Пайтахтымыз орайынан узақта жайласқан Мойнақ районының алыс «Қазақдәрья» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан «Қарақум ийшан» жәмәәтлик мешити өз жумысын баслады, деп хабар берди Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының «Paziylet.uz» сайты.

 

Ҳүкиметимиз тәрепинен аўыл турғынларының мүрәжатлары инабатқа алынып, жергиликли ҳәкимият тәрепинен мешит қурылысы ушын «Қазақдәрья» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан жер майданы ажыратылды.

Өткен бир жыл даўамында жергиликли халықтың ҳәм исбилерменлердиң инсаныйлық көмеги менен барлық қолайлықларға ийе мешит қурып питкерилди.

 

Мешитке өз дәўириниң руўхыйлық-ағартыўшылық орайы болған «Қарақум ийшан» медресесиниң аты берилди.

Илаждан соң мешитте жума намазы оқылды ҳәм «Қарақум ийшан» медресесиниң тийкарын салыўшы Қутлы хожа бабамыздың ҳәм усы мешит-медреседе ислеген, тәлим алған бәрше уламалар ҳаққына Қуран хатм етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.