Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен дем алыс ўақтында студентлердиң билим алыў дәрежесин аралықтан турып қоллап-қуўатлаў мақсетинде TAS-IX  тармағында https://tube.edu.uz видеопорталы иске қосылды.

Бул видеопорталға елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң ең қәнигели профессор-оқытыўшылары тәрепинен жаратылған видеосабақлар турақлы түрде жайластырылып барылады.

Еслетип өтемиз, усы күнге шекем министрлик тәрепинен дем алыс ўақтында студентлердиң билим алыў дәрежесин аралықтан турып қоллап-қуўатлаў мақсетинде Телеграм социаллық тармағында видеосабақлардан ибарат арнаўлы @eduuz_online каналы иске түсирилди.

Сондай-ақ, «UzReport» телеканалының дөретиўшилери менен биргеликте академиялық лицей оқыўшылары ушын «Teledars» көрсетиўи эфирге қойылмақта.

Қалаберди, 23-марттан министрлик ҳәм «Менинг Юртим»  телеканалы биргеликте инглис тили ҳәм психологиядан телесабақлар басланды.

 

ӨзА