Түрли мәмлекетлерде коронавирус инфекциясының раўажланыўы ҳәр қыйлы дәрежеде өтпекте, бирақ оларды төрт сценарий бойынша баҳалаў мүмкин, деди Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң басшысы Тедрос Адханом Гебреесус.
Ол биринши топарға Қубла-шығыс Азия, Тыныш океаны регионы, Кариб бассейни ҳәм Африканы киргизди. Бул регионларда ҳүкимет инфекцияның тарқалыўы ҳаққында халықты өз ўақтында ескерткен ҳәм барлық мағлыўматларды берген.
ЖДСШ басшысының атап өтиўинше, усы мәмлекетлердиң басшылары «қадағалаўды өз қолларына алыўға ерискен». Олар халыққа зәрүр илажлар көриў бойынша нәтийжели көрсетпелер бере алған.
«Европа» сценариясында инфекция тарқалыўы оғада жеделлесип кетти. Бул регионда жағдай ҳүкиметлердиң оператив ҳәрекетлери ҳәм халықтың таяр екенлиги себепли қадағалаў астына алынды.
Үшинши сценарийге ҳүкимет шеклеў илажларын көрген кейин ала шеклеўлерди жумсартыў ақыбетинде кеселлениў және артып кеткен мәмлекетлер киргизилди. Гебреесустың шамалап айтыўынша, бул мәмлекетлер «басламаны қолдан жибермекте, себеби енгизилген илажларға әмел етпей атыр ямаса улыўма орынламай атыр». ЖДСШның басшысы бул сценарийге киргизилген мәмлекетлердиң атын айтпады.
Төртинши сценарийге Арқа ҳәм Қубла Америка, Қубла Азия ҳәм Африканың айырым мәмлекетлери киргизилди. Бул мәмлекетлерде кеселленгенлердиң саны кескин артып кеткен. Гебреесустың атап өтиўинше, коронавирус пандемиясының орайы елеге шекем еки Америка болып турыпты.
ЖДСШның мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытқа шекем дүнья жүзи бойынша коронавирус инфекциясына шалынғанлардың саны 13 ярым миллион адамнан асты.
ӨзА