Күни кеше Пекинниң Фентай районындағы «Синфади» ири көтере саўда базарында импорт етилген лосось балығын бөлеклейтуғын тахта бетинде коронавирус анықланған  еди. Бул ҳәдийсе қала ҳүкиметин қатты қәўетерге салып қойды. Ҳәзирги ўақытта районда әскерий жағдай енгизилген, жәмийетшиликтиң  саламатлығына байланыслы айрықша жағдай дәрежеси II басқышқа көтерилди.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Россиядағы ўәкили Мелита Вуйнович бул ўақыяға түсиник берип, Пекинниң «Синфади» базарында анықланған коронавирус ол жерге инсан арқалы келген болыўы мүмкин екенлигине итибар берди. Бирақ, ҳәзирде бул ҳәдийсе бойынша  қытайлы илимпазлардың изертлеў нәтийжелери күтилип атырғанын да қосымша етти ол.

«Ол жерде Қытай ҳүкимети  Жер жүзилик  денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен тығыз бирге ислесиўде жумыс алып бармақта. Биз олардан нәтийже күтип атырмыз. Вирус анықланғанына келсек, ҳәзирше анығын билмеймиз, бирақ ол инсан арқалы келген болыўы мүмкин. Бирақ биз қытайлы илимпазлардың нәтийжелерин күтип атырмыз. Олар қандай вирус екенлигин  айтыўы керек. Вирус жәмийеттеги бизге таныс сол коронавирус па ямаса және қандай да бир жерде пайда болған ба. Ҳәзир бир нәрсе деп айтыў қыйын»,-деди Вуйнович «Россия 24» телеканалына.

 

ӨзА