Усы жылдың 18-июнь күни қабыл етилген «Тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын сатыў механизмин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманына муўапық, 2020-жылдың 1-август сәнесинен баслап Мәжбүрий орынлаў бюросының төмендеги ўәкиллери тийисли мәкемелерге өткериледи:

 

– электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тутыныўын қадағалаў және есапқа алыўдың заманагөй автоматластырылған системалары, сондай-ақ, альтернативалық энергия дәреклериниң енгизилиўи шөлкемлестириў ҳәм усы процесслер бойынша мониторинг өткериўге байланыслы ўазыйпа және ўәкилликлер – Энергетика министрлигине;

 

– электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлердиң өз ўақтында және толық өндирилиўин тәмийинлеў, тутыныўшылардың қарыздарлығын кемейтиў, сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ сатылыўы және тутынылыўын есапқа алыў бойынша ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери – «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖның аймақлық мәкемелерине;

 

– электр энергиясы ҳәм газ бөлистириў тармақларына нызамға қайшы түрде жалғаныў, талан-тараж етиў жағдайларын анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыўға байланыслы ўәкилликлер – «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖның аймақлық мәкемелери және тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына;

 

– электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди абайлап сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша тутыныўшылардың ҳуқықый мәдениятын және жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы ўазыйпа ҳәм ўәкилликлер – Энергетика министрлиги, «Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ ҳәм «Ҳудудгазтаъминоти» АЖға;

 

– энергиялық ресурслар ушын есапласыўды тәмийинлеў системасын комплексли анализлеў, системалы машқалаларды анықлаў, жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўға байланыслы ўазыйпалар – Энергетика министрлигине.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.