Елимизде жетистирилип атырған өнимлердиң экспорты есабынан мәмлекетлик бюджетке валюта келип түсиўин тәмийинлеў бүгинги күнде үлкен әҳмийетке ийе. Бул бойынша исбилерменлик субъектлерине бажыханаларда ҳәр қыйлы қолайлықлар жаратылған болып, экспорт ҳәм импортлық товарлардың тез ўақыт ишинде ҳеш қандай иркинишсиз бажыхана рәсмийлестирилиўинен өтиўи де сүйениш болмақта.

Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, басқарманың «Төрткүл» сыртқы экономикалық бажыхана постының өзинде усы жылдың январь-май айларында 16 миллион 594 мың АҚШ доллары муғдарындағы 32 мың 386 тонналық товарлардың экспорты әмелге асырылған. Жақында дүнья стандартлары талапларына жуўап беретуғын имаратқа көшип өткен бул пост хызметкерлери тәрепинен 80 нен аслам сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына өз жумысларын әмелге асырыўда жақыннан жәрдем көрсетилген.

Мәселен, райондағы “TO’RTKO’L SHISHA IDISHLARI” ЖШЖ өткен дәўир ишинде дерлик 191 мың АҚШ доллары муғдарындағы 779 тонна шийше ыдысларды экспорт еткен. Кәрхана өнимлери Түркменстан, Россия, Грузия сыяқлы еллерге экспорт етилмекте.

Кәрхана жақын келешекте жаңа сыртқы базарларға кирип барыўы бойынша шәртнамаларға ийе болды. Өним көлемин және де көбейтип, жумыс орынларын арттырыў бойынша жумыслар алып бармақта.

Усы кәрханаға өткен жыллар даўамында өндиристи раўажландырыўы ушын Қытай ҳәм Россиядан алып келинген көплеген заманагөй үскенелери ушын бажыхана төлемлеринен 7,5 миллиард сумнан аслам бажыхана жеңилликлери берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги