Усы жылдың 5-7-февраль күнлери Болгарияның София қаласында қылышпазлық бойынша халықаралық жарыс өткерилди.

 

Жарыста сабля бағдары бойынша ҳаял-қызлар арасында болып өткен жарысларда Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ярым финалға шекем барлық қарсыласларын жеңди. Финал босағасында оған бираз әўмет жетиспеди ҳәм жарыс жуўмағында бронза медалын қолға киргизди.

Еркеклер арасында болып өткен жарысларда да Өзбекстан сайланды командасының ағзалары, жерлеслеримиз болған Шерзод Мамутов 1-орынды ийелеп, алтын, ал Пазыл Генжебаев бронза медалын жеңип алды.

 

Улыўма есапта Өзбекстан сайланды командасы усы халықаралық турнирде 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизген болса, соннан 3 медальды қарақалпақстанлы спортшылар сайланды командамыз есабына жаздырып қойды.

 

Спортшылар гезектеги оқыў-шынығыў жыйыны ҳәм халықаралық жарысқа қатнасыў ушын Грузияға жол алады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.