БИЙДАЙ – 2020

Шымбай районы Қызыл-ɵзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  Шаўдырбай Бердимуратов басқарған «Айдарбекова-Айсара» фермер хожалығы өткен жылы 45 гектар майданға гүзлик бийдай туқымын сеўип, оннан бир тегис нәл алыўға еристи. Усы өнип шыққан бийдайларға агротехникалық тәрбия жумыслары жүргизилиўи нәтийжесинде бүгинги күнге келип атызларда мол зүрәәт топланды. Ҳәзирги күнлери атыз басында ғәлле орым-жыйыны жумыслары қызғын алып барылмақта.

Ш.Бердимуратов ҳәр  жылы бийдайдан мол ɵним жетистирип, белгиленген шәртнамалы режени артығы менен орынлап келмекте. Быйылғы жылы да белгиленген шәртнамалы режени артығы менен орынлап шыққан хожалық ағзалары ҳәзирги ўақытлары жетистирилген өнимди сепситпей жыйнап алыў ушын қызғын мийнет етпекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги