Социаллық тармақларда ишки ислер бөлими хызметкери тәрепинен медициналық нықапсыз жүрген пуқараға күш ислетилгенлиги бойынша тарқалған видеокөринистеги жағдайлар Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен көрип шығылмақта. Бул ҳаққында ҚР прокуратурасы хабар берди.

 

Анықланыўынша, усы жылдың 14-июнь күни саат 11:30 ларда Миллий гвардияның ҚР басқармасы, Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының хызметкерлери тәрепинен «COVID-19» вирусы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған илажда Нөкис қаласы, Х.Абдамбетов көшеси бойында жайласқан автомобильлерге аўысық бөлеклерди сатыў ушын арналған саўда дүканларының алдында медициналық нықапсыз жүрген пуқара М.У. топар ағзалары тәрепинен тоқтатылып, түсиник хатын бериў соралған, бирақ пуқара түсиник хатын бериўден бас тартып, ўақыя орнынан қашыўға ҳәрекет еткенинде оған профилактика инспекторы тәрепинен тосқынлық етилген.

 

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы профилактика инспекторы Р.Б.ның ис-ҳәрекетлери бойынша хызмет тексериўи тайынланған.

 

Тексериў нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи, деп жазылған ҚР Прокуратурасының хабарында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.