Кабар хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, Тәжикстан қымбат баҳалы металл ҳәм таслардың экспортын жыл басынан берли арттырып барған.

Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы статистика агентлигиның мағлыўматына бола, қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы таслар және металл экспорты 7 есеге арттырылған», деп хабар береди «Авеста» агентлиги.

Қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы таслар және металл экспортының жәми 303,8 миллион долларды қураған. Бул 2019-жылдың усы дәўири менен салыстырылғанда 260,5 миллион долларға көп болып есапланады.

Қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы таслар және металл импорты болса жоқарыда атап өтилген дәўир даўамында 837 мың доллардан зыятын қураған. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,4 миллион долларға ямаса 63,5 процентке аз.

Хабарда қымбат баҳалы металлар қайсы еллерге экспорт етилип атырғаны айтылмаған.

 

ӨзА