2020-жыл 19-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Сенат ағзалары тәрепинен 16 мәселе, соның ишинде, 9 нызам көрип шығылған жалпы мәжилис жумысы парламент жоқары палатасының веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери арқалы ҳәм «Узрепорт» телеканалында тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Дәслеп «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы сенаторлар тәрепинен додаланды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, жаңа қолланбаларды раўажландырыў, олардың унамлы нәтийжеге ерисиўи арқалы экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды инновациялық раўажландырыў, инновация ҳәм инновациялық жумыс тараўындағы түсиниклерди тәртипке салыўшы бирден-бир нызам ҳүжжети жоқ еди.

Бул ҳүжжет «Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында»ғы Нызамның логикалық даўамы болып, илим ҳәм өндиристиң өз-ара байланысын тәмийинлейди. Соның ишинде, инновациялық өнимлер ҳәм хызметлерди жаратыў ҳәм де қолланыў ушын қолайлы орталықты қәлиплестириў, инновацияларды енгизиўден мәпдарлықтың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый системасын жетилистириў, инновациялық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм инновациялық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы инновациялық жумыс тараўы раўажландырылады.

Нызамда инновация ҳәм инновациялық жумыс тараўындағы ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик қатнаслар тәртипке салынады. Атап айтқанда, бүгинги күнде бар потенциалын көрсетиў, жаңа идея ҳәм қолланбалары менен жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосыў нийетинде болған, гейде өз қолланбаларын өндириске енгизиўде қыйналып атырған физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, соның ишинде, илимпазлар, исбилерменлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, әсиресе, ғайратлы жаслар ушын ҳуқықый тийкар болады.

Нызамда инновация ҳәм инновациялық жумысқа байланыслы тийкарғы түсиниклер, инновациялық жумыстың принциплери ҳәм оны мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў механизмлери белгиленбекте.

Соның менен бирге, инновациялық жумысқа инвестицияларды тартыўға жәрдемлесиў, бул бағдарда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қнигелигин арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары есапланатуғыны да баян етилген.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам да көрип шығылды.

Нызам энергетика тармақларында өндирилип атырған электр ҳәм ыссылық энергиясы, жанар май ҳәм басқа да дәстүрий емес энергия ресурсларынан экономика тармақлары және социаллық тараўда және де ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, қала берсе, энергия ресурсларын тутыныўдың нәтийжелилиги ҳәм заманагөй энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў хызметлерин көрсетиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мақсетлерин өзинде сәўлелендирген.

Соның менен бирге, Нызамда энергия нәтийжелилиги көрсеткишлерине товарлардың муўапықлығы бойынша мәжбүрий сертификатланыўы ҳаққындағы норма белгиленбекте. Онда жуўапкерлерге энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жанар май-энергетика ресурсларын үнемлеў көрсеткишлерин анықлаў методикасын ҳәм мақсетли көрсеткишлерин тастыйықлаў, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша нызамшылық талапларына әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик қадағалаў тәртибин белгилеў ўазыйпалары жүкленбекте.

Бул Нызамның қабыл етилиўи энергия ресурслары қәрежетлерин оптималластырыў, энергия ресурсларын тутыныў нәтийжелилигиниң системалы мониторингин жүргизиў ҳәм халықтың реал дәраматларын арттырыўға хызмет етеди.

Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллады.

Соңынан «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы тараўындағы қатнасықлар ҳуқықый жақтан 10 нан аслам нызамнан келип шығатуғын ҳүжжет пенен тәртипке салынады.

Бул, өз гезегинде, ҳуқықты қолланыў әмелиятында түрли қарама-қарсылықлар ҳәм талқылаўлар, қыйыншылықларды келтирип шығармақта. Буның үстине, тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, жабайы ҳайўанлардың жағдайы үстинен мәмлекетлик мониторинг алып барыўдың нәтийжели системасының жоқ екенлиги және аңшылар ҳәм аңшылық хожалықларының ҳуқықлары менен миннетлемелери нызам ҳүжжетлеринде анық белгиленбегенлиги аўланатуғын ҳайўан ресурсларының жағдайын анықлаўға тосқынлық етпекте. Бул болса жәниўарлар популяциясы мәмлекетлик мониторинги системасының раўажланыўына, елимизде аўланатуғын ҳайўан түрлериниң саны ҳәм аўланыў көлемлерин, олардың репродуктивлик жағдайын үйрениўге кесент етпекте.

Және бир тәрепи, елимизде аңшылық туризми имканиятларынан толық пайдаланыў, атап айтқанда, сырт елли саяхатшыларды аңшылық тараўына тартыў арқалы мәмлекет бюджетине валюта түсимлерин арттырыў, аңшылық ҳайўанларын жетистириў, тиклеў ҳәм көбейтиў арқалы болса жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў имканияты жүзеге келеди.

Усы «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы Нызамда болса бул мәселелердиң ҳуқықый шешимлери өз көринисин тапқан. Яғный, Нызамда статьялардың тиккелей әмел етиўине итибар қаратылған. Атап айтқанда, аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы тараўындағы мәмлекетлик cиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленген. Жабайы ҳайўанлардың саны ҳәм тутылған жабайы ҳайўанларды есапқа алыў кимлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны атап өтилген.

Соның менен бирге, жабайы ҳайўанлардың санын тәртипке салыў ҳам жабайы ҳайўанлардың арасында инфекциялық кеселликлердиң тарқалыўына қарсы гүресиў зәрүрлиги тийкарланған.

Нызамның қабыл етилиўи аңшылық ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы қоршаған орталықты қорғаў ушын қолайлы шараятлар жаратылыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, жабайы ҳайўанлардың есабын жүргизиў, оларды көбейтиў ҳәм тутыў нормаларын тәртипке салыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиўге, аңшылық туризминиң раўажландырылыўы ҳәм де аңшылық хожалықларының жағдайының жақсыланыўында айрықша әҳмийетке ийе болады.

Бул Нызамды мақуллаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан кейин «Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.

Нызамның көпшилик нормалары реал турмыслық қатнасықларды тиккелей тәртипке салмайтуғынлығы, олардың тийкарғы бөлими толық аңлатылмағанлығы, белгиленген илажларды әмелге асырыў механизмлери жоқ екенлиги айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, Нызамның 7-статьясында пуқаралар жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасқанда ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиўи белгиленген болса да, Нызамда олардың ўәкилликлери, ҳуқықлары менен миннетлемелери сәўлелендирилмеген.

Соның менен бирге, жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўшы шахслардың реестри ҳәм оны жүргизиўши уйымлардың жумысы менен байланыслы мәселелер нәзерде тутылмаған ҳәм Нызамның 8-статьясында жәмийетлик тәртипти сақлаўда пуқаралардың қатнасыўына байланыслы шеклеўлер толық көрсетилмеген.

Сондай-ақ, Нызамда пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўға жәрдемлесиў мақсетинде жәмийетлик структураларды дүзиў ҳәм олардың жумысларында қатнасыў, жәмийетлик тәртипти сақлаўда жеке тәртипте яки жәмәәт болып қатнасыўына байланыслы формалар баян етилмеген.

Сенаторлар тәрепинен Нызамның айырым статьяларында пуқаралардың тиккелей ҳуқықларына байланыслы мәселелерди ашып берместен, мәмлекетлик уйымлар яки нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы белгилеп өтилгенлиги ҳәм тиккелей әмел етиўи тийис болған нызам нормаларының нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери менен тәртипке салыныўы яки нызамда сәўлелендирилмеўи тар шеңбердеги мәкеме мәплерин ҳәм қысқа мүддетли мақсетлерди гөзлеўи мүмкинлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, көпшилик жағдайларда жәмийетлик қатнасықлардың нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери менен тәртипке салыныўы нызамлардың ҳәрекетшеңлигиниң күшсизлениўине, тиккелей әмел ететуғын нызамлардың жоқлығына, мәселелерди комплексли қатнас жасамай бөлек-бөлек ҳалда шешиўге алып келеди.

Нызам нормаларын толық ашып бермеў ҳәм әмелге асырыў механизмлерин сәўлелендирмеў ҳуқықый қарама-қарсылықлар және өз мәпине пайдаланыўшылықларды келтирип шығарыўы, бюрократиялық процедураларды күшейтиўи, нызамларды шетлеп өтиўге қаратылған көплеген қарарлардың қабыл етилиўине себеп болыўы мүмкин.

Усылар есапқа алынып, сенаторлар тәрепинен Нызамды бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Соң «Геодезиялық ҳәм картографиялық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде социаллық-экономикалық раўажланыў процесслери барлық бағдарлар қатары геодезия ҳәм картография тараўын да заман талапларына сай рәўиште жетилистириўди талап етпекте.

Жаңа редакциядағы бул Нызамда усы сыяқлы тәреплери итибарға алынған. Атап айтқанда, тараўға байланыслы тийкарғы түсиниклер ҳәм принциплер, қала берсе, оны мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўға байланыслы нормалар, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар анық белгиленген.

Соның менен бирге, Нызамда геодезия ҳәм картография жумысларын лицензиялаў, дизимге алыў ҳәм мәмлекетлик есабын жүргизиў, мәмлекетлик картография-геодезия кадастры ҳәм Өзбекстан Республикасы картография-геодезия фондын жүргизиў және мәмлекетлик геодезиялық қадағалаўға байланыслы нормалар беккемлеп қойылмақта.

Бул Нызамның мақулланыўы геодезиялық ҳәм картографиялық жумыстың әҳмийети, атап айтқанда, жасалма жолдас системаларынан пайдаланыўда ҳәм тараўға санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы системаны жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Буннан тысқары, геодезиялық ҳәм картографиялық жумысты әмелге асырыўда материаллар менен мағлыўматлардың толықлылығы ҳәм исенимлилиги тәмийинленеди. Ең әҳмийетлиси, пайдаланыўшыларға мағлыўматлар жеткерилиўи әпиўайыластырылады.

Сондай-ақ, Нызамнан силтеме нормалардың шығарылыўы нәтийжесинде исбилерменлик субъектлериниң геодезиялық ҳәм картографиялық жумыс пенен шуғылланыўында қолайлы шараят жаратылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине судланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додалаў орайында болды.

Бул Нызамға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар судланыўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды нәзерде тутады.

Атап айтқанда, жас өспирим судланыўшылардың ата-анасы яки олардың орнын басыўшы шахслар менен ушырасыўларында шеклеўлер бийкар етилмекте. Судланыўшы ҳаяллардың жас өспирим перзентлери менен ушырасыўларының айрықша тәртиби белгиленбекте.

Буннан тысқары, судланыўшы ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм баласы бар ҳаяллар ушын қосымша ҳуқықлар киргизилмекте. Яғный, судланыўшы ҳаялларға жас өспирим балалары менен бир жыл ишинде төрт мәрте мүддети бес суткаға шекем болған узақ мүддетли ушырасыў, сондай-ақ, мәнзилли колонияларда сақланып атырғанларға болса мәкеме аймағынан тысқарыда жасаў имканияты менен узақ мүддетли ушырасыўлар шекленбеген муғдарда берилмекте.

Және бир тәрепи. Судланыўшыларды жазаны өтеў дәўиринде әдалатлы критериялар тийкарында хошаметлеў илажларын қолланыў тәртиби ҳәм хошаметлеў илажларын қолланыў комиссияның жумысы ҳәм олардың анық ўазыйпалары белгилеп берилмекте.

Сондай-ақ, Нызам менен жаза мүддетин өтеў даўамында судланыўшылардың жеке қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар кеңейтилмекте. Судланыўшылардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў мақсетинде оларды тинтиў ўақтында физикалық күш ҳәм арнаўлы қураллардың тийкарсыз қолланылыўының алды алынбақта.

Нызам менен Жынаят-орынлаў кодексиниң 76-статьясы толықтырылып, судланыўшылардың өтинишине бола ушырасыўлары ҳәм телефон арқалы сөйлесиўлерин көбейтиў ҳәм видео-ушырасыўлар менен алмастырыў системасы енгизилмекте.

Жуўмақ орнында соны айтыў мүмкин, бул Нызам судланыўшылардың ҳуқықлары менен еркинликлерин кеңейтиў ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, сондай-ақ, жазаны орынлаў системасында шахсты дүзетиў ҳәм жәмийетке социаллық бейимлесиўин әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Сенаторлар бул Нызамды мақуллады.

Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додаланды.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, «Дәри-дәрмақлар ҳәм фармацевтикалық жумыс ҳаққында»ғы, «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы сыяқлы бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Жынаят кодексиниң сапасыз яки қәлбекилестирилген дәри-дармақлардың айланысы менен байланыслы жынайый ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик көрсетилген статьясына қосымша киргизилмекте. Яғный, қурамында күшли тәсир етиўши затлар болған дәри-дармақларды рецепт бойынша усақлап сатыў тәртибин бузғанлық ушын өз алдына жуўапкершилик белгиленип, айыпкер бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте ата-аналар яки олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен жас өспирим балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў бағдарындағы миннетлемелерди орынламаў, соның ишинде, жас өспирим балалардың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеўине алып келсе, айыпкер базалық есаплаў муғдарының он есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартылыўы белгиленбекте. Егер балалардың мәжбүрий улыўма орта билим, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимин алыўына ата-аналар яки олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен тосқынлық етилсе, БЕМның жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленип, жуўапкершилик күшейтилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи халықтың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў ҳәм өз гезегинде мәмлекетлик уйымлардың да бул бағдардағы жуўапкершилигин және де арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Сенаторлар бул Нызамды мақуллады.

Буннан кейин «2007-жыл 27-июньнен Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында биргеликтеги әскерий оқыўларды өткериў ҳаққындағы Келисимге қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Протоколды (Бишкек, 2019-жыл 29-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да додаланды.

Атап өтилгениндей, қорғаныў тараўындағы сиясаттың ашықлығы ҳәм қәўипсизлик және қорғаныў тараўында басқа сырт мәмлекетлер менен әмелий қатнасықларды раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Атап айтқанда, Қураллы Күшлер әскерлериниң жаўынгерлик ҳәм оператив таярлық системасын және де жетилистириў, оқыў машқыларының белсендилигин, олардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүр ўазыйпа есапланады.

Бул Нызамның қабыл етилиўи ШБШға ағза мәмлекетлер арасында әскерий-техникалық тараўдағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де тереңлестириў, тәреплердиң әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеў, өз Қураллы Күшлериниң әскерий потенциалын беккемлеў, әскерий кадрлар таярлаў, әскерий-техникалық бирге ислесиў бойынша қоспа илажларды әмелге асырыў мақсетлерине хызмет етеди.

Соның менен бирге, Протокол ШБШ ағзасы болған қәлеген мәмлекет оған қосылыўы ушын ашықлығы, қосылған мәмлекет ушын бул Келисим депозитарий тәрепинен қосылыў ҳаққында ҳүжжет алынған сәнеден баслап 30 күн ишинде күшке кириўи сыяқлы жаңа өзгерислерди өз ишине алған.

Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Соңынан «Өзбекстан Республикасының Туншықтырыўшы, зәҳәрли яки басқа усы сыяқлы газлер ҳәм бактериологиялық қураллардың урыста қолланылыўын қадаған етиў ҳаққындағы Протоколға (Женева, 1925-жыл 17-июнь) қосылыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.

Бул Протокол 1972-жылдың 10-апрель күни Москва, Лондон ҳәм Вашингтон қалаларында қол қойылған бактериологиялық (биологиялық) ҳәм токсикалық қураллар запасын жыйнаў, ислеп шығыў ҳәм өндириўди қадаған етиў ҳәм оларды жоқ етиў ҳаққындағы Конвенция талапларын беккемлеўши ҳәм де толықтырыўшы ҳүжжет есапланады.

Бүгинги күнде усы Женева протоколына дүньяның 142 мәмлекети, ҒМДА еллеринен Армения, Молдова, Россия, Тәжикстан, Украина ҳәм Қырғызстан қосылған.

Сенат ағзалары бул Нызамның қабыл етилиўи республика қорғаныў тараўының нәтийжели системасын тәмийинлеў ҳәм оны раўажландырыўда айрықша орын ийелейтуғынын, қала берсе, Өзбекстанның халықаралық жәмийетшиликтиң тең ҳуқықлы ағзасы болыўы жолындағы гезектеги әҳмийетли қәдем екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, бул Протоколға қосылыў Өзбекстан Республикасының қорғаныў тараўындағы миллий нызамшылық нормаларына сәйкес келиўи ҳәм нызамлар менен айланысқа киргизилген халықаралық шәртнамалардың талапларына қайшы келмеслиги атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин әдиллик министриниң 2019-жылы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемеси де тыңланды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы министрлик тәрепинен 530 мыңға шамалас үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилген ҳәм мәмлекетлик уйымлар тәрепинен үйме-үй жүрип, тийисли машқалаларды анықлаған ҳалда пуқараларға ҳуқықый түсиниклер берилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы менен тастыйықланған Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты көтериў концепцияси шеңберинде Әдиллик министрлиги тәрепинен Интернет тармағында халықтың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм мәдениятын арттырыўға хызмет етиўши 5 ҳуқықый портал ислеп шығылған.

Атап айтқанда, бүгинги күнде түрли турмыслық жағдайлар бойынша ҳуқықый шешим усыныс етилетуғын ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң электрон системасы менен байланысатуғын «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый порталы иске түсирилген. Оннан 53 мыңнан артық шахслар пайдаланған. Қала берсе, жас әўладлардың ҳуқықый билимин арттырып барыў, балаларды киши жастан-ақ нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде «bolahuquqlari.uz» сайты ҳәм «test.adliya.uz» ҳуқықый саўатлылықты баҳалаў системасы жаратылып, олардан 56 мыңға шамалас шахслар пайдаланған.

Соның менен бирге, мәжилисте сенаторлар тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсият тараўында айырым кемшиликлер, өз шешимин күтип атырған машқалаларға итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты көтериўде, бәринен бурын, ҳуқықый тәлим-тәрбия бағдарындағы жумыслар системалы ҳәм избе-из алып барылмай атыр, бул бойынша тәсиршең механизм жоқ.

Буннан тысқары, жәмийетте мәнзилли ҳуқықый үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў жумысларын жетерли дәрежеде, деп болмайды. Көпшилик мәмлекетлик уйымлардың басшылары тәрепинен белсенди қатнасыўы тәмийинленбей атыр, бул бағдарда жоқары нәтийжелилик көзге тасланбай атыр. Ақыбетинде нызам бузылыўы жағдайларына жол қойылмақта.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар ушын ҳәр ҳәптелик ҳуқық ҳәм миннетлемелер күни, улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары класслары ушын ҳуқық тийкарлары ҳәм тәрбия пәнлери ҳәптесине 1 сааттан оқытылыўы, жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў режелеринде тийисли мәнаўият пәни 78 саат оқытылыўы белгиленген болса да, олардың илимий изленислер ҳәм топланған тәжирийбеге тийкарланғанлығы және нәтийжелилиги жетерли дәрежеде емес.

2019-жылы жас өспиримлер тәрепинен елимизде 739 жынаят исленген. 2018-жылға салыстырғанда 19,9 процентке азайған болса да, бул көрсеткиш елеге шекем жоқарылығынша қалмақта. Әсиресе, жынаят ислеген 818 жас өспирим шахстың 694 и мектеп оқыўшылары екенлиги унамсыз жағдай.

Және бир тәрепи. Ҳуқықый үгит-нәсият жумысларының тәсиршең алып барылыўы жолға қойылмағанлығы ақыбетинде мәмлекетлик уйымлар тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған қарарларды қабыл етиў әмелияты елеге шекем ушыраспақта.

Сондай-ақ, мәжилисте мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсият илажларының инновациялық усыллары, соның ишинде, веб-технологияларынан жетерли пайдаланылмағанлығы сынға алынды ҳәм бул бойынша көрсетпелер берилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соңынан Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының Жумысшы топары тәрепинен ўәлаятты комплексли раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилген. Мәжилисте үйрениў жуўмақлары да ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, ўәлаятты раўажландырыў ҳәм бул процессте халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң потенциалынан пайдаланыў бағдарында белгили бир жумыслар алып барылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Самарқанд ўәлаятына 6 мәрте әмелге асырған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде 450 ден аслам жойбарлар тастыйықланып, олардың орынланыўы тәмийинленбекте.

Ўәлаятта 2019-жылы жалпы аймақлық өним көлеми 37 триллион 594 миллиард сумды қураған. Режедеги 40 мың орнына 45 мың жаңа жумыс орны жаратылған, ўәлаятта бүгинги күнде дерлик 48 мың киши бизнес субъекти жумыс алып бармақта.

Бәршеге мәлим, Самарқанд ­ жәҳән туризм орайларынан бири. Аймақта бул бағдарда әмелге асырылған салмақлы жумыслар нәтийжесинде 2019-жылы ўәлаятқа 560 мыңнан аслам сырт елли саяхатшылар келип, бул көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда 1,6 есе өсиўине ерисилген.

Халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде денсаўлықты сақлаў мәкемелери 10,3 миллиард сумлық заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген, тез медициналық жәрдем автомашиналарының саны 115 тен 260 қа жеткерилген. Соңғы үш жылда ўәлаятта жеке меншик медицина мәкемелериниң саны 37 ден 376 ға жеткен, яғный, 10 есе артқан.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли баслама шеңберинде ўәлаятта 2019-жыл даўамында 7 мыңға шамалас түрли илажлар өткерилип, оларға 1,6 миллионнан аслам жаслар тартылған.

Сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессияларында жергиликли ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары ҳәм мәлимлемелери тыңлап барылған. Жергиликли депутатлар тәрепинен халық пенен тиккелей пикирлесиў процесинде, олардың мүрәжатлары менен ислесиў даўамында көтерилген машқалаларды шешиўге қаратылған депутатлық сораўлар жиберилген ҳәм орынланыўы қадағаланып барылған.

Мәжилисте ўәлаятты раўажландырыўға унамсыз тәсир көрсетип атырған айырым машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, 2019-жылы ўәлаяттағы мәденият орайларында орынланыўы лазым болған қурылыс жумыслары толық алып барылмаған. Мәселен, Булунғур ҳәм Пастдарғам районларындағы мәденият орайларында қурылыс жумыслары тамамланбаған болса, Каттақорған ҳәм Жамбай районларында бул бағдардағы жумыслар басланбаған.

Ўәлаятқа бириктирилген Қытай, Түркия, Греция, Испания мәмлекетлериндеги елшиханалар тәрепинен усыныс етилген баҳасы 1 триллион 540 миллиард сумлық 10 жойбарды әмелге асырыў мүддети кешикпекте. Баҳасы 2 триллион 385 миллиард сумлық 16 жойбар бойынша жумыслар басланбаған.

Улыўма билим бериў мектеплерин спорт әнжамлары менен турақлы тәмийинлеў системасының жолға қойылмағаны себепли ўәлаяттағы көпшилик мектеплерге соңғы мәрте 2016-2017-жылларда спорт инвентарьлары жеткерип берилген. Және бир тәрепи, аймақтағы мектеплерде жумыс алып барып атырған 2 мың 164 психологтың 1 мың 340 ы, яғный, 62 проценти қәнигеликке ийе емес.

Буннан тысқары, халықты ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм тәбийғый (суйылтылған) газ бенен толық ҳәм үзликсиз тәмийинлеў бойынша машқалалар бар. Атап айтқанда, электр тармақларының айырым бөлимлери пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келип қалған. Газ қубырларын ири оңлаў бойынша 2019-жылға белгиленген реже орынланбаған. Ўәлаяттың ишки жоллары оңлаўды талап ететуғын жағдайда.

Мәжилисте аймақты үйрениў жуўмақлары халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң 2020-жыл 22-майдағы сессиясында додаланғанлығы, онда ўәлаят дәрежесиндеги машқалаларды шешиў бойынша «Жол картасы», қала берсе, ўәлаятлық Кеңестиң жумысын «үлгили Кеңес» сыпатында жолға қойыў бойынша илажлар режеси тастыйықланғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша кешиктириўге болмайтуғын илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди. Бул бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилип, ўәлаятта шешимин күтип турған республика дәрежесиндеги машқалаларды сапластырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды. Олардың орынланыўы үстинен сенаторлық қадағалаўды жолға қойыў белгиленди.

Буннан кейин Сенат ағзалары тәрепинен Министрлер Кабинетине жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша парламент сораўын жибериў мәселеси көрип шығылды.

Автомобиль жолларында жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша тәсиршең қадағалаўдың толық ҳәм нәтийжели орнатылмағанлығы ақыбетинде бир ғана 2019-жылы мәмлекет бойынша жәми 6 миллионнан аслам жол ҳәрекети қағыйда бузыўшылығы дизимге алынған. Ақыбетинде 8588 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, оларда 7943 пуқара жарақатланған ҳәм 2096 шахс набыт болған.

2020-жылдың биринши шерегинде болса 1229 жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде 376 пуқара қайтыс болған.

Талқылаўларға бола, қағыйда бузыўшылықларды автомат анықлайтуғын фото ҳәм видео қурылмалар, сондай-ақ, онлайн режиминде ислеўши фото радарлар орнатыў менен байланыслы жумыслар төмен алып барылмақта. Буннан тысқары, автомобиль жолларында жол ҳәрекетин мәлимлемелер менен тәмийинлеў, жол бойындағы инфраструктураны халықаралық стандартлар талапларына муўапық раўажландырыўға байланыслы көплеген мәселелерге зәрүр дәрежеде итибар қаратылмаған.

Улыўма билим бериў мектеплеринде оқыўшыларға жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў ислери де талап дәрежесинде емеслиги ақыбетинде 2019-жылы балалар менен байланыслы 1309 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Оларда 1147 бала жарақатланған ҳәм 193 бала набыт болған.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен усы сыяқлы кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдаларын да жетилистириў кереклиги, елимизде айдаўшыларды таярлаў ҳәм олардан имтихан алыў тәртиби менен байланыслы машқалалар көплеген пуқараларымыз тәрепинен ҳақылы наразылықларға себеп болып атырғаны да атап өтилди.

Сенат ағзалары жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Буннан соң Министрлер Кабинетине шығындылар менен байланыслы мәселелерде жүзеге келген машқалалар ҳәм олардың халықтың саламатлығына тәсири бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети тәрепинен усы жылдың июнь айында өткерилген «Шығындылар ҳаққында»ғы Нызамның орынларда орынланыў жағдайын үйрениў процесинде тараўда тезлик пенен шешилиўи зәрүр болған бир қатар машқалалар бар екенлиги анықланған.

Атап айтқанда, жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен қоршаған орталықты қәстерлеп-сақлаў, шығындыларды алып шығып кетиў, оларды қайта ислеў, шығынды полигонларын санитариялық талаплар тийкарында шөлкемлестириў жумыслары жетерлише муўапықластырып барылмаған. Шығындыларды сортлаў, топлаў, зыянсызландырыў ҳәм утилизациялаў дурыс шөлкемлестирилмеген.

Буннан тысқары, пайда болып атырған санаат ҳәм қурылыс шығындыларын есап-санақ етиў жумыслары, яғный, топлаў, жайластырыў ҳәм қайта ислеў системасы бүгинги күн талапларына пүткиллей жуўап бермейди. Атап айтқанда, ҳәр жылы республикамызда 35 миллион кубометрге жақын турмыслық, 100 миллион тоннадан аслам санаат шығындысы пайда болады. Оның 10 проценти де қайта исленбейди.

Бул бағдарда заманагөй басқарыў формалары ҳәм усылларының жетерлише енгизилмегенлиги қайта ислеў кәрханаларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын бермей атыр.

Сондай-ақ, үйрениў процесинде республикамызда пайдаланылып киятырған 195 қатты турмыслық шығынды полигонының жағдайы да талқыланды. Нәтийжеде қатты турмыслық шығынды полигонларынан пайдаланыў бойынша бир қатар машқалалардың бар екенлиги ҳәм шығынды менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тийисли илажлар көрилмегени мәлим болды. Бул болса, өз гезегинде, усы аймақларда жасаўшы халық арасында түрли жуқпалы кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

Усыған тийкарланып бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Парламент жоқары палатасының ағзалары бесинши жалпы мәжилисте Перспективалы туризм бағдарында Өзбекстанның халықаралық имиджин арттырыў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўының нәтийжелери көрип шығылды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Израиль мәмлекетиндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Сенаторлар Феруза Юлдашевна Махмудованы Өзбекстанның Израиль мәмлекетиндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да татыйықланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын тамамлады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Мәлимлеме хызмети.

 

ӨзА