Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм тийисли шөлкемлерден дүзилген топар ўәкиллери ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылған жумыслар менен танысыў мақсетинде Беруний районында болды.

Ҳәзирги ўақытта аўыллық жерлерде жасаўшылар арасында өз шаңарағына қосымша дәрамат табыў ушын пайдалы ис болған наўқан қуртын бағыў жумыслары қызғын алып барылмақта. Cонлықтан, топар ағзалары  «Наўайы» АПЖдағы наўқан қуртын бағып өзин-өзи бәнт етип, шаңарағына қосымша дәрамат таўып атырған шаңарақлар менен танысты.

Районда быйылғы пилле жетистириў мәўсиминде 135 тонна пилле жетистириў режелестирилген болып, усы жумысларға райондағы 1635 ҳаял-қызлар тартылып, олардың бәнтлиги тәмийинленген. Көпшилик пуқаралар бул жумысты шаңарағы менен бирге көп жыллардан берли ислеп киятырғанлығы себепли, наўқан қуртынан мол өним алыўдың сырларын терең өзлестирип алған.

– Бүгинги күнде даўам етип атырған пандемия себепли, аўыл халқының айырым бөлегиниң ҳәзирги ўақытта жумыссыз екенлигин есапқа алсақ, наўқан қуртын бағыў қосымша дәрамат табыўдың ең қолайлы дәреги болады, десек қәтелеспеймиз,-дейди он еки жыл даўамында наўқан қуртын бағыў менен шуғылланып киятырған Рано Раманова. – Наўқан қуртын баққан адамның үйине берекет дарыйды. Себеби, наўқан қурты өзиниң өмирин гиреўге қойып пилле орайды ҳәм ақыр-соңында жипек гүбелекке айланады. Бунда өзгеше мәнис бар, мийнет кеўилге нур береди, кейпиятты көтереди.

Топар ағзалары ҳаял-қызлар менен сәўбетлесип, олардың машқалаларын үйренди ҳәм пикир-усынысларын тыңлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги