуқықлары кепиллениўи де тийислисинше белгилеп қойылыўы мақсетке муўапық.
Атап өтилгениндей, нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси ҳәм «Мәлимлелестириў ҳаққында»ғы нызамға айырым өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызамның мақсети етип веб-сайт ямаса веб-сайт ийелери, соның ишинде, блогерлердиң ғалаба тәртипсизликлер ҳәм зорлықты үгит-нәсиятлаў, халықтың қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы жалған мағлыўмат тарқатыў, зорлықты ямаса жаўызлықты үгит-нәсиятлаў, ҳуқыққа қайшы келетуғын ҳәрекетлерге қол урыў мақсетинде мәлимлемени тарқатыўына қарсы ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған нызамшылық нормаларын киргизиў белгиленген.
Нызам қабыл етилиўи нәтийжесинде ғалаба тәртипсизлик ҳәм пуқараларға байланыслы зорлық етиўге ғалаба шақырыў, пуқараларды нызам ҳүжжетлерине әмел етпеў ямаса оларды бузыўға халық алдында, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары арқалы шақырыў, жәмийетлик тәртипке ямаса қәўипсизликке қәўип салыўшы жалған мағлыўмат тарқатыўды сапластырыў ҳәм оның алдын алыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, нызамда жәмийет, мәмлекет, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизликти көрсетиўши әдепсизлик пенен көрсетилген мәлимлемени тарқатыў, порнографияны, зорлықты ямаса жаўызлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, өзин-өзи өлтириўге үгит-нәсиятлаў сыяқлы нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм бул түрдеги ҳуқықбузарлықларға жаза илажларын күшейтиў, себ-сайт ҳәм (ямаса) веб-сайт бетиниң ийеси, соның ишинде, блогерлердиң өзлери тарқатып атырған контентлери үстинен турақлы мониторинг алып барыўы ҳәм нызам менен белгиленген талапларға қатаң әмел етиўи нәзерде тутылмақта.
Ғалаба хабар қуралларының жумысын тәртипке салатуғын арнаўлы нызамлардың қабыл етилиўи, ҳуқықый ҳүжжетлердиң бир пүтин системасын жаратады, тараўдағы қатнасықлардың ҳуқықый анықлығын тәмийинлейди және ғалаба хабар қуралларының әмелде еркинлигин кепилликлеўге хызмет етеди. Бул болса барлық тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин анық белгилеп, кейин ала өз ҳуқықларын суд тәртибинде тәмийинлениўине имканият береди.
Буннан тысқары , мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық турмысты демократияластырыў процесслери пуқаралық жәмийети субъектлериниң сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўына, сондай-ақ, әҳмийетли, исенимли ҳәм жәмийет ушын әҳмийетли болған мәлимлемени еркин тарқатыўға тийкар жаратады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларда нәзерде тутылған инфраструктураны жаратыў, санаатласыў ҳәм инновацияларға жәрдем бериў мақсетине ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы резолюциясына муўапық белгилеп алынған мәмлекетимиздиң 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларына бола Турақлы инфраструктураны жаратыў, улыўма көлемли ҳәм турақлы санаатласыў ҳәм инновацияларға жәрдем бериў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар жаратылған.
Атап айтқанда, тийисли нызамлар қабыл етилип, ҳәрекет стратегиялары ислеп шығылған және хызмет көрсетиўши структура сыпатында министрликлердиң жумысы жолға қойылған.
Соның менен бирге, бул бағдарда айырым машқала ҳәм кемшиликлер ушырасып атырғаны атап өтилди.
Соның ишинде, мәмлекетте жалпы ишки өним қурамында мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар үлесиниң жоқары екенлиги;
жоқары қосымша қунға ийе таяр өнимди ислеп шығарыў менен байланыслы технологиялық шынжырдың жоқ екенлиги;
шийки затты қайта ислеў пәтиниң төмен дәрежеде сақланып қалынатуғыны;
үскенелердиң ескириў дәрежесиниң 65 процентти қураўы және машина ҳәм үскенелер импортының жоқары екенлиги;
сыртқы саўда айланысында импорттың жоқары екенлиги;
айырым экспорт етилип атырған өнимлер көлеминиң төмен екенлиги сыяқлы бир қатар машқалалардың бар екенлиги усы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде усы парламентлик сораўды киргизиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы үйренилди.
Таллаўларға бола, бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилип атырған хызметлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-февральдағы «Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў механизмлерин жетилисириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары, 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы және Министрлер Кабинетиниң 2017 –жыл 25-апрельдеги «2018-2020-жыллар дәўиринде тек Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерди басқышпа-басқыш енгизиў кестесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында басқышпа-басқыш енгизилетуғыны белгиленген.
Бирақ үйрениўлер даўамында айырым министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен усы ўазыйпаның орынланыўының өз ўақтында тәмийинленбегенлиги және айырым түрдеги хызметлердиң өз ўақтында енгизилмегенлиги мәлим болды.
Соның ишинде, Ишки ислер министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў хызмети;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлардың дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық бериў және арнаўлы қолланылатуғын биологиялық актив затлар, жаңа химиялық затлар, азық-аўқатлық қосымшалар, биологиялық қураллар ҳәм материаллар, полимер ҳәм пластикалық массалар, парфюмерия-косметика өнимлерин шеттен алып келиў ҳәм ислеп шығарыўға руқсатнама бериў хызмети;
Қаржы министрлиги тәрепинен қамсызландырыўшыны қайта шөлкемлестириўге руқсатнама алыў, қамысландырыўшының финанслық жағдайын саламатландырыў илажларын келисиў, қамсызландырыўшының ескертиў илажлары резервинен қаржыландырылатуғын ескертиў илажларының дизимин келисиў, қамсызландырыўшылар ҳәм қамсызландырыў брокерлериниң қамсызландырыў жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыў, аудиторлық жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыў хызметлери;
Капитал базарды раўажландырыў агентлиги тәрепинен лотереялар шөлкемлестириў жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыўы, баҳалы қағазлар базарында профессионал жумыс пенен шуғылланыўға лицензия алыў хызмети;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети тәрепинен санаат қәўипсизлиги бойынша экспертиза жуўмағын алыў хызмети;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлердиң дубликатын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер бүгинги күнге шекем енгизилмеген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрман ҳәм қарарларына тийкарланып айырым ҳүжжетлерди талап етиў тәртиби бийкар етилгенлигине қарамастан, жергиликли ҳәкимликлер, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, ишки ислер ҳәм қорғаныў, халық билимлендириў министрликлерине қараслы мәкемелер тәрепинен елеге шекем талап етилип атырғанлығы анықланған.
Бул болса физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары ҳәм пәрманының орынланыўын тәмийинлемей, пуқаралардың хақылы наразылықларына себеп болмақта.
Таллаўлардың көрсетиўинше, 2020-жыл даўамында кадастр уйымлары 21 018 (2019-жылы 71 352), газ тәмийнаты кәрханалары 16 358 (2019-жыл 7 488), электр тәмийнаты кәрханалары 12 632 (2019-жылы 13 766), суў тәмийнаты кәрханалары 7 258 (2019-жылы 7 789), Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хызметкерлери 7 638 (2019-жылы 12 696), Қурылыс министрлиги системасында 5 877 (2019-жылы 17 723), салық уйымлары 8 219 (2019-жылы 9 741), мектепке шекем билимлендириў министрлиги системасында 882 (2019-жылы 4 655) нызамбузылыў жағдайларына жол қойылған.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин мәмлекетимиздиң арнаўлы экономикалық зоналарының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша қабыл етилип атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Минисрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен нормативлик-ҳуқықый тийкарларды жетилистириў, соның ишинде, нызамшылықтағы бар «ақ дақлар» ҳәм айырмашылықларды сапластырыў, ЕЭЗ басқарыў сапасын арттырыў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм инвесторлар ушын бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылған.
Буннан тысқары, глобал COVID-19 пандемиясының унамсыз ақыбетлерине қарамастан, мәмлекетте қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм виза тәртибин әпиўайыластырыў бойынша жумыслар жедел алып барылды.
Соның менен бирге, Ҳүкиметтиң жуўабында Сенаттың тийисли комитети тәрепинен Ҳүкиметке берилген мәсләҳәт ҳәм методикалық жәрдемге қарамастан, айырым мәселелер зәрүр дәрежеде көрсетилмей қалғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, бул ашық-айдын кадрлар сиясаты, веб-сайтлар ҳәм ЕЭЗ бирден-бир порталы нәтийжели ислеўин тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм мәмлекетимиздеги арнаўлы экономикалық зоналарының жумысы нәтийжелилигин баҳалаў системасы менен байланыслы.
Парламентлик сораўға жуўап додалаў жуўмақлары бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымларға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына ЕЭЗ жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың үйлесикли системасын енгизиў, олардың дирекцияларының ўәкилликлерин кеңейтиў, сырт ел инвесторларын тартыў бойынша мәлимлеме стратегиясын жетилистириў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң некелениўши жасларды медициналық тексериўден өткериў нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылға мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берилгени халқымыз, әсиресе, келешек әўлад саламатлығы мәмлекетимиз сиясатының бас мақсети екенлигинин айқын көрсетеди. Демек, некеден алдынғы медициналық тексериўлер бағдарында ҳүкиметке сораў киргизилгени парламент жәмийетимиздеги әҳмийетли мәселелерди өз ўақтында шешип, мүнәсибет билдирип атырғанлығын аңлатады.
Усы сораўда көтерилген машқалаларды шешиў бойынша Министрлер Кабинети тәрепинен белгили илажлар белгиленген. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги және жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилген.
Атап айтқанда, Ҳүкиметтиң 2003-жыл 25-августтағы 365-санлы қарары менен тастыйықланған Некелениўши шахсларды медициналық тексериўден өткериў ҳаққындағы нызамды жетилистириў, некелениўши шахсларды медициналық тексериўден өткериў системасын электрон мағлыўмат алмасыў арқалы шөлкемлестириў мақсетинде денсаўлықты сақлаў бирден-бир электрон системасын енгизиў, медициналық тексериў дәўиринде шаңарақ қурыўға тосқынлық етиўши кеселликлер анықланғанда пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымларын хабардар етиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилген.
Бирақ мәжилисте Ҳүкимет жуўабында Парламентлик сораўда көрилген 7 мәселе бойынша әмелий илажлар белгиленбегенлиги сенаторлардың хақылы наразылықларына себеп болды.
Соның ишинде, нәсил қуўалаўшы кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде жақын туўысқанлар арасында некени қадаған етиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, некелениўши жасларды медициналық тексериўден өткериўдиң сапасын арттырыў ушын жас өспиримлер медицина диспансерлериниң жумысын сын көзқарастан таллап баҳалаў, пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымлары хызметкерлериниң некелениўши шахслардың медициналық тексериўден өткенлиги ҳәм тәреплердиң медициналық нәтийжелерден хабардарлығын анықлаў бойынша миннетлеме нормаларын ислеп шығыў ҳәм жуўапкершилигин анық белгилеў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылмаған.
Буннан тысқары, сенаторлар, халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде неке алдынан медициналық тексериўди район (қала) көп тармақлы орайлық поликлиникалар жанында барлық тийисли қәнигелерди тартқан ҳалда өткериў усынысын алға қойды. Сондай-ақ, мәмлекетимизде жаңадан шөлкемлестирилген Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў орайларында арнаўлы курсларды енгизиў пикирин билдирди.
Қызғын додалаўлардан соң Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилип, орынлаўшыларға тийисли тапсырмалар берилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тасыйықланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети