Усы жылдың 12-июнь күни Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң Өзбекстан Республикасы аэропортларында «Ашық аспан» режимин енгизиў ҳаққындағы буйрығы тастыйықланды. Бул ҳаққында ӨзР Транспорт министрлиги хабар берди.
Буйрық тийкарында «Ашық аспан» режими 2020-жылдың 1-августынан баслап ИАТА «Қыс 2022-2023» мәўсими жуўмақланғанға шекем еки жыл мүддетке оны узайтыў ямаса шәртлерди өзгертиў имканияты менен Өзбекстан Республикасының Қаршы, Нөкис, Термиз, Бухара, Наўайы, Үргениш, Әндижан, Ферғана, Наманган ҳәм Самарқанд қалаларындағы аэропортларында «бесинши ҳаўа еркинлиги» ҳуқықын қоллаған ҳалда енгизиледи.
Сондай-ақ, буйрыққа муўапық, Нөкис қаласындағы аэропорта «Ашық аспан» режими ҳеш қандай шеклеўлерсиз енгизиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.