«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң видеоконференцбайланыс түринде мәжилиси болып өтти.

Онда парламент жоқары палатасының тоғызыншы жалпы мәжилисинде көрип шығылыўы режелестирилген мәселелер дәслепки тәризде додаланды.

Дәслеп «Мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң кәпилликлери буннан былай да күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан  Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы додаланды.

Усы нызам менен «Мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының  кепилликлери ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм Жер кодексине өзгерислер киргизилмекте.

Өз орнында,  киргизилип атырған нормаға тийкарланып, жер участкасын ямаса оның бир бөлегин мәмлекет ҳәм жәмийет  зәрүрликлери ушын алып қойыў жер ийесиниң келисими болған жағдайда  ямаса жерден пайдаланыўшы ҳәм ижарашы менен  келисилген ҳалда тийисли халық депутатлары, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери қарарына ямаса Министрлер Кабинетиниң қарарына бола әмелге асырылады.

Сондай-ақ, жер участкаларының ҳәкимлер тәрепинен алып қойылыўын шеклеў белгиленбекте. Жер участкасына ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў, сондай-ақ, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын сапластырыў бойынша ўәкилликлерин шеклеў нәзерде тутылмақта.

Қалаберди, район, қала, ўәлаят ҳәкимлериниң қарары ямаса Министрлер Кабинетиниң қарары менен жер участкасына ийелик етиў ҳуқықы ямаса оннан пайдаланыў ҳуқықын тек төрт жағдайда сапластырыў әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Усы нызамның  турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде мүлк ийелериниң ҳуқықлары, оларды өз мүлкине болған мүлк ҳуқықынан тийкарсыз түрде айырыўдан қорғаў кепиллиги беккемленеди.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары күнин  белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының қурамына киретуғын 14 тармақ кәсиплик аўқамы 32,5 мыңнан аслам  басланғаш шөлкемди бирлестирген. Ағзалардың саны 5,5 миллионды қурап, олардан 2,5 миллионы ҳаяллар және 2 миллионнан асламы 30 жасқа шекемги жаслар болып есапланады.

«Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызам менен бул структураларға қосымша ҳуқықлар берилмекте. Енди кәсиплик аўқамлары социаллық-экономикалық бағдарламаларды дүзиўде қатнасыў, бәнтлик, мийнетти қорғаў мәселелерине өзлериниң пикирлерин мәмлекетлик уйымларға усыныс тийкарында киргизиў сыяқлы ҳуқықларға ийе болмақта.

Жаңа нызам менен 11 –ноябрь – Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары күни деп белгилениўи күтилмекте. Бул болса халқымыздың көп миллионлы ўәкиллерин өзинде бирлестирген система хызметкерлериниң бирлигин, аўызбиршилигин және де беккемлейди.

Нызамның  қабыл етилиўи кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин, бәринен бурын, мәнаўий қоллап-қуўатлаў, олардың және де нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў, шөлкемниң  пидайы хызметкерлерин хошаметлеўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жылдың тоғыз айы даўамында Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы ҳаққындағы есабаты да додаланды.

Көрип шығылған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл  етилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы