АҚШ Президенти Дональд Трамп өзиниң саўда жумыслары бойынша кеңесгөйи Питер Наварроның «Fox News» телеканалы арқалы айтқан АҚШ Қытай менен саўда келисимине шек қойғаны бойынша пикирлерин бийкарлады.
Трамп Twitter арқалы оған мүнәсибет билдирип, Қытай менен саўда келисими пүткиллей әмелде екенин, Қытай ҳүкимети де келисим шәртлерине әмел етиўине үмит ететуғынын мәлим етти.
Еслетип өтемиз, Питер Наварро Президент Трамп бул келисимниң сапластырылыўы бойынша қарар шығарғанын ҳәм ол буннан былай да әмелде емеслигин атап өткен еди.
ӨзА