FӘЛЛЕ – 2020
Республикамыз бойынша усы күнге шекем 89709,2 тонна масақлы дән жетистирилип, реже бойынша 88,56 процентлик жумыс орынланды. Соннан, 79629,6 тоннасы товарлық, 10079,6 тоннасы туқымлық дән болып есапланады.
Бүгин және еки район дән тапсырыў бойынша мәмлекетлик шәртнамаларын орынлады.
Шәртнама бойынша Елликқала районы 7302 тонна орнына 7604 тонна, Төрткүл районы 7302 тонна орнына 7306,9 тонна бийдай тапсырып, режесин артығы менен орынлады.
- Елликқала районында 2020-жылдың зүрәәти ушын 224 фермер хожалығындағы 3350 гектар жерге бийдай, соннан, тийкарғы майданларға бийдайдың «Аср» ҳәм «Краснодар» сортлары егилди,-дейди район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары И.Юнусов. – Мәўсим басына шекем, орым-жыйын жумысларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў, жетистирилген ғәллени зая етпей орып-жыйнап алыў бойынша районда 14 орым-жыйын отрядлары дүзилип, оларға 14 комбайн, 40 дән тасыў техникасы, 14 көшпели устахана ҳәм 14 жанар май тасыў техникалары бекитилди.
Сондай-ақ, усы техникаларға сервис хызметин көрсетиў ушын 29,1 миллион сум, аўысық бөлеклер ушын 69,7 миллион сум, 125,9 тонна жанар май ҳәм майлаў материаллары ушын 745,4 миллион сум, мийнет ҳақылары ушын 279,1 миллион сумлық қаржы резерви жаратылды.
Райондағы 15 фермер хожалығы тәрепинен келеси жылдың зүрәәти ушын бийдай егилетуғын майданларға талап етилетуғын 838 тонна сапалы туқымлық дән таярланды.
Орым-жыйын жумыслары шөлкемлескенлик даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги