АҚШтың Бостон университети жуқпалы кеселликлер миллий лабораториясының илимпазлары Signify компаниясы менен биргеликте коронавирусты 25 секундта жоқ етиўдиң жаңа усылын анықлады. Бул ҳаққында «Российская газета» дәреги хабар берди, деп жазады xs.uz  сайты.

Атап өтилиўинше, арнаўлы шыра (лампа)лардан тарқалатуғын ультрафиолет нурланыў менен SARS-CoV-2  вирусын нәтийжели зыянсызландырады. Гәп сонда, қәнигелер вирус пенен зыянсызландырған материалды ультрафиолет нурлар менен ҳәр қыйлы дозаларда қайта ислеп көрди. Мәлим болыўынша, 5 мегажоуллик дозалаўда вирустың бир метр квадрат майданда тарқалыў қәўипи 99 процентке азайып кеткен. Бул көрсеткиш 22 мегажоулге шекем көтерилгенде болса, «коронавирус» 25 секундта дерлик толық жоқ болып кеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги