Халық қабыллаўханаларында

Усы жылдың 16-19-июнь күнлери Беруний, Шымбай, Нөкис, Мойнақ, Шоманай ҳәм Кегейли районларында Президент Администрациясының жуўаплы хызметкерлери, Өзбекстан Республикасының Бас прокуратурасы ҳәм Жоқары суд басшылары, Ишки ислер, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Мектепке шекемги билимлендириў, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, Орайлық банк, «Ҳудудгазтаъминот» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, министрликлер менен мәкемелердиң, аймақлық сектор басшыларының қатнасында көшпели қабыллаўлар болып өтти.

Көшпели қабыллаўларда жәми 1233 пуқараның 1258 мәселе бойынша мүрәжаты қабыл етилди. Соннан, Президент Администрациясының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен 221, Жоқары суд тәрепинен 190,  прокуратура тәрепинен 85, Ишки ислер уйымларының жумысларына байланыслы 86, социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша 133, коммуналлық хызмет бойынша 31, мектепке шекемги билимлендириў мәселеси бойынша 66, денсаўлықты сақлаў бойынша 50, сондай-ақ, исбилерменлик, кредит алыў,  жумыс пенен тәмийинлеў, жолларды тәмийинлеў, билимлендириў, газ ҳәм электр тәмийнаты ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Келип түскен 566 мүрәжат өз орнында унамлы шешимин тапты, 21 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди ҳәм 478 мүрәжат көрип шығыў ушын қадағалаўға алынды.

Атап айтқанда,  қабыллаў көшпели суд мәжилислери өткерилип, онда  Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73 ҳәм 74-статьялары тийкарында жазаның өтелмеген бөлегинен шәртли рәўиште 37 пуқара жазадан азат етилди ҳәм 10 пуқараның жазасы жеңилиреги менен алмастырылды.

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының 2020-жыл 18-июнь күнги ҳүкимине муўапық Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 2-бөлиминиң «б,д» бәнтлери менен айыплы деп табылып, Жынаят Кодексиниң 57,60,61-статьялары қурамында 3 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасына судланған С.Одамова колония ҳәкимшилиги тәрепинен жақсы минез қулқына ийе екенлиги ҳаққындағы минезлемеге муўапық Жынаят Кодексиниң 74-статьясы 3-бөлими «в» бәнтине муўапық өтелмеген 1 жыл 11 ай 17 күн еркинен айырыў жазасын  усы мүддетке ҳәр айлық мийнет ҳақының 20 процентин мәмлекет есабына услаў жолы менен мийнет пенен дүзетиў жазасына алмастырылды.

Сондай-ақ, 13 шахсқа қозғатылған ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ислер көрип шығылып, ҳуқықбузарларға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 21-статьясына тийкар ескертилди ҳәм жуўапкершиликтен азат етилди. 7 шахсқа қозғатылған ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ислер Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 271-статьясының 11-бәнтине муўапық тоқтатылып, жуўапкершиликтен азат етилди. Буннан тысқары, исбилерменлик субъектлериниң даўагерлигиндеги 280,1 миллион сумлық жәми 10 даўа арза көрип шығылып, исбилерменлердиң пайдасына 223,5 миллион сумлық  9 даўа арза қанаатландырылды.

Прокуратура уйымлары тәрепинен қабыллаўлар даўамында 85 мүрәжат көрип шығылып, соннан 15 мүрәжат орнында шешимин тапты. Атап айтқанда, Нөкис районында жасаўшы Р.Реймованың мүрәжаты бойынша Нөкис районы ҳәкиминиң жер ажыратыў ҳаққындағы қарарына протест келтирилиўи тәмийинленди. Усы районда жасаўшы Р.Шукуруллаевтың салы сатып алыў ушын пуқара Б.Аллаяровқа берген 57 миллион сумм пулы өндирип берилди. Мойнақ районында жасаўшы пуқара А.Қурманованың перзенти Р.Көшербаевтың әскерий хызмет ўақтында жарақат алғанлығы бойынша компенсация пулы төлениўи мәселеси унамлы шешилди. Шымбай районынан пуқара С.Тилеўмуратовқа шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын 30 миллион сум кредит ажыратып берилиўи тәмийнленди.

Ишки ислер министрлигине  социаллық-ҳуқықый ҳәм турмыслық мәселелер бойынша 7, ишки ислер уйымларының бурынғы хызметкерлерин жумысқа тиклеў бойынша 25, сорастырыў ҳәм тергеў бойынша 5, пуқаралық ҳәм паспорт-виза мәселесинде 34, жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша 3, жазаны өтеў мәселеси бойынша 2, хызметкерлердиң ис-ҳәрекети бойынша 10 мүрәжат қабыл етилди. Соннан, еки пуқара Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳуқықбузарлық профилактикасы бөлими профилактика инспекторының жәрдемшиси лаўазымына қабыл етилди, еки пуқараның ишки ислер уйымларына жумысқа қабыл етиў бойынша ҳүжжетлери рәсмийлестирилди, бир сырт ел пуқарасы ҳәм бир пуқаралығы болмаған шахсқа Өзбекстан Республикасында турақлы жасаў гүўалығы, 21 пуқараның Өзбекстан Республикасы пуқаралық паспорты рәсмийлестирилип берилди. Еки пуқараның туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық ҳәм пуқаралық паспорт алыў ушын төлеми төлеп берилди.

Нөкис районы 3-сектор аймағындағы «Төктаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы майыплығы болған шахслар Шәрибай Досназаров ҳәм Зайнаб Ганиеваларға  майыплық арбашасы ҳәм азық-аўқат өнимлери, усы райондағы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Жасур Дәрибаевқа бир дана «Ноутбук» саўға етилди.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен көшпели қабыллаўлар барысында жумыссыз, майыплығы болған 15 ҳаял-қызға тигиў машинасы, 13 ҳаял-қызға микротолқынлы печ саўға етилди. Илаж даўамында 28 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 9 ҳаял-қызға майыплық арбашасы, 1 ҳаял-қызға еситиў үскенеси берилди.

Әмиўдәрья районы «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйыны «Бештам» елатлы пункти аймағында жасаўшы Шавкат Кенжебаев басқарып киятырған «Fayz Amudaryo» шаңарақлық кәрханасына қараслы ҳәк ислеп шығарыў цехы «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен газ бенен тәмийинленди.

Қабыллаў барысында 25 километр узынлықтағы жолды оңлаў бойынша мүрәжат келип түсти ҳәм оның шешими қадағалаўға алынды.  Жәми 3  трансформатор ҳәм 2,1 километр электр линиялары жаңаланды.

Илаж даўамында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шаңарақлық бақша қурыў тилегин билдирген 60 исбилерменниң ҳүжжети үйренип шығылды ҳәм олар менен келисимлер дүзилди.  Нәтийжеде республикамызда мектепке шекемги билимлендириў тараўында қосымша 1500 орын жаратылды ҳәм 150 ҳаял-қыздың бәнтлигиниң тәмийинлениўине ерисилди.

Исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралардан банк тараўына тийисли 44 мүрәжат келип түсти ҳәм сегизи сол жерде унамлы шешимин тапты.  Нөкис қаласындағы «Куантум констракшн» ЖШЖ тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў ушын «Ўзсаноатқурилишбанк» тәрепинен 1 миллиард 800 миллион сум жеңилликли кредит ажыратылды. Қалған мүрәжатлар банк хызметкерлери тәрепинен үйренилип шығылмақта.

Илаж даўамында бәнтлик мәселесинде 101 пуқараның мүрәжаты көрип шығылды ҳәм 43 пуқараға жумысқа орналасыўға жоллама берилди. Атап айтқанда, Төрткүл районы «Боғёп» аўыл пуқаралар жыйынынан Н. Джуманиязова районлық медицина бирлеспесине, Шымбай районы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынынан Қ.Уразалиев районлық ветеринария бөлимине, Мойнақ районы «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйында жасаўшы А.Асенов районлық Өрт қәўипсизлиги бөлимшесине жумысқа орналасты. Қалған мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.