2021-жыл 5-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисте сенаторлар, Министрлер Кабинетиниң жуўапкер хызметкерлери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис жумысы Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «Узрепорт» телеканалында тиккелей эфирге берилди.

Сенат ағзалары тәрепинен 20 мәселе, соның ишинде, 6 нызам додаланды.

Дәслеп Олий Мажлис Сенатының 2020-жылдағы жумысы ҳәм 2021-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты 2020-жылы Конституция ҳәм нызамларда белгиленген ўәкилликлери, қалаберди, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл январьда парламент палаталарында шығып сөйлеген сөзлери және Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында сәўлеленген ўазыйпалардан келип шығып жумыс алып барды.

Нызамшылық бағдарында 71 нызам көрип шығылды. Соннан 65 нызам мақулланды, 6 сы бийкар етилди. Оларды аймақлардың мәплеринен келип шығып, сын көзқарастан- аналитикалық көрип шығыўға айрықша итибар қаратылды. Нызамлар илимпазлар, экспертлер, тәжирийбели әмелиятшыларды тартқан ҳалда комитетлер жанында дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен, жергиликли Кеңеслерде додаланды.

Және бир тәрепи. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы машқалаларды үйрениў жуўмақлары бойынша Ҳүкиметке 3 мыңнан аслам мәселелер шешиў ушын киргизилди. Усы усыныслар тийкарында 2021-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳәм инвестициялық бағдарламалар шеңберинде 8 триллион сумнан артық қаржы ажыратылыўына ерисилди.

Қалаберди, парламентлик қадағалаў шеңберинде бир қатар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ҳәкимлердиң есабаты ҳәм мәлимлемелери тыңланды.

Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханасы басшысының есабатын тыңлаў әмелияты жолға қойылып, 10 елшиниң есабаты тыңланды.

Ҳәр шеректе Ҳүкиметтиң және қаржы министриниң Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў барысы ҳәм Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы есабатлары додаланды.

Сенат комитетлери тәрепинен қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 49 үйрениў өткерилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Ҳүкимет ағзалары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына 13 парламент сораўы жиберилди. Сенаторлар тәрепинен орынлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер, халықты тәшўишке салып атырған машқалалар бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына дерлик 400 сораў жиберилди.

Буннан тысқары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 14 376 мүрәжаты көрип шығылды. 3 мыңға шамалас мүрәжат айрықша қадағалаўға алынып, ҳәр тәреплеме үйренилди. Соның ишинде, 2 мыңнан аслам мүрәжат бойынша авторларға түсиник берилди. 700 ге шамалас арза ҳәм шағымлардағы мәселелер тийкарғы деп табылып, унамлы шешилди.

Халықаралық парламентлик қатнасықлар шеңберинде сырт еллер, халықаралық шөлкемлер, халықаралық финанс структуралары ҳәм бизнес ўәкиллери менен өткерилген 80 нен аслам ушырасыўларда бирге ислесиў перпсективалары додаланды. Сырт ел парламентлери менен байланысларды системалы түрде раўажландырыў мақсетинде 40 тан аслам парламентлераралық топарлар дүзилди.

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң жумысына жәрдемлесиў бағдарында 13 нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, жергиликли кеңеслердиң ўәкилликлери кеңейтилди. Барлық дәрежедеги жергиликли Кеңеслерде өз алдына секретариатлар шөлкемлестирилди, Сенат Кеңесиниң қарары менен олардың үлги режеси ҳәм структурасы тастыйықланды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Сенат комитетлери ҳәм аппараты «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламадан келип шығып, Сенаттың Ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыўы, онда коронавирус пандемиясына қарсы гүрес ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў, онда эпидемиологиялық жағдайды турақластырыў, кеселликке қарсы ғалабалық шаншыў илажларын өткериў, социаллық-экономикалық тараў ҳәм тармақлар және аймақларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы үйренип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың турмысқа енгизилиўин тәмийинлеў, яғный аймақларда жаслар мәселелери ҳәм денсаўлықты сақлаў машқалаларын системалы түрде үйрениў ҳәм шешиў жумысларын және де күшейтиў, «Жаслар дәптерине» киргизилгенлер менен ислесиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерлерге үйретиў, кепилленген социаллық жәрдемнен толық пайдаланыўына жәрдемлесиў, бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша комплексли қатнас ҳәм стандарт емес усылларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги билдирилди.

Нызамшылық жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, қадағалаў-таллаў илажлары нәтийжелилигиниң арттырылыўын тәмийинлеў, парламентлик қадағалаў шеңбериндеги илажларды Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлар, қалаберди, аймақлар басшыларының қатнасын тәмийинлеген ҳалда халықты тәшўишке салып атырған машқалаларға тезлик пенен шешим табыў илажларын көриў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына тек ғана министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен берилген мағлыўматлар тийкарында баҳа бермей, ал, альтернатив дәреклерден пайдаланыў, еркин изленислер алып барыў, соның ишинде, пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўди күшейтиўге тийкарғы әҳмийет қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысына жәрдемлесиў, халықаралық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, халық пенен пикирлесиў, атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў, ҒХҚ, соның ишинде, социаллық тармақларда көтерилген машқалаларға мүнәсибет билдириў, зәрүр жағдайларда машқаланың шешимине тиккелей жуўапкер болған министрлик ҳәм уйым басшыларының мәлимлемесин Сенат ямаса комитет мәжилислеринде тыңлаўға байланыслы усыныслар ҳәм басламаларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул мәселе  бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Сенат ағзалары Қаршы инженерлик-экономика институтының ректоры Базаров Орифжон Шадиевич, «Наўайыазот» акционерлик жәмийети социаллық ҳәм турмыслық мәселелер бойынша бөлим баслығы Джураев Шухрат Низамович, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Сурхандәрья ўәлаяты бойынша жуўапкер шөлкемлестириўшиси Кадирова Муяссар Джумаевна, Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң орынбасары Кучкаров Бахром Тулкинович, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Низамходжаев Зайниддин Махаматович, Жиззақ политехника институтының ректоры Усмонқулов Алишер Қодирқулович, «Өзэлектроаппарат» АЖ басқарма баслығының кеңесгөйи Фарманов Александр Касимович, Хорезм ўәлаяты кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң баслығы Юсупов Эргаш Аманбаевичти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары етип сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары М.Э.Абдусаломов, О.Бобожонов, М.А.Джураева, Ж.Х.Норов, Э.Раджабов, Ж.Садыков ҳәм Э.Г.Ходжакуловтың ўәкилликлери тоқтатылды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 2-бәнти ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине муўапық, Мырза-Улығбек Элчиевич Абдусаломовты Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы етип сайлаў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы Бахтиёр Дехқонбоевич Миралимовтың ўәкиллиги мүддетинен алдын тоқтатылды.

Соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилин (омбудсманды) сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Феруза Фарходовна Эшматованы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) етип сайлаў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитетиниң баслығы лаўазымынан азат етилди.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитетиниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышында ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселеси оғада әҳмийетли ҳәм бул мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды. Усы мәниде Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитетинде ўазыйпалар көлеми жүдә кең. Бул комитетке басшылық етиў адамнан үлкен билим, турмыслық тәжирийбе, кең пикирлеў, беккем исеним, интәкерлик ҳәм күш-ғайратты талап етеди.

Мәжилисте усы Комитет баслығына сенатор Малика Акбаровна Кадирханова сайланды.

Малика Акбаровна 2015-2019-жыллары Ташкент ўәлаяты Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайының басшысы сыпатында ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша көплеген унамлы нәтийжелерге ерискен. Бир ғана мысал, ўәлаятта исбилермен ҳаяллар 2015-жылы 300 ди қураған болса, Кадирханованың жанкүйерлиги ҳәм интәкерлиги менен 2019-жылы олардың саны 4 мыңнан асқан. Ташкент ўәлаятында «Майып исбилермен ҳаяллар» ассоциациясының шөлкемлестирилиўи де тиккелей Малика Акбаровнаның ҳәрекетлериниң нәтийжеси.

Ол 2018-жылы «Дўстлик» ордени менен сыйлықланған.

М.Кадирханова Усы күнге шекем Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелер бойынша комитетинде жумыс ислеп атырған еди.

Буннан соң парламент жоқары палатасының ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 3-бәнтине ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы  9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық Халилилло Собиржонович Турахужаевты лаўазымда болыўдың мүддетсиз дәўирине Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары – пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясы баслығы лаўамына сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, усы қарар менен Лукмон Мухтарович Кадиров, Талъатжон Бахтиёрович Мелибоев, Абдурасул Ғаппорович Эранов басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.

Буннан кейин 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2020-жылдағы орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.

Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жәми 170, соннан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша – 20, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўдың тийкарғы бағдарында – 13, экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарында – 63, социаллық тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарында – 53, қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў және терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясат тараўындағы тийкарғы бағдарда 21 ҳүжжет қабыл етилгенин атап өтиў орынлы.

Есап бериў дәўиринде жалпы ишки өнимниң өсиўи өткен жылға салыстырғанда 101,6 процентти, соннан, санаат – 100,7 процентти, хызметлер – 102,3 процентти, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы – 103,0 процентти қураған.

Саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жумысының пандемия шараятында шеклениўи усы жылы саўда айланысына және хызметлер тараўының раўажланыўына унамсыз тәсир еткен. Соның ишинде, саўда айланысының көлеми 194,8 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 103,2 процентке орынланған.

Жәми хызметлер көлеми 218,9 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 102,3 процентке өскен. Қаржы тараўында 25,6 процент, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тараўында 115,3 процент, билимлендириў тараўында 7,4 процент көрсетилген хызметлерде жоқары өсиў болған.

Коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша илажларды қаржыландырыўға 3 триллион 962 миллиард сум, социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаўға 3 триллион 423 миллиард сум, кәрханаларды қаржылай қоллап-қуўатлаўға 2 триллион 485 миллиард сум, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиўге 1 триллион 340 миллиард сум, денсаўлықты сақлаў объектлерин қурыў ҳәм зәрүр инфраструктураны жаратыўға 1 триллион 22 миллиард сум, жергиликли бюджетлер ҳәм пенсия қорының шығынларын қаплаўға 595 миллиард сум муғдарында қаржылар жумсалған.

Есап бериў дәўиринде сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер есабынан 9,8 миллиард АҚШ доллары муғдарында қаржылар өзлестирилген.

2020-жылы 197 ири жойбар иске қосылған. Нәтийжеде жәми 38 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Соның менен бирге, Мәмлекетлик бағдарламаның 58 бәнтиниң орынланыўы бойынша ислеп шығылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарлары жуўапкер уйымлар тәрепинен көрип шығылмақта, 20 бәнттиң орынланыў мүддети создырылған.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың аймақлар кесиминде өз ўақтында ҳәм сапалы орынланғаны бойынша үйрениўлер өткериў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимият уйымлары менен биргеликте жумыс алып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң Боёвут, Бўстон, Олот, Тўрақўрғон, Қаршы районларын ҳәм Каттақўрғон қаласын 2020-2022-жыллары социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары бағдарламаларының орынланыўын үйрениў нәтийжелери ҳаққындағы мәселе де додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, бағдарламаның орынланыўы бойынша усы аймақларда белгили жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бағдарында дерлик 737,3 миллиард сумлық 248 инвестициялық жойбар иске қосылып, 2 700 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша белгиленген илажлар шеңберинде 6  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 7 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 3 денсаўлықты сақлаў мәкемесиниң имаратлары реконструкцияланған ҳәм толық оңлаўдан шығарылған.

Бул аймақлардағы 139,2 километр газ тармақлары, 28 газ бөлистириў қурылмасы, 59 километр электр узатыў тармақлары оңланған ҳәм 50 трансформатор орнатылған.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 2 суў объекти қурылып, 479,7 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары тартылған.

Соның менен бирге мәжилисте бағдарламаларда белгиленген қаржылар өз ўақтында ажыратылмғанлығы себепли бир қатар илажлардың орынланыўының тәмийинленбегени атап өтилди.

Атап айтқанда, 2020-жылы  әмелге асырыў белгиленген 120 орынлық 1 улыўма билимлендириў мектеби, жәми 320 орынлық 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 4 денсаўлықты сақлаў мәкемеси, 1 спорт комплекси, 2 суў объекти, 1 ирригация ҳәм 2 басқа түрдеги объектте қурылыс-оңлаў жумыслары республикалық бюджеттен қаржы ажыратылмағанлығы себепли басланбаған.

Жол инфраструктурасын жақсылаў арқалы жәмийетлик транспорт ҳәрекетин ҳәм халық ушын қолайлығын тәмийинлеў бойынша Боёвут районының аймағынан өтиўши 9 километр жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жоллары, Каттақўрғон қаласындағы 69,6 километр ҳәм Тўрақўрғон районындағы 70 километр ишки жоллар ағымдағы оңлаўдан шығарылмаған.

Қаршы районында 9 трансформатор орнатыў ҳәм 27,5 километр электр узатыў тармақларын қурыў және реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмаған, энергетика тараўы бойынша белгиленген 40 тапсырмадан 33иниң орынланыўы тәмийинленбеген.

Каттақўрғон қаласындағы 37 көп квартиралы турақ жайларды оңлаў жумыслары ушын бағдарламада белгиленген дәреклерден қаржылар қаратылмағанлығы нәтийжесинде әмелий жумыслар басланбаған.

Қаршы районында көп квартиралы 50 ден аслам турақ жайлардың төбеси, фасад ҳәм кириў жолларын оңлаў бойынша халықтың қаржылары ҳәм коммерциялық банклердиң кредит қаржыларын тартыў бойынша жергиликли  ҳәкимлик тәрепинен зәрүр илажлар көрилмеген.

Үйрениў даўымында анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша Сенат жумысшы топары тәрепинен алып барылған әмелий жумыслар нәтийжесинде 1 миллиард  572 миллион сумлық 17 илаждың орынланыўын тәмийинлениўге ерисилди.

Мәжилисте усы аймақларды 2020-2022-жыллары социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары бағдарламасның орынланыўын үйрениў даўамында анықланған кемшиликлерге итибар берилди. Сенат ағзалары оларды сапластырыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң «Сайлаў нызамшылығының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы додаланды.

Елимизде соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў  және мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўларды ашық-айдын ҳәм еркин принциплер тийкарында өткериўде халық ҳәкимияты ҳәм сиясий плюрализмниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм сайлаў системасын басқышпа-басқыш модернизациялаў бойынша бир қатар әмелий илажлар көрилди.

Бирақ 2019-жылы болып өткен парламентлик сайлаўларда жүзеге келген бир қатар кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў халықаралық шөлкемлердиң айырым мақул усынысларын миллий нызамшылыққа имплементациялаў арқалы елимизде усы тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мәнисин халықаралық жәмийетшиликке жеткериў зәрүрлиги пайда болды.

Усы нызам сайлаў процесине байланыслы бирден-бир ашық-айдын ҳәм нәтийжели көзқарасларды нәзерде тутқан ҳалда ислеп шығылған болып, соның менен бир қатар өзгерислер киргизилип атыр.

Соның ишинде, миллий экспертлердиң пикирлери тийкарында ислеп шығылған усыныслар тийкарында халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине сайлаў өткериўши округлик сайлаў комиссияларының институты тоқтатылмақта ҳәм олардың ўәкилликлери районлық (қалалық) сайлаў комиссияларына жүкленбекте. Сондай-ақ, сырт елде жасап атырған Өзбекстан пуқараларының дипломатиялық ўәкилханалардың консуллық есабында болыўы ямаса болмаўына қарамастан сайлаўшылардың дизимине киргизиў тәртиби, сырт мәмлекетлерде сайлаўшылар жасап атырған ямаса ислеп атырған орнында көшпели қутыларда даўыс бериўдиң ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.

Буннан тысқары, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында, әскерий бөлимлерде шөлкемлестирилген сайлаў участкаларын бақлаўшылар өзиниң келиўи ҳаққында 3 күн алдын хабардар етиў тәртиби белгиленбекте.

Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының усыныслары тийкарында бир қатар өзгерислер киргизилмекте. Яғный:

сайлаў комиссияларының талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириўге байланыслы ўазыйпасы шығарып тасланбақта;

сайлаўалды үгит-нәсиятлаў дәўиринде мәмлекетлик ресурслардан пайдаланыў қадаған етилмекте;

сайлаў нәтийжелерин жәриялаў мүддетлериниң тийкарсыз созылыўының алдын алыў мақсетинде сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен шағым мүддети 10 күннен 5 күнге шекем қысқартылмақта;

сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўы ушын ажыратылған қаржылардан пайдаланыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде олар тәрепинен сайлаўдан алдын аралық ҳәм сайлаўдан соң жуўмақлаўшы финанслық есабатларды, сондай-ақ, Есап палатасының партиялардың жумысын тексериў нәтийжелерин жәриялаў тәртиби енгизилмекте.

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық Президентлик сайлаў, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына және жергиликли ўәкиллик уйымларына сайлаўлар тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – декабрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи.

Киргизилип атырған өзгерислер менен сайлаўларды октябрь айында өткериў усыныс етилди.

Сенаторлардың пикиринше нызамның қабыл етилиўи улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартлары тийкарында сайлаў нызамшылығын және де жетилистиреди, сайлаў процесслериниң және де ашық ҳәм айдын болып өтиўи, Өзбекстанның дүнья еллери демократия индексиндеги көрсеткишлериниң жақсыланыўына ерисиледи. Сондай-ақ, сайлаўлардан кейин жоқары мәмлекетлик уйымларды өз ўақтында қәлиплестириў ҳәм әҳмийетли сиясий қарарларды қабыл етиў ушын тийкар жаратады. Бул ҳүжжет пенен пуқаралардың сайлаўларда белсене қатнасыўына ерисиледи және бақлаўшылар ҳәм сайлаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратылады.

Усы өзгерислер ҳәм қосымшалардың киргизилиўи елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында үлкен орын ийелейди ҳәм ашық-айдынлық ҳадаллық сыяқлы демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендиреди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, әмелдеги нызам 2000-жылы қабыл етилген болып, реформалар себепли соңғы жыллары аудит базарында жүз берген өзгерислер оны тиккелей әмел етиў сапасын төменлетип, нәтийжесиз, бүгинги талапларға толық жуўап бермейтуғын жағдайға келтирген.

Жаңа нызам болса экономиканы либералластырыўда институционаллық өзгерислердиң тереңлесиўинде әҳмийетли орын тутатуғыны тәбийғый.

Бул нызам халықаралық принциплер ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында аудиторлық жумысты тәртипке салыўдың нәтийжели шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмин жаратыў мақсетинде ислеп шығылған.

Бул ҳүжжет базар экономикасы талапларына жуўап беретуғын аудиторлық хызметти шөлкемлестириў, жумыс сапасы ҳәм аудиторлық кәсиптиң абырайын арттырыўды да нәзерде тутады.

Нызамның әҳмийетли тәреплеринен және бири – аудиторлық жумыстың лицензияланатуғын жумыс түрлери қурамынан шығарылыўы белгиленип атырғаны да болып есапланады.

Және бир тәрепи. Нызам менен аудиторлық жумыс тек ғана Аудиттиң халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырыўға өткерилмекте. Мәжбүрий аудиторлық тексериўден өтиўи зәрүр болған социаллық әҳмийетке ийе шөлкемлер дизими де қәлиплестирилмекте.

Улыўма алғанда, аудиторлық жумысты тәртипке салатуғын қағыйда ҳәм нормалар және нормативлик ҳүжжетлерди бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетте топлаў системаласпақта.

Сондай-ақ, аудиторлық шөлкемлерине қолайлылық ҳәм жеңилликлер жаратыў мақсетинде олардың устав капиталы муғдарына болған талап бийкар етилмекте және олардағы аудиторлардың ең аз саны кеминде төртеў болыўы да нәзерде тутылмақта.

Халықаралық әмелияттан келип шыққан ҳалда бир хожалық жүргизиўши субъектте аудиторлық тексериўди избе-из жети жылға шекем өткериўге руқсат берилмекте.

«Тәўекелшилик-таллаўы» тийкарында аудиторлық шөлкемлердиң жумыс сапасын сыртқы қадағалаўдан өткериў ҳәм оның нәтийжелерин ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм аудиторлар республикалық жәмийетлик бирлеспелериниң рәсмий веб-сайтында жәриялаў нәзерде тутылмақта.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Өзбекстан Республикасының Жынаят және Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллар даўамында жынаят процеси барысында пуқараларды мәмлекет тәрепинен қорғаўға қаратылған сезилерли реформалар әмелге асырылды. Әсиресе, кейинги 3-4 жылда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, суд-ҳуқық тараўында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери тәмийинленди. Бул нызам мине усы реформаларды және бир мәрте беккемлеўге қаратылған.

Нызам менен нәзерде тутылған биринши бағдардағы дүзетиўлерде жынаят исиниң тергеўге тийислилиги мәселесин шешиўде биринши  гезекте тергеў уйымларының ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары, системада қәлиплескен тәжирийбе, бар күш ҳәм имканиятларына итибар қаратылды.

Атап айтқанда, прокуратура уйымлары тәрепинен пуқаралардың өмири, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мәплерине қәўип туўдырыў менен байланыслы және басқа да коррупциялық ҳәм лаўазымлылық жынаятлар, ишки ислер уйымлары тәрепинен пуқаралардың денсаўлығы, мүлки, жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизлигине қарсы қаратылған, мәмлекетлик қәўипсизилик хызмети уйымлары тәрепинен мәмлекеттиң конституциялық системасы, суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм басқа да мәплерине қарсы қаратылған жынаятлар бойынша да дәслепки тергеўдиң әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта.

Нызам менен киргизилип атырған екинши бағдардағы дүзетиўлер жумысты судта көриў ушын тайынлаў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған болып, онда Жынаят-процессуал кодекске дәслепки тыңлаў институтын енгизиўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған.

Киргизилип атырған үшинши бағдардағы дүзетиўлерге тийкарланып Жынаят-процессуал  кодекси көрсетиўлерди алдынан беккемлеў (депонентлеў)ге байлаыслы жаңа институт пенен, айыбын мойнына алыў ҳаққындағы келисим институты менен және жынаят процесинде пуқараның ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиўге қаратылған нормалар менен толықтырылмақта.

Усы нызам менен  елимизде суд-тергеў жумысы, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери  қорғалыўының тәмийинлениўине, тергеў ҳәм суд уйымларының ўазыйпалары ҳәм жумысының тийкарғы бағдарлары анық етип белгилениўине, жоқарыда атап өткен түрдеги жынаят ислери тергелиўинде тергеў уйымлары арасында шубалаңқылықтың алды алыныўына ерисилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

 

Соң «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик-жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде адам саўдасы қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳәм социаллық реабилитациялаў, сондай жынаятлардың қурбанына айланған пуқараларға медициналық-психологиялық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиў, адам саўдасына байланыслы пуқараларды тергеў ҳәм жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ, бундай жынаятларды ислеўге имканият берип атырған шараятларды сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар көрилмекте.

Әсиресе, Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясы тәрепинен елимизде жас өспиримлердиң мәплерин қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў, оларды мәжбүрий мийнетке, қадаған етилген ямаса нызамсыз бирлеспелердиң жумысына тартыў және жас өспиримлерден шахвоний мақсетлерде пайдаланыў жағдайларына шек қойыў ҳәм бундай ҳәрекетлерди ислегенлердиң жуўапкершигин сөзсиз тәмийинлеўде бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

«Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам усы системалы илажлардың логикалық даўамы болып есапланады.

Соның ишинде, Жынаят кодексинде, он алты жастан он сегиз жасқа шекемги пуқараның он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған жағдайда оған материаллық баҳалы затлар бериў ямаса оны мүлклик мәпдар етиў арқалы оның менен жынысый байланыс жасаў ушын жуўапкершилик белгиленбекте. Онда жынаяттың объектив тәрепи зәрүрий белгиси сыпатында қылмыс сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин жүз бергенлиги белгиленбекте. Усының менен жас өспиримлердиң жеңил жолдан жүриўинен пайдаланыў жағдайларына шек қойыў арқалы тек ғана он алты жасқа шекем емес, ал он сегиз жасқа толмаған пуқаралар, яғный бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң қорғалыўы кепилликленеди.

Соның менен бирге, бул жынаят объекти сыпатында он сегиз жасқа толмаған пуқараның нормал ҳәм әдеп-икрамлылық раўажланыўы екенлигин есапқа алып, жынаят субъекти жасын 18 жас етип белгиленбекте.

Буннан тысқары, жас өспирим пуқаралардың мәплерин қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў, оларды мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайларына шек қойыў мақсетинде жуўапкершилик мәселеси күшейтилип, жас өспирим пуқараны мийнетке қандай да бир түрде ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлегени ушын тиккелей жынайый жуўапкершиликке тартылатуғыны бегиленбекте. Усы мүнәсибет пенен мийнетке ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлегени ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстеги тийисли норма шығарылмақта.

Сондай-ақ, жас өспирим пуқараны Өзбекстан Республикасында нызамсыз жәмийетлик бирлеспелер ҳәм диний шөлкемлер, ағымлар, секталар жумысында қатнасыўға ийтермелеў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте. Бул болса жас өспирим пуқараларды нызамсыз жәмийетлик бирлеспелерге тартыў ушын кескин илажлар көриў арқалы жас өспиримлердиң усы жынаятлардың қурбаны болыўы қәўпин алдын алыўға, олардың мәплериниң мәмлекет тәрепинен кепилликли қорғаўды және де күшейтиўге хызмет етеди.

Бул нызамның турмысқа енгизилиўи адам саўдасынан жәбирленген пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин кепилликли қорғаў, сол тәризде халықаралық майданда мәмлекетимиздиң абырайы артыўына, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында әдил ҳәм дурыс мағлыўматларды кең жәмийетшилик және халықаралық жәмийетшиликке жеткериўге жәрдем береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, Сенат ағзалары тәрепинен «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы мақулланған еди. Онда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер түсиниги, түрлери, усы ҳүжжетлердиң өз-ара байланысын белгилеў, сондай-ақ, оларды режелестириў, баслама көтериў, таярлаў, келисип алыў, қабыл етиў, жәриялаў, олардың орынланыўын шөлкемлестириўди тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў белгиленген еди.

Қабыл етилген нызамның тийкарғы принциплери етип төмендегилер:

– қайсы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер екенлиги;

– конституциялық нызамлар ҳәм кодекслер нени билдиретуғынын;

– нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди тәртипке салыў шеңберлерин белгилеў, оларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын жуўапкершиликти, сондай-ақ, хожалық басқарыў уйымларының ўәкилликлерине киретуғын мәселелерди және корпоративлик қатнасықларды тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын ҳуқықый нормалар анық белгиленген.

Оның логикалық даўамы сыпатында усы нызам менен 5 Конституциялық нызам, 294 нызам ҳәм 1 Олий Мажлис қарарына өзгерис киргизилмекте. Онда усы барлық өзгерислер мазмуны ҳәм концептуаллығы жағынан бирдей болып есапланады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары нызам ҳүжжетлери болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың буйрықлары  және қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының қарарлары нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер болып есапланады.

Усыларға тийкарланып, бул нызам менен нызам дөретиўшилиги ҳәм нызамшылық тараўында қолланылыўы зәрүр болған атамалар менен байланыслы өзгерислер киргизилмекте.

Бул өзгерислердиң киргизилиўи миллий нормативлик-ҳуқықый базада мәмлекетлик тилдеги «нызамшылық» түсинигиниң бир түрделигине ерисиледи. Өз гезегинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлердиң алды алынады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы додаланды.

Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қәдем қойып атырған Жаңа Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында тийкарғы өзгерислер, үшинши Ренессансқа тийкар болатуғын реформалар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, жақсы қоңсышылық ҳәм конструктивлик қарым-қатнасқа тийкарланған сиясатымыз себепли Орайлық Азияда пүткиллей жаңа дослық орталығы жүзеге келди.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийнлеў, сондай-ақ,  салмақлы, өз-ара пайдалы сыртқы сиясатты әмелге асырыў мәселелери тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң парламентке жоллаған Мүрәжатында Бирлескен Миллертлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының резолюциясы менен  ҳәр жылы 30 июль – Халықаралық дослық күни сыпатында кеңнен белгилениўин инабатқа алып, бул сәнени Өзбекстанда «Халықлар дослығы күни» деп белгилеў усыныс етилген.

Сондай-ақ,  мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 2-марттағы пәрманына муўапық тастыйықланған «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында «Халықлар дослығы ҳәм улыўмахалықлық тилеклеслик күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырмасы белгиленген.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын  тәмиийнлеў мақсетинде ислеп шығылған «Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамында халқымызға тән кеңпейиллик ҳәм мәңги дослық идеялары көринис тапқан.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 130дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллери жасап, 141 миллий-мәдений орай ҳәм 36 дослық жәмийети жумыс ислемекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 4-майдағы пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының орайларында «Дослық үйлери» шөлкемлестирилди.

Түрли миллетлер ўәкили болған 14 интакер ҳәм пидайы ўатанласымыз Өзбекстан Қаҳарманы жоқары атағы менен сыйлықланғанын айрықша атап өтиў орынлы болып табылады.

Түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тиллеринде билим алыў имканиятын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздиң билимлендириў мәкемелеринде  оқыў 7 тилде, яғный өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринен тысқары рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде де алып барылмақта. Жоқары билимлендириў орайларында болса бир неше туўысқан ҳәм сырт ел тиллеринде билим алыў имканияты жаратылған.

Телерадиоларда 12  тилде көрсетиў ҳәм еситтириўлер эфирге берилип атырғанлығы, газета ҳәм журналлар 10 нан аслам тилде басылып шығарылып атырғанлығы  мәмлекетимиздеги миллетлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршилик орталығының әмелдеги үлгиси болып сеапланады.

2019-жыл 15 –ноябрьде пәрманға муўапық Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларын буннан былай да раўажландырыў тараўында мәмлекетлик  уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесин буннан былай да арттырыў мақсетинде Миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясаты концепциясы тастыйықланды.

Халықлар дослығы ҳәм улыўмахалықлық тилеклеслик күнин байрам сыпатында белгилеўден тийкарғы мақсет иснанлар, халықлар, мәмлекетлер, улыўма алғанда, жәмийеттиң түрли қатламлары және структуралары арасында аўызбиршилик, кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў ҳәм дослық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.

Сенат ағазалары бул нызамды мақуллады.

Соң илимий жумысты раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлардың жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Ҳүкимет тәрепинен парламентлик сораўға белгиленген мүддетте жуўаплар берилди ҳәм Сенаттың тийисли Комитет ағзалары тәрепинен жуўаплар талланды.

Жуўапта илим ҳәм илимий жумысты жетилистириўге қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилгенлиги, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-октябрьдеги «Илимди 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы және Министрлер Кабинетиниң  2020-жыл 6-ноябрьдеги «Илимий дәрежели кадрларды таярлаў процеслериниң  ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланғанлығы мәлим етилген.

2019-жылы Ташкент қаласынан тысқары аймақларда ажыратылған квоталар 376ны қураған болса, 2020-жылы   бул көрсеткиш 558 ге шекем жеткерилген.  2021-жыл ушын докторантураға 842 квоталар ажыратылған. Соның менен бирге, химия, биология, геология ҳәм математика бағдарлары бойынша докторантураға квоталардың саны өткен жылғыға салыстырғанда сезилерли дәрежеде арттырылған.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы илимий шөлкемлер тәрепинен ҳәзирги күнде илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде улыўма баҳасы 53,5 миллиард сумлық  147 жойбар орынланбақта.

Мәжилисте парламентлик сораўда айырым мәселелер бойынша жуўаплар жетерлише  көрсетилмегенлиги сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

Атап айтқанда, илимге бағдарланатуғын улыўма қаржылардың жалпы ишки өнимге салыстырғанда улеси 2025 –жылға шекем 6 есеге (ЖИӨ салыстырғанда 1,2 процент), қарамастан, оны тәмийинлеў бойынша ҳүкимет тәрепинен 2021-жылы алып барылатуғын жумыслар бойынша анық мағлыўматлар  берилмегенлиги, инновациялық  жумысты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из реформаларға  сәйкес түрде илимий жумысқа байланыслы аймақлық бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен анық илажлар белгиленбегенлиги, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳәм қурамында билимлендириў мәкемелери болған тараўларда илимий потенциалды арттырыў бағдарында таллаўлар, прогнозлар ҳәм анық усыныслар ислеп шығылмағанлығы атап өтилди.

Додалаў нәтийжелерине бола, Министрлер Кабинетине парламентлик сораўда қойылған мәселелерге жүзеки қатнас жасаған жуўапкерлердиң  жуўапкершилигин арттырыў және  сораўда көрсетилген барлық мәселелерди терең үйренип, нәтийжеси бойынша Сенатқа мәлимлеме киргизиў тапсырмасы берилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар мәмлекетимизде тасқынлар, сел ағымлары, көшки қәўипи бар таў ҳәм таў алды аймақларында жайласқан елатлы пунктлери және экономикалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда Ҳүкимет тәрепинен үйрениў алып барылған. Оның нәтийжелери суў тасқынлары ҳәм сел ағымларын қәўип-қәтерсиз өткерип жибериўди тәмийинлеў, қар көшиўи ҳәм жер көшкиси ҳәдийселериниң қәўипин азайтыў бойынша Ҳүкиметлик комиссияның мәжилисинде додаланған ҳәм белгили жумыслар әмелге асырылған.

Парламентлик сораўда  көтерилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланып, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, атап айтқанда, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Наманган, Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимлерине гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық қәўипли аймақларда жасап атырған пуқараларды қәўипсиз көшириў бойынша  тийисли көрсетпелер берилген. Соның ишинде, гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық  қәўипли участкалардан турақлы көширилген халыққа компенсация пулларын төлеў;

таў ҳәм таўлы аймақларда Қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызмети ҳәм Өзгидромет жуўмақларысыз қурылған санаат, хожалық ҳәм басқа объектлердиң саны ҳаққындағы анық мағлыўматларды қәлиплестириў;

гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық қәўипли аймақларда жайласқан елатлы пунктлер ҳәм экономика объектлерин тасқынлар, сел ағымлары ҳәм көшки ҳәдийселеринен қорғаў мақсетинде киргизилген усыныс хаты ҳәм көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў;

дәрьялар ҳәм булақлардан металл емес пайдалы қазылмалар нызамсыз қазып алыныўының алдын алыў бойынша тәсиршең, соның ишинде, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети инспекторларының материаллық-техникалық тәмийнатын беккемлеў илажларын көриў;

тараўда бар системалы машқалаларды шешиў мақсетинде бул бағдардағы илажларды тәртипке салыўшы  нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қайта көрип шығыўға байланыслы ўазыйпалар белгиленген.

Мәжилисте Парламентлик сораўда көтерилген айырым мәселелерди шешиўге жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, магистрал газ қубырларының дәрья аңғарлары ҳәм каналлардан ашық жағдайда кесип өткен участкалары жанында шөлкемлестирилген метал емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының алып барылылўы, бул аймақларда бахытсыз ҳәдийселер жүз бериўине, магистрал газ қубырларының авариялық жағдайы мүнәсибети менен тоқтаўына ҳәм республика көлеминде тәбийғый газ тәмийинатының бир тегис жеткерип берилиўине унамсыз тәсир етпекте.

Металл емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумыслары ушын тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен лицензия бериў жумыслары «Ўзтрансгаз» АЖның  аймақлық  бөлимлери менен рәсмий келисилген ҳалда шөлкемлестириў керек екенлиги және Ҳүкимет тәрепинен тастыйықланған илажлар режесинде белгиленген ўазыпалардың орынланыўы ҳаққында 2022-жыл 1-январьға шекем ҳәр ярым жылда Сенатқа мағлыўмат берип барылатуғынлығы билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 5-февральдағы «З.Низамходжаевты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары дизиминен шығарыў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып Зайниддин Махаматович Низамходжаевты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымынан азат етиў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Буннан тысқары, Ф.Ф. Эшматованы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер  теңлик мәселелери бойынша комитети қурамынан шығарыў, қалаберди, А.Х.Тошқуловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитетиниң қурамынан шығарыў ҳаққында да тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети