Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мойнақ районында жаңадан балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайын қурыў бойынша басламасын иске асырыў, мәмлекетимизде жас әўлад тәрбиясына бағдарланып алып барылып атырған үлкен жумысларға мүнәсип үлес қосыў, балалардың дем алыўы көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, ул-қызларымыздың жазғы дем алысларының мазмунлы ҳәм кеўилли өтиўин шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен Мойнақ районында жаңадан «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайы қурып питкерилди.

 

 

Бул орай ул-қызларымыздың кеўилли дем алыўы ҳәм саўалланыўын шөлкемлестириў менен шекленбей, ал олардың интеллектуаллық дәрежелерин раўажландырыў, өзлери қызыққан бағдарлар бойынша билимлерин беккемлеўге хызмет ететуғын орын сыпатында жумыс баслады.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен коронавирус пандемиясы жәрияланғанлығы себепли, бүгинги күнде республикамызда халықтың, әсиресе, балалардың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде, социаллық аралықты тәмийинлеў ушын мәўсимниң биринши гезегинде бул орай 150  баланы  қабыллады.

Быйыл 15-июнь күни усы «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайының ашылыў салтанаты болып өтти.

Орайдың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қ.Рафиков, тийисли министрликлер ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм ата-аналар қатнасты.

 

 

Ашылыў салтанатында сөзге шыққанлар соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм дөретиўшилик жумыслардың әҳмийетине, әсиресе, жас әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлықлар нәтийжесинде мәмлекетимиз балаларының бахытлы ҳәм шадлы турмыста жасап атырғанлығын атап өтти.

Буннан соң, жаңадан қурып питкерилген «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайының рәмзий гилти орай директоры З.Сайтбековаға тапсырылды.

 

 

Усы орайдың қурылысында жәўлан урып мийнет еткен, қурылысқа белсене қатнасқан бир қатар қурылысшыларға, сондай-ақ, «Кәсиплик аўқамлары – балаларға» акциясы шеңберинде кәсиплик аўқамлары тәрепинен балаларға саўғалар тапсырылды.

– Орайда барлық қолайлықларға ийе болған мәнаўият-мәрипат бөлмеси, бай китап фондына ийе заманагөй мәлимлеме-ресурс орайы, керекли әсбап-үскенелер ҳәм ең соңғы үлгидеги ағартыўшылық көргизбелерине ийе дөгерек ханалары, қызықлы ҳәм мазмунлы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге арналған сахналар қурылған,-дейди орай директоры З.Сайтбекова. – Денетәрбиясы шынығыўлары ушын арналған футбол, баскетбол, волейбол майданшалары, балалар жүзиў бассейни спорт әнжамлары менен жетерли дәрежеде тәмийинленген.

 

 

 

 

Сондай-ақ, 250  орынға мөлшерленген жатақхана, барлық шараятларға ҳәм қолайлықларға ийе болған асхана, жуўыныў ханалары, ата-аналар ушын террасалар қурып питкерилди. Буннан тысқары, орай әтирапындағы 5 гектар жерге  3000 ға шамалас мийўели ҳәм декоратив тереклер отырғызылып, үлкен бағ жаратылды. Орай бир гезекте 250 баланы қабыл етип, жаз мәўсиминде 6 гезекте жумыс ислеп 1500 баланы қабыл етиў мүмкиншилигине ийе.

 

 

Жаңадан  қурып  питкерилген «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайы өз жумысын усы жылдың 13-июнь күни баслап, Хожели районындағы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп–интернатының оқыўшылары орайдың биринши дем алыўшылары болды.

 

 

«Ақ кеме» – үмит кемеси, келешекке болған исеним нышаны сыпатында балаларымызды үлкен шыңларға талпындырады.

 

 

Илаж соңында мәденият хызметлери ҳәм балалар дем алыў орайында дем алып атырған балалардың атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

 

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.