Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-мартта «Fәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар ҳәм оған байланыслы басқа да нызам ҳүжжетлерине муўапық, 2020-жылы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген масақлы дән егинлерин сапалы түрде қабыллаў, сақлаў ҳәм ысырапгершиликтиң алдын алыў бойынша бир қатар ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қадағалаў жумысларын алып барыў «Өзагроинспекция»ға жүкленген.

– Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасында жоқарыда көрсетилген талаплардың орынланыўы бойынша қадағалаў илажлары өткерилип, мониторинг жумыслары әмелге асырылып келинбекте,-дейди басқарманың нормативлик-ҳүжжетлер орынланыўының тәмийинлениўи үстинен қадағалаў бөлими бас инспекторы А.Қозиев.

Атап айтқанда, 2020-жылдың зүрәәтин орып-жыйнап алыў мәўсиминде дән қабыллаў ҳәм сақлаў шақапшаларын және қоймаханаларды мәўсимге таярлаў, фермер хожалықлары ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен жетистирилген дән өнимлерин өз ўақтында, набыт етпей жыйнап алыў бойынша белгиленген нормативлик-ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўин системалы түрде қадағалап барыў жумыслары жолға қойылды.

Соннан, асфальт майданлары, көшпели узатыў әнжамлары, автомобиль тәрезилер, брезентлер, өрт өшириў қалқанлары ҳәм үлги алыў бөлмелериндеги оңлаў жумыслары, лабораториялық үскенелер мәмлекетлик стандарттан өткерилди. Лаборантлар арнаўлы кийим-кеншеклер менен тәмийинленип, лаборатория хызметкерлери тәжирийбе арттырыў курсларында оқытылды.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги