Жаз айлары аўыл хожалығы егинлерин ҳәр түрли зыянкеслер, кеселликлер   ҳәм  жабайы  шөплерден  қорғаў  мәўсими  болып есапланады. Ҳәзирги күнде  Қарақалпақстан  Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы агроном-инспекторлары тәрепинен «қаўын шыбыны»  зыянкесине қарсы гүресиў илажлары алып барылмақта.

Инспекция тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бул зыянкес дүньяның көплеген мәмлекетлеринде тарқалған болып, ол өнимдарлықты ҳәм өнимниң сапасын төменлетип жибереди. Қарақалпақстан   Республикасы  шараятында палыз егинлери майданларынан жоқары өним  алыўға да бул зыянкес унамсыз тәсир көрсетпекте. Сол себепли, өнимлерди  «қаўын шыбыны»нан қорғаў ҳәм бул зыянкеске қарсы гүресиў илажларын өткериў ең әҳмийетли мәселе сыпатында қаралмақта.

Республикамыз бойынша 2510 гектар қаўын майданлары болып, олардағы  «қаўын шыбыны» зыянкесин анықлаў ушын  350 ден аслам феромон тутқышлар орнатылды.

«Қаўын шыбыны» зыянкеси тийкарынан қаўын, ғарбыз, қабақ ҳәм жабайы қыярды зыянлайды. Бул зыянкес  қаўынды мәўсим даўамында мийўе түйиўинен баслап писип жетилисиўине шекем зыянлайды.

Өзбекстан  шараятында  қаўын шыбыны  2001-жылы  пайда болып, кейин ала айырым аймақларда кескин түрде көбейиўи нәтийжесинде палыз егинлерине үлкен зыян тийгизбекте.

Бәршемизге белгили, бул зыянкеске қарсы гүреспей турып жоқары ҳәм сапалы өнимдарлыққа ерисип болмайды. Сонлықтан да, республикамызда жетистирилип атырған палыз егинлери атызларында пайда болған «қаўын шыбыны»  зыянкесиниң биологиялык раўажланыўы, зыяны ҳәм оған қарсы агротехникалық, химиялық гүрес усылларын өз ўақтында алып барыў талап етиледи.

Бүгинги күнде усы бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, фермер-хожалықларында «қаўын шыбыны»на қарсы гүресиў бойынша өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен семинарлар өткерилип, зыянкестиң жетистирген өнимге кери тәсири ҳаққында мағлыўматлар берилип, түсиник жумыслары алып барылмақта.

– Районымыздын  25,5 гектар жер майданына қаўын егилген. Оларды  зыянлы организмлерден қорғаў бойынша үзликсиз карантин илажларын  алып бармақтамыз,-дейди Мойнақ районы агроном-инспекторы Жахангир Матниязов. – «Қаўын шыбыны» раўажланыўының биоэкологиялық қәсийетлеринен бири, зыянкестиң қурты мийўе ишинде раўажланады ҳәм  азықланады. Раўажланып атырған қурттың азыкланыўы жуўмақланыўы  менен  ол мийўе  қабығын  тесип сыртқа шығады  ҳәм 10-15 минут ишинде  топырақтың үстиңги бөлегиниң 3-20 см. тереңлигинде гүмбекке айланады. Ал, мийўе болса, жарамсыз жағдайға келип қалады.

Бул зыянкеске химиялық препаратлар менен қарсы гүрес илажларын алып барғанда жоқары ҳәм сапалы өним алыўға ерисиледи. Бул препаратларды азанда саат 5-8 лерде яки кешқурын саат 18-20 ларда қолланыў нәтийже береди. Циперметрин  (Циракс, Ципи, Энтометрин, Циперметрин, 25% эм.к. 0,2-0,3 л/га), Лямбда-цигалотрин+тиаметоксам (Энджео, Энерги-дуо, 24,7 % сус.к. – 0,2-0,3 л/га), Альфа-циперметрин (Фаскорд, Супер Кар, 10%  эм.к. 0,3-0,35 л/га), Новалурон+Бифентрин (Римон стар, 6,5% эм.к. 0,15 л/га) химиялық препаратларын қолланыў  усыныс етиледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги