Бүгин Россияның көплеген қалаларында Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажлары ҳәм салтанатлы жүриўлер болып өтпекте.
Мәмлекеттиң 28 регионында, соның ишинде, қаҳарман қалаларда салтанатлар мүнәсибети менен әскерий парад шөлкемлестирилген.
Көп аймақларда пандемия шараятында жергиликли ҳүкимет салтанатлы жүриўлерди бийкар етиў ямаса тамашагөйлерсиз өткериўге қарар етти.
26-май күни РФ президенти Владимир Путин қорғаныў министри Сергей Шойгу менен мәсләҳәтлесип, Жеңис парады 24-июньде болыўын жәриялаған еди. Себеби, 1945-жыл тап сол күни тарийхый Жеңис Парады болып өткен. Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасыў ушын көплеген сырт мәмлекетлердиң басшылары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев та Москваға барды. Сондай-ақ, салтанатларда Абхазияның президенти Аслан Бжания, Қазақстанның президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Молдованың президенти Игорь Додон, Сербияның президенти Александр Вучич, Беларусь президенти Александр Лукашенко ҳәм басқалар қатнасады.
Буннан тысқары, Босния ҳәм Герцеговина Президиуми серблер топарының ағзасы Милорад Додик, Қырғызстанның президенти Сооронбай Жээнбеков, Тәжикстан президенти Эмомали Раҳмон, Қубла Осетияның президенти Анатолий Бибиловлардың да сапары күтилмекте.
РФ пайтахты Москвадағы Жеңис парадында дерлик 14 мың әскерий хызметкер қатнасады. Қызыл майдан үстинен 75 самолёт ҳәм вертолёт ушып өтеди. Пиядалар ҳәм техникалардың салтанатлы өтиўи бир ярым саатқа созылады.
ӨзА