Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары Б.Искендеров ҳәм Н.Елмуратовалар бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте социаллық жәрдемге мүтәж имканияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў мақсетинде «Мәденият» МПЖ да жасайтуғын имканияты шекленген 1-топар майыбы А.Нуримова ҳәм Ы.Хощановалардың шаңарағында болды.

Олардың денсаўлығы медициналық тексериўден өткерилип, оларға азық-аўқат өнимлери, медициналық нықаплар және антисептикалық қураллар тапсырылды.

– Мен үйде бос отырмай тигиўшилик пенен де шуғылланаман,-дейди Ырысгүл Хощанова. – Бизлердиң жағдайымыздан хабар алып машқалаларымызды тыңлағаны ҳәм материаллық және руўхый жақтан жәрдем берип киятырғаны ушын ҳәкимияттан, мәҳәлле басшыларынан, депутатлардан миннетдармыз.

Ушырасыўларда олар менен сәўбетлесиў өткерилип, оларды қыйнап киятырған мәселелер бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги