ДСМ жанындағы Корнавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Барно Абдусаматованың билдириўинше, ҳәмиледар ҳаяллар менен бирге нәрестелерде де жүдә минимал процентте коронавирусқа шалыныў бақланбақта.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми ана коронавирус пенен кеселленген болса да, жаңа туўылған баланы көкирек сүти менен емизиўиди усыныс етпекте. Себеби көкирек сүтинде жүдә көп иммуномодулинлер ҳәм кеселликке қарсы гүресетуғын антиденешелер бар. Сонлықтан ана сүти бала ушын «биринши емлеў» ўазыйпасын атқарады.
Тәжирийбелердиң көрсетиўинше, ана сүти нәрестелерге вакцинадай тәсир етпекте.
Коронавирус пенен кеселленген анадан туўылған нәрестелерден 12-24 саат ишинде ҳәм 24 сааттан кейин алынған тестлер олардың иммунитетинде кеселлик пенен гүресиў қәбилетиниң қәлиплескенин көрсетпекте.
ӨзА