Республика аймағына 25-май күни Иран тәрептен ыссы ҳаўаның кирип келиўине себепши болған жоқары барик өркеш (бәлентликтеги жоқары басымлы қатлам) тәсири сақланып турады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Бәлентликтеги жоқары басымлы қатлам ҳәптениң ақырына шекем елимиздиң ҳаўа райына тәсир етеди. Ҳаўа райы тийкарынан азлы-кем бултлы болып, 27-28-май күнлери самалдың тезлиги секундына 17-22 метрге шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ҳаўаның температурасы 40-41 градусқа шекем жетеди. Бул май айының соңғы күнлери ушын тән болған көп жыллық көрсеткишлерден 5-7 градусқа жоқары ҳәм ең ыссы болған жылларда усындай күнлерде бақланған температуралардан бираз төмен болып табылады.

 

Ертең, 26-май күни Қарақалпақстанда ҳаўа бираз бултлы болып, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнги ўақытларда 17-22 градус, күндиз 36-41 градус болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.