Бүгин Түркменстан аймағынан кирип келген ыссы ҳаўа нәтийжесинде соңғы күнлерде бақланған салқын ҳаўа райы әсте-ақырын шегинеди. Өзбекстанның орайлық ҳәм шығыс аймақларында ҳаўа 33-35 градусқа шекем ысыйды. Бундай температура усы күнлер ушын тән болған нормадағы көрсеткишлерге жақын келеди. Арқа, қубла ҳәм шөл зоналарында ыссы ҳаўа күшлирек болып, температура 38-40 градусқа жетеди, бул болса нормадан 2-4 градусқа жоқары болып табылады, деп хабар берди «Өзгидромет».

 

Ҳәптениң ақыры ҳәм келеси ҳәптениң басында ыссы ҳаўа райы Өзбекстан аймағын толық қамтып алады. Әсиресе, екшемби ҳәм дүйшемби күнлери оғада ыссы болыўы күтиледи. Термометр көрсеткиши усы күнлерде 39-42 градусқа шекем, қубла аймақларда ҳәм Наўайы, Бухара ўәлаятларының шөл зоналарында 43-44 градусқа шекем көтериледи. Бул орташа көп жыллық нормалардан 5-8 градусқа жоқары болып есапланады.

 

Ыссы ҳаўаның кирип келиўи самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи менен биргеликте бақланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.