Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында мәҳәллелерде бәнтликти тәмийинлеў ҳәм мийнет миграциясын тәртипли шөлкемлестириў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.
Бәнтлик ҳәм халықтың дәраматын арттырыў – мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары. Усы мақсетте көплеген экономикалық-социаллық бағдарламалар әмелге асырылмақта. Жаңадан жойбарлар иске қосылмақта. Исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге кеңнен жол ашылған.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен барлық аймақларда Сайхунабад тәжирийбеси әмелге асырылып атыр. Жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслардың район ҳәм мәҳәллелер кесиминдеги орынланыўы бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, ҳәр бир мәҳәллеге социаллық комплекс шөлкемлериниң басшылары бириктирилген. Олар сол жердеги кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислесип, адамлардың дәраматын арттырыўға жәрдемлеспекте. Буның ушын арзан кредитлер, субсидия ҳәм жеңилликлер қаратылып атыр. Агросанаат қәнигелери менен бирге, халықтың қыйтақ жерлеринде дәраматлы егинлер егилип атыр.
Президентимиз жумыслар ҳәмме жерде де бирдей шөлкемлестирилмей атырғанын көрсетип өтти. Бүгинги қыйын жағдайда адамларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиўдиң бирден-бир жолы ишки имканиятларды толық жумсаў екенин атап өтти.
Пуқараларды сырт елде жумыс ислеўге тәртипли ҳәм қәўипсиз жибериў, елимизге қайтқанлардың бәнтлигин тәмийинлеў де әҳмийетли ўазыйпалардан. Сол себепли Бәнтлик министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жумысы реформаланбақта. Барлық аймақларда «Сырт елге жумыс – мәҳәлледен» принципи жолға қойылмақта.
Жетерли маманлығы болмаған пуқаралар кәсип-өнерге қосымша оқытылады, сырт елли жумыс бериўшилердиң талабына қарап мақсетли таярланады. Усы тийкарда жақын мүддетлерде 150 мың адамды дәраматы жоқары мәмлекетлерге жибериў мөлшерленген.
Мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларға да айрықша итибар қаратылады. Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында оларға қыйтақ жерде өним жетистириў, исбилерменлигин ашыўға шөлкемлестириў-финанслық жәрдем бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
Миграция бойынша бирден-бир мәлимлеме платформасын жаратып, «мәҳәлле жетилиги» системасы менен интеграциялаў, сырт елде қыйын жағдайға түсип қалған ўатанласларымызға жәрдемлесиў зәрүр екени атап өтилди.
ӨзА