FӘЛЛЕ – 2020
Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, быйыл республикамыздағы 53 мың гектар жер майданынан 327 мың 116 тонна масақлы дән жетистирилип, мәмлекетке 101 мың 303 тонна дән тапсырыў режелестирилмекте.
Усы күнге дейин 27 мың 144 гектарлық бийдай егилген майданлардан 59,3 центнер есабынан 161 мың 18 тонна масақлы дән жетистирилди ҳәм мәмлекетке 82 мың 557 тонна дән тапсырылды.
Бүгинги күнде дән тапсырыў бойынша мәмлекетлик шәртнамаларын бириншилерден болып Тақыятас районы 114,4 процентке ҳәм Әмиўдәрья районы 111,3 процентке орынлаўға еристи.
– Сондай-ақ, жақын күнлерде мәмлекетлик шәртнамаларын алдыңғылардан болып Елликқала, Төрткүл ҳәм Шоманай районларының да орынлаўы күтилмекте,-дейди министрликтиң бөлим баслығы Р.Бекниязов. – Буннан тысқары, 815 фермер хожалығының бийдай егилген майданларынан орташа 50 центнерден жоқары зүрәәтлиликке ерисилди.
Орым-жыйым илажларын системалы түрде әмелге асырыў мақсетинде дүзилген отрядлар өз жумысларына жуўапкершилик пенен қарап, бийдайдың бирде-бир дәнин зая етпей жыйнап алыўға ҳәрекет етпекте. Оларға 615 дән тасыўшы транспорт автомобиллери ҳәм 851 трактор тиркемелери бириктирилген.
Орым-жыйым жумыслары шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги