АҚШ ҳүкимети Вашингтон ҳәм Пекин арасындағы қатнасықлардың кескинлесиўи артынан Гонконгтың ең абырайлы районларынан биринде жайласқан мүлклерин сатыўға қойды. Бул ҳаққында «Bloomberg» Мәмлекетлик департаменти тәрепинен берилген электрон хатқа тийкарланып билдирген.
Агентликтиң хабарында АҚШ ықтыярында болған, Гонконгтың атаўдағы бөлиминиң қубла аймағында жайласқан Шусон Хилл районындағы жерлер, бир неше саўлатлы имаратлар – шама менен 1,3 миллиард доллар баҳаға ийе объектлердиң сатылыўы атап өтилген. Мәлим болыўынша, бул мүлкти Мәмлекетлик департамент 1948-жылы сатып алған.
Бурын Вашингтон Қытай Халық ўәкиллери кеңесиниң Гонконг миллий қәўипсизлиги ҳаққында нызамды ислеп шығыў ҳаққындағы резолюциясын кескин сынға алған еди. Америка ҳүкимети бул аймақтың автономиялық ҳуқықларының бузылыўын билдириўин айтып, ҳәзирги ҳәрекетке қарсы санкциялар менен жуўап бериўди ўәде еткен еди. Жума күни АҚШ президенти Дональд Трамп усы ўақытқа шекем Гонконг өз-ара байланысларда пайдаланып келген барлық жеңилликлерди бийкар етиў процесиниң басланғанын жәриялады.
ӨзА