Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Кавказ мусылманлары басқармасының баслығы шайхулислам Оллоҳшукур Пошшозодадан қутлықлаў келди. Хатта, соның ишинде, былай делинген:

«Биз ушын жарқын ҳәм қәдирли Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларымды билдиремен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!  Бул байрам маған кеўлимдеги сөзлерди және бир мәрте Сизге жеткериў, ҳәр бир шаңараққа тынышлық ҳәм абаданлық, пүткил Өзбекстан халқына раўажланыў тилеў имканиятын жаратқанынан қуўанышлыман. Мен жеке өзиңизди жоқары қәдирлеймен, Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаның тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, руўхый тамырлары бирдей болған халықларымыздың арасындағы қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған дана мәсләҳәтлериңиз ҳәм пикир-усынысларыңызға үлкен әҳмийет қаратаман.

Усы күнлерде Сиз, Уллы Мәртебели Мырза – Өзбекстанның белгили перзентине ең жақсы тилеклеримди билдирип, Сизге Жаратқанның алғыслары жаўылыўын келиўин, Алла таала табысларыңызды зыяда етиўин, туўысқан Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.»

 

ӨзА