Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-ноябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң видеоәнжуман түринде болып өтетуғын мәжилисинде қатнасады.
Россия басшылығында өткерилетуғын бул ушырасыў күн тәртибинен жаңа глобал қәўип-қәтерлердиң күшейиўи шараятында ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери орын алған.
Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер делегацияларының басшылары тийкарғы бағдарларда ҳәр тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайын таллап, оларды раўажландырыў перспективаларын додалайды, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысады.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң де саммит қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллаўы күтилмекте.
Мәжилис соңында ШБШ шеңберинде, соның ишинде, қәўипсизликти тәмийинлеў, экономикалық кооперация, санлы технологияларды енгизиў, аўыллық аймақларды раўажландырыў, эпидемияларға қарсы нәтийжели гүресиў ҳәм басқа тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған Москва декларациясы ҳәм ҳүжжетлер топламының қабыл етилиўи режелестирилген.
ӨзА