Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасындағы 38 улыўма билим бериў мектебиндеги 48 вариатив бағдардағы 10-11-класс оқыўшылары пандемия ўақытында аралықты сақлаған ҳалда биринши мәрте жоқары оқыў орынларына кириў ушын Республикалық оқыў-методикалық орайының «variativ klasslar ushin test» телеграмм каналы арқалы онлайн түрде тест тапсырды.

Министрлик тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, «Variativ klasslar ushin test» телеграмм каналында 5 бағдар бойынша 1200 оқыўшы 3 тилде (өзбек, қарақалпақ, рус) үйлеринде отырып онлайн-тест тапсырып, өзлериниң билимлерин сынап көриў мүмкиншилигине ийе болды.

Ҳәзирги карантин себепли ҳәмме де репетиторға барып таярлық көре алмайды. Сонлықтан. «variativ klasslar ushin test» » телеграмм каналында 15-июньнан баслап тестке таярлаў курслары ашылды.

Енди ҳәр ҳәптеде бир мәрте 10-11-класс оқыўшыларының жоқары оқыў орынларына кириўге таярлық көриўи ҳәм өзлериниң билимлерин сынақтан өткерип барыўы ушын онлайн тестлерден өтип турыўы және жоқары оқыў орынларына таярлық көриўи ушын кең мүмкиншилик бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги