Дыққат таңлаў! 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим» сүрени астында Республикалық таңлаў жәриялады.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын арттырыў, мәмлекетлик тилин миллий қәдирият сыпатында үгит-нәсиятлаў, оған қарата миллий идея сезимин тәрбиялаў, тилимиздиң халықаралық абырайын беккемлеў, және де әҳмийетлиси, мәмлекетлик тилге байланыслы машқалаларды шешиўге унамлы дөретиўшилик қатнасты раўажландырыўдан ибарат.

Таңлаўға усынылып атырған дөретиўшилик жумыслар халық және жаслардың түсиник шеңберин кеңейтиў, жәмийетлик белсендиликти ҳәм миллет тәғдирине байланыслы сезимлерди күшейтиў, китапқумарлық мәдениятын, жазба ҳәм аўызеки саўатлылықты арттырыў, жас әўладқа өзбек тилине миллий идея сезимин қәлиплестириў, олардың кеўлинде улыўмаинсаныйлық қәдирятларға иззет-ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў, сондай-ақ, дөретиўшилк жумысларда сырт еллердеги жерлеслеримиз ҳәм өзбек тилин сүйиўши сырт еллилердиң өзбек тилине муҳаббатын ҳәм итибарын көрсетиў, өзбек тилиниң әмелдеги халықаралық абырайын беккемлеўге хызмет етиўи лазым.

Өзбек тилиниң әмелдеги абырайын беккемлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик тилге байланыслы машқалаларды шешиўге кең жәмийетшиликтиң дөретиўшилик жақтан раўажландырыў; билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик уйымлар, мийнет жәмәәтлеринде көрсетиў және де халық арасында кеңнен  ен  жайдырыў ушын өзбек тили ҳәм әдебиятына байланыслы дөретиўшилик жумыслар топламын жаратыў; қәбилетли жаслардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм раўажландырыў, олардың мәмлекетлик тилди үгит-нәсият етиўши дөретиўшилик үлгилерин хошаметлеў ҳәм ғалабаластырыў таңлаўдың тийкарғы мақсети есапланады.

Таңлаў төмендеги номинацияларда өткериледи:

  1. Ең жақсы көркем шығарма (поэзиялық дөретпе – 30 қатарға шекем; прозалық гүрриң – көлеми 3600 баспа белгиге шекем).
  2. Ең жақсы публицистикалық мақала (очерк, сүўретлеме – көлеми 5400 баспа бетине шекем).
  3. Өзбек тилин сырт елде ең жақсы үгит-нәсиятлаў (өзбек миллетине тийисли ямаса сырт ел пуқаралары тәрепинен жаратылған өзбек тилин үгит-нәсият етиўге қаратылған илимий, көркем, музыкалық шығармалар және де аудио, видео өнимлер).
  4. Ең жақсы жақсы социаллық роликлер (аудио, видеороликтиң даўамлылығы 3 минутқа шекем).

Таңлаў жеңимпазлары ақшалай сыйлықланады.

Ең үлгили, идеялық-көркем жетик  дөретиўшилик жумыслар ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит нәсиятланады.

Дөретиўшилик жумыслар усы жылдың 20-сентябрине шекем «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим» атамасы менен info@til.gov.uz  электрон почтасы ямаса @ til.uz _Bot телеграм мәнзилине онлайн қабыл етиледи.

Таңлаў бойынша қосымша мағлыўматларды www.til.gov.uz,  www.manaviyat.uz сайтлары және де ( 99 847-69-41), (97 752-33-99) телефон номери арқалы байланысыўыңыз мүмкин.

 

ӨзА