Дем алыс күнлери пүткил Өзбекстан аймағына қубла тәрептен ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа тарқалады. Күндизги температура 39-42 градусқа шекем көтериледи. Бул жаз айының нормадағы өлшемлеринен 4-6 градусқа жоқары болып табылады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, бүгин – 17-июль күни Өзбекстанның арқа ҳәм шөл зонасында ҳаўа алағат бултлы болып, 37-40 градус әтирапында ыссы болады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.