Россия Федерациясының Байкал арты үлкеси губернаторының усынысына бола, сол жақтағы қурылыс объектлерине Өзбекстан Республикасының пуқараларын шақырыў мәселелери бойынша видеоконференц байланыс тәризинде ушырасыў шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабар берди.

 

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Муҳитдинов, Өзбекстан Республикасының Новосибирск қаласындағы Бас консулханасының консулы А.Мухамедов, Байкал арты үлкесиниң губернаторы А.Осипов, сондай-ақ, Россия Федерациясы Байкал арты үлкеси қурылыс, жол хожалығы ҳәм транспорт министри А.Гончаров ҳәм басқалар қатнасып, еки мәмлекет арасындағы мийнет миграциясы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, коронавирус пандемиясы себепли Россия Федерациясына ўақытша ислеў ушын кете алмаған ҳәм жумыссыз қалған өзбекстанлы пуқараларды Байкал арты үлкесиндеги ири қурылыс объектлерине жумысқа шақырыў мәселесин додалады.

 

Сөйлесиўлер даўамында пандемиядан кейин мийнет базарын тиклеў, эпидемиологиялық жағдайда өзбекстанлы мийнет мигрантларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, оларды тәртипти, мәнзилли ҳәм шөлкемлестирилген ҳалда жумысқа орналастырыў бойынша усыныслар билдирилди.

 

Соның ишинде, Россия тәрепиниң усынысы тийкарында өткерилген ушырасыўда үлкедеги 20 дан аслам қурылыс объектлерине 1,5 мыңға шамалас пуқараларды жумысқа шақырыўға келисилди және жумысшылар ушын барлық зәрүрли мийнет шараяты жаратылып, буның ушын жумыс бериўшиниң кепиллиги белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.