Нөкис қаласындағы Амфитеатрда мәденият ҳәм көркем өнер бағдары бойынша өткерилип киятырған “Жаслар ҳаўазы”  Бўзатов FEST фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан жеңимпаз болған жас талант ийелери  ҳәм мийманлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиздиң мыңлаған жасларын бирлестирген фестивальдың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.

“Бозатаў талантларды анықлайды!” сүрени астында  2021-жылдан бери өткерилип киятырған таңлаўдың мақсети, мәмлекетимиздиң жасларын Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў, талантлыларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў, үлкен сахналарда өз өнерлерин көрсетиўи ушын кеңнен жол ашып бериў, ҳәўескер ҳәм профессионал дөретиўшилерди хошаметлеўден ибарат. “Таңлаў қатнасыўшылары 10-15, 16-22 ҳәм 23-30 жас категорияларында бақсышылық, дәстүрий атқарыўшылық,  опера ҳәм эстрада бағдарларында өз өнерлерин көрсетеди. Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын музейлерге, республикамыздың дыққатқа ылайықлы орынларына саяхатлар шөлкемлестириў режелестирилген.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың гала концерти менен даўам етти.





 Таңлаўдың жуўмақлаўшы гала концерти ҳәм жеңпимпазларды сыйлықлаў мәресими 16-май күни Бозатаў районында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги