Аметов Мақсетбай Калбаевич– Мойнақ районлық халық билимлендириӯ бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

М.Аметов усы күнге шекем Мойнақ районлық халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 4-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң директоры лаўазымында ислеген.

Мағлыўмат ушын, алдынғы Мойнақ районлық халық билимлендириӯ бөлими баслығы Сахиев Айдарали Махамбеталиевич Мойнақ районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ бөлими баслығы лаӯазымына тайынланған еди.